Еремия 29 bob

Сүргиндегилерге жазылған хат (1-23), Шемая туўралы билдириў (24-32).

1 Пайғамбар Еремия Ерусалимнен Бабилонияға Набуходоносор тәрепинен тутқын қылып алып кетилген тутқынлар арасында аман қалған ақсақалларға, руўханийлерге, пайғамбарларға ҳәм пүткил халыққа Ерусалимнен хат жоллады.
2 Бул хат Ехония патша менен оның анасы, сарай хызметкерлери, Яҳуда ҳәм Ерусалим басшылары, өнерментшилер ҳәм темиршилер Ерусалимнен сүргин етилгеннен кейин жазылд.
3 Хат Яҳуда патшасы Седекияның Бабилония патшасы Набуходоносорға жиберген адамлары, Шафан улы Эласа ҳәм Хилкия улы Гемария арқалы берип жиберилди. Хатта былай деп жазылған еди:
4 «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси Өзи Ерусалимнен Бабилонияға сүргин еткен ҳәр бир адамға былай дейди:
5 Үйлер қурып, орналасың, бағ егип, оның жемисин жең.
6 Үйленип, ул-қызлы болың. Улларыңызды үйлендирип, қызларыңызды турмысқа бериң. Олардан да уллар ҳәм қызлар дүньяға келсин. Ол жерде азаймаң, қайта көбейиң.
7 Mен сизлерди тутқын етип жиберген қаланың абаданшылығын тилең. Ол қала ушын Жаратқан Ийеге дуўа етиң, сизлердиң абадан турмыс кешириўиңиз оның абаданшылығына байланыслы.
8 Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Араңыздағы пайғамбарлар менен палкерлериңизге өзиңизди алдатпаң. Олар көрген түслерин айтқанда қулақ салмаң.
9 Олар Мениң атым менен сизлерге жалған пайғамбаршылық айтады. Оларды Мен жибермедим, – дейди Жаратқан Ийе.
10 Жаратқан Ийе былай дейди: Бабилонияда болғаныңызға жетпис жыл толғанда, Мен сизлерге нәзер аўдарып, сизлерди усы жерге қайтарып алып келемен деген ийгиликли ўәдемди орынлайман.
11 Мен сизлер ушын дүзген жобаларымды Өзим билемен, – дейди Жаратқан Ийе. – Бул жобаларым сизлерге апат емес, ал абаданшылық алып келеди, келешекке үмит бағышлайды.
12 Сонда сизлер Мени шақырасыз, келип, Маған дуўа етесиз. Мен де сизлерди еситемен.
13 Сизлер Мени излейсиз, егер шын жүректен излесеңиз, табасыз.
14 Аўа, Мени табасыз, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен сизлердиң абаданшылығыңызды қайта тиклеймен. Мен сизлерди қуўғын қылған жерлеримниң ҳәммесинен, барлық миллетлер арасынан жыйнап аламан, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен сизлерди қай жерден сүргин қылған болсам, сол жерге қайтып алып келемен.
15 Бирақ сизлер: „Жаратқан Ийе Бабилонияда бизлерге пайғамбарлар берди“, – дейсиз.
16 Жаратқан Ийе Даўыттың тахтында отырған патша ҳаққында, бул қалада қалған пүткил халық ҳаққында, сизлер менен сүргинге кетпеген туўысқанларыңыз ҳаққында билдирди.
17 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен оларға қылыш, ашлық ҳәм иллет жибердим. Оларды жеўге болмайтуғын ширик әнжирдей қыламан.
18 Қылыш, ашлық ҳәм иллет пенен олардың изинен қуўып, жер бетиндеги барлық патшалықларды қорқынышқа саламан. Мен оларды қуўып жиберген миллетлер арасында олар ғарғысқа қалып, қорқыныш қуралына айланады, табаланып, жек көринши болады.
19 Себеби олар Мениң сөзлеримди ҳәм қайтақайта өзлерине жиберген қулларым пайғамбарлардың сөзлерин тыңламады, – дейди Жаратқан Ийе.
20 Сонлықтан ҳәй, барлық сүргиндегилер, Ерусалимнен Бабилонияға сүргин қылғанларым, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
21 Мениң атым менен сизлерге жалған пайғамбаршылық қылған Қолая улы Ахаб пенен Маасея улы Седекия ҳаққында Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Оларды Бабилония патшасы Набуходоносорға тәслим етемен. Ол екеўин де сизлердиң көз алдыңызда өлтиреди.
22 Солай етип, Яҳудадан Бабилонға сүргин етилгенлер арасында: „Жаратқан Ийе сени Бабилония патшасы тирилей отта жаққан Седекия ҳәм Ахабтай қылсын“, – деген ғарғыс пайда болады.
23 Олар Израилда жарамас ислерди иследи, қоңсыларының ҳаяллары менен бузықшылық қылды, Мен буйырмасам да, Мениң атымнан жалған сөзлерди айтты. Мен буларды билемен ҳәм Өзим оларға гүўаман, – дейди Жаратқан Ийе».
24 – Нехеламлы Шемаяға айтыңлар:
25 «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Сен Ерусалимдеги пүткил халыққа, Маасеяның улы руўханий Сефанияға ҳәм басқа барлық руўханийлерге өзиңниң атыңнан былай деп хатлар жоллапсаң:
26 „Руўханий Еҳояданың орнына Жаратқан Ийе сени руўханий етип тайынлады. Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қадағалаўшысы сыпатында, өзин пайғамбар етип көрсеткен ҳәр бир телбени кисенлеп, темир буғаў менен буғаўлаўың керек.
27 Солай екен, не ушын араңызда пайғамбаршылық қылып жүрген анатотлы Еремияға шара көрмедиңиз?
28 Себеби ол бизлерге, Бабилонияға хат жоллап: „Сүргин узақ даўам етеди. Өзлериңизге үйлер қурып, оларда жасаңлар. Бағлар отырғызып, олардың мийўесин жеңлер“, – деп жазыпты“».
29 Руўханий Сефания бул хатты пайғамбар Еремияға еситтирип оқыды.
30 Сонда Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
31 – Сүргиндегилердиң ҳәммесине мына хатты жибер: «Жаратқан Ийе нехеламлы Шемая ҳаққында былай дейди: „Мен оны жибермеген болсам да, Мениң атымнан сизлерге пайғамбаршылық қылып, жалғанға исендирди.
32 Мен нехеламлы Шемаяны ҳәм оның урпақларын жазалайман. Оның әўладынан ҳеш бири бул халық арасында жасамайды ҳәм халқыма ислейтуғын жақсылығымды көрмейди, – дейди Жаратқан Ийе. – Себеби ол Маған қарсы сөйледи“».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.