Ўазшы 4 bob

Дүньядағы қыйыншылықлар (1-6), Жалғызлықтың бийҳудалығы (7-12), Жоқарылаўдың бийҳудалығы (13-16), Қудай менен қарым-қатнас (17).

1 Мен қуяш астында болып атырған езиўшиликлерди көрдим: Жәбирленгенлердиң көз жасларын көрдим, Оларды жубатыўшы жоқ еди. Күш езиўшилер тәрепинде еди. Ал езилгенлерге тәселле бериўши де жоқ.
2 Сонда мен өлип кеткен марҳумлардың жағдайының, Тирилердиң жағдайынан жақсырақ екенин түсиндим.
3 Бирақ еле туўылмағанлар, Булар екеўинен де бахытлырақ. Олар қуяш астында исленип атырған жаўыз ислерди көрмеди.
4 Мен және адамның пүткил мийнети ҳәм истеги жетискенлиги адамлар арасында қызғаныш туўдыратуғынын көрдим. Бул да бийҳуда, бул да самалдың изинен қуўғанға уқсайды.
5 Ақылсыз қолларын қаўсырып алып, өзиниң етин өзи жейди.
6 Тынышлық пенен алынған бир уўыс зат, Самалдың изинен қуўып, аўыр мийнет етип тапқан бир қосыўыс заттан жақсырақ.
7 Мен қуяш астында және бир бийҳудалықты көрдим:
8 Бир жалғыз баслы адам бар еди. Оның перзенти де, туўысқаны да жоқ еди. Ол тыным таппай мийнет етер, Көзлери де байлыққа тоймас еди. Ол өзинен: «Мен ким ушын мийнет етип, Өзимди рәҳәтлениўден маҳрум етип атырман?» – деп сорамайды. Бул да бийҳуда, аўыр бир дәрт.
9 Биреўден екеў жақсы, Олар мийнетине жақсы сый алады.
10 Егер биреўи қуласа, екиншиси турғызады. Ал егер жалғыз адам қуласа, Оны турғызатуғын адам болмайды.
11 Еки адам бирге жатса, жыллы жатады. Ал жалғыз жатқан адам қалай жылынады?
12 Егер биреў жалғыз болса, жеңилер, Екеў болса, қарсы тура алар. Үш жиптен есилген арқан тегинликте үзилмес.
13 Берилген кеңеске қулақ аспайтуғын ақылсыз ғарры патшадан, жарлы, бирақ ақыллы жигит жақсырақ.
14 Сондай жигит патшалықта жарлы болып туўылып, қамақханада отырған болса да, ол қамақханадан шығып, патша болып көтерилиўи мүмкин.
15 Мен қуяш астында жасап атырған ҳәр бир адамның патшаның орнына отырған сондай жигиттиң изине ергенин көрдим
16 Оның изине ерген халық есап-сансыз болса да, кейинги урпақлардың оған кеўли толмайды. Аўа, бул да бийҳуда, бул да самалдың изинен қуўғанға уқсайды.
17 Қудайдың Үйине барғанда, қәдемиңди ойлап бас! Ол жерге ислеген жаманлығының парқына бармайтуғын ақылсызлар сыяқлы тек қурбанлық бериў ушын барғаннан гөре, тыңлаў ушын барған жақсырақ.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.