Ўазшы 3 bob
1 Ҳәр нәрсениң өз мәҳәли бар, қуяш астындағы ҳәр истиң өз ўақты бар.
2 Туўылыўдың да, өлиўдиң де өз ўақты бар. Егиўдиң де, егисти жыйнаўдың да өз ўақты бар.
3 Өлтириўдиң де, шыпа бериўдиң де өз ўақты бар, Бузыўдың да, қурыўдың да өз ўақты бар.
4 Жылаўдың да, күлиўдиң де өз ўақты бар, Жоқлаў айтып жылаўдың да, ойынға түсиўдиң де өз ўақты бар.
5 Тас атыўдың да, оны жыйнаўдың да өз ўақты бар, Қушақласыўдың да, оннан өзин тыйыўдың да өз ўақты бар.
6 Излеўдиң де, жоғалтыўдың да өз ўақты бар, Сақлап қойыўдың да, таслап жибериўдиң де өз ўақты бар.
7 Жыртыўдың да, тигиўдиң де өз ўақты бар, Үндемеўдиң де, сөйлеўдиң де өз ўақты бар.
8 Сүйиўдиң де, жек көриўдиң де өз ўақты бар, Урыстың да, тынышлықтың да өз ўақты бар.
9 Жумысшы ислеген мийнетинен қандай пайда табады?
10 Инсанлардың тер төгиўи ушын, Қудай берген аўыр жумысларды көрдим.
11 Қудай ҳәмме нәрсени өз ўақтында әжайып етип жаратты. Ол адамларға дәўирди түсиниў мүмкиншилигин берди. Сонда да адам Қудайдың ислеген ислерин басынан ақырына дейин түсине алмайды.
12 Адам ушын өмирде рәҳәтленип жасаўдан ҳәм жақсылық ислеўден артық ҳеш нәрсениң жоқ екенин билдим.
13 Егер адам ишип-жесе ҳәм өз мийнетиниң рәҳәтин көрсе, бул оған Қудайдан берилген сый.
14 Және де, Қудай ислеген ҳәр бир истиң мәңгиге өзгермейтуғынын билдим. Оннан ҳеш нәрсе алынып, оған ҳеш нәрсе қосылмайды. Қудай адамлардың Өзинен қорқыўы ушын усылай иследи.
15 Ҳәзир не болса, өтмиште де сол болды, Келешекте болатуғынлар ҳәзир де болып атыр, Қудай болып өткенлерди және қайтарар.
16 Мен қуяш астында мына нәрсени: Әдалат қарар табыўы тийис орында нызамсызлықты, әдиллик иске асыўы тийис орында жаўызлықты көрдим.
17 Сонда мен ишимнен: «Қудай жақсыны да, жаманды да ҳүким қылады. Ол ҳәр бир нәрсе ҳәм ҳәр бир ис ушын ҳүким қылатуғын ўақыт белгилеген», – дедим.
18 Және, адамлар туўралы ишимнен былай дедим: «Қудай адамлардың өзлериниң де ҳайўанлардай екенин көрсетиўи ушын, оларды сынайды».
19 Адамлардың басына түскен нәрсе ҳайўанлардың да басына түседи: адамлар да өледи, ҳайўанлар да өледи. Екеўинде де бирдей жан бар, адамның ҳайўаннан үстинлиги жоқ. Аўа, ҳәммеси бийҳуда.
20 Екеўи де бир жерге барады, топырақтан жаратылған, топыраққа қайтады.
21 Адам баласының руўхы жоқарыға көтериле ме, ҳайўанның руўхы төменге, жер астына кире ме, буны ким биледи?
22 Сонда мен адам ушын өз мийнетинен рәҳәтлениўден басқа жақсы нәрсениң жоқ екенин түсиндим. Оның пайына тийген нәрсе усы. Өзинен кейин бул дүньяда не болатуғынын оған ким көрсете алады?