Ўазшы 5 bob

Байлықтың бийҳудалығы (7-19).

1 Тилиң сөйлеўге асықпасын. Қудайдың алдында сөз сөйлеўге жүрегиң асықпасын. Қудай аспанда, сен болсаң, жердесең. Сонлықтан гәпиң қысқа болсын.
2 Машқала көп болғанда, адам көп түс көретуғыны сыяқлы, Көп сөйлегенде, ақылсызлық жүзеге келеди.
3 Қудайға ўәде берсең, оны орынлаўды кешиктирме. Ол ақылсызларды унатпайды. Ал сен ўәдеңди орынла.
4 Ўәде берип, орынламағаннан гөре, ўәде бермегениң жақсырақ.
5 Тилиңниң сени гүнаға баслаўына жол қойма ҳәм Қудайдың руўханийине: «Ўәде берип, қәте қылдым», – деме. Сөзлериң менен Қудайдың ғәзебин келтирме. Болмаса, Ол қолларың менен ислеген ислериңди жоқ қылады.
6 Көп сөйлеў де, көп түс көриў де пайдасыз. Жақсысы, Қудайдан қорқ!
7 Егер сен бир жерде жарлыға зулымлық қылынып, әдиллик ҳәм ҳақлықтың аяқ асты етилип атырғанын көрсең, буған ҳайран болма. Себеби ҳәмелдардың үстинен қадағалаўшы үлкени бар, ал олардың үстинен қадағалаўшы олардан да үлкениреги бар.
8 Ҳәр бир адам жердиң өнимине өш, ҳәтте, патша да атыздан алынған өнимнен өзиниң пайын алады.
9 Пулды сүйген, пулға тоймас, Байлықты сүйген байлыққа тоймас. Бул да бийҳудалық.
10 Мал-дәўлет көбейсе, оларды ислетиўшилер де көбейеди. Сонда байлықтың ийеси өз байлығына телмирип, қызықсынып қараўдан басқа не пайда табады?
11 Жумысшы аз жесе де, көп жесе де тыныш уйықлайды. Ал байды байлығы уйқыдан маҳрум қылады.
12 Мен қуяш астында және бир қайғылы ўақыяны көрдим: Жыйналған байлық ийесине зыян келтирди.
13 Бул байлық әўметсизлиги себепли жоқ болып кетти, Улы туўылғанда, Улына ҳеш нәрсе қалдыра алмады.
14 Адам анадан қалай жалаңаш туўылған болса, Бул дүньядан да солай кетеди. Ислеген мийнетиниң жемисинен Ҳеш нәрсени де қолларына алып кете алмайды.
15 Мынаў да аўыр қайғылы нәрсе: Адам қалай келген болса, солай кетеди. Онда қуры далаға мийнет етиўдиң не кереги бар?
16 Ол өмир бойы нанын қараңғылықта жейди, Қыйыншылықты, кеселликти ҳәм ашыўшақлықты бастан кеширеди.
17 Мен инсан ушын жақсы ҳәм әжайып нәрсе – бул Қудайдың өзине берген қысқа өмири ишинде ишип-жеў, қуяш астында ислеген барлық мийнетиниң рәҳәтин көриў екенин билдим. Инсанға тийген пай – усы.
18 Егер Қудай адамға мал-мүлик ҳәм байлық берсе, оған усы нәрселерден пайдаланыўға, өз үлесин алып, мийнетинен рәҳәтлениўге жол ашса, онда бул Қудайдан берилген сый.
19 Қудай оның жүрегин қуўанышқа толтырып қойғанлықтан, бундай адам қанша өмири кетип, қаншасы қалғанлығы туўралы кем ойлайды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.