Еремия 3 bob
1 «Егер биреў ҳаялы менен ажырасса, Ҳаял кетип, басқа биреўге турмысқа шықса, Биринши күйеўи оны қайта ҳаяллыққа алар ма еди? Бул арқалы жер пүткиллей ҳарамланбай ма? Сен көплер менен ойнаслық қылдың, Енди Маған қайтып келмекшимисең? – дейди Жаратқан Ийе. –
2 Көз жиберип, тақыр төбелерге нәзер сал, Сен бузықшылық қылмаған орын қалып па? Шөлдеги қарақшы сыяқлы, Жол шетинде отырып, ойнасларыңды аңлыдың. Бузықшылығың ҳәм жаўыз ислериң менен, Жерди ҳарамладың.
3 Сонлықтан жаўын жаўмады, Бәҳәрдеги нөсер де қуймады. Сен намыссыз жезөкшеге уқсадың, Уяттың не екенин билмедиң.
4 Енди болса: „Әке, жаслығымнан Сен мениң достым едиң,
5 Қәҳәриң мәңгиге даўам ете бере ме?“ – дейсең. Усылай айта тура, Қолыңнан келген жаманлықларды ислей бересең.»
6 Иошия патшаның дәўиринде Жаратқан Ийе маған былай деди: – Сен опасыз Израилдың ислеген ислерин көрдиң бе? Ол ҳәр бир бийик төбешикте ҳәм ҳәр бир қойыў жапырақлы теректиң астында бузықшылық қылды.
7 Буларды ислеп болғаннан кейин, ол маған бет бурар деп ойлаған едим. Бирақ ол қайтпады, буны бийопа сиңлиси Яҳуда да көрди.
8 Ислеген барлық бузықшылығы ушын, Мен опасыз Израилға талақ хат берип, қуўып жибергенимде де, оның бийопа сиңлиси Яҳуда буннан қорқпастан, бузықшылық ислегенин көрдим.
9 Бузықшылық Израил ушын ҳеш нәрсе еместей болып көринди, ол тас ҳәм ағашлар менен бузғынлық ислеп, жерди ҳарамлады.
10 Булардың ҳәммесине қарамастан, Израилдың бийопа сиңлиси Яҳуда шын жүректен емес, ал жалғаннан Маған қайтып келди, – дейди Жаратқан Ийе.
11 Жаратқан Ийе маған былай деди: – Опасыз Израил бийопа Яҳудадан әдилирек болып шықты.
12 Барып, бул сөзлерди арқаға жәрияла: «Опасыз Израил, Маған қайт! – дейди Жаратқан Ийе. – Мен мийримлимен, енди саған ғәзебимди шашпайман, – дейди Жаратқан Ийе. – Мәңгиге қәҳәрленип жүрмеймен.
13 Тек айыбыңды мойынла: Сен Қудайың Жаратқан Ийеге қарсы бас көтердиң, ҳәр бир қойыў саялы теректиң астында басқа қудайларға кеўил бердиң. Мениң даўысыма қулақ аспадың, – дейди Жаратқан Ийе.
14 Ҳәй бийопа халық, Маған қайт! – дейди Жаратқан Ийе. – Себеби Мен сениң хожайыныңман. Мен сизлерди қаладан биреўден, урыўдан екеўден алып шығарып, Сионға алып бараман.
15 Сизлерге Өз кеўлимдегидей шопанларды беремен. Олар сизлерди билим ҳәм түсиник пенен бағады.
16 Сизлер бул жерде өсип-өнип, сан-санақсыз болғаныңызда, – дейди Жаратқан Ийе, – халық артық Жаратқан Ийениң Келисим сандығы туўралы айтпайды. Ол туўралы енди ойламайды, еске де алмайды, оны күсемейди, және қайтадан оны соқпайды.
17 Сол ўақытта Ерусалим Жаратқан Ийениң тахты деп аталады ҳәм Жаратқан Ийениң аты ҳүрмети пүткил миллетлер Ерусалимге жыйналады. Буннан былай, олар жаўыз жүреклериниң қыңырлығын қылмайды.
18 Сол күнлерде Яҳуда халқы менен Израил халқы биригип, арқадағы жерлерден шығып, Мен ата-бабаларына мүлик етип берген жерге келеди+.
19 Мен сизлерди де балаларым қылып алып, Әжайып бир жерди, Барлық миллетлердиң гөззал мийрасларын бермекши едим. Сизлер Мени „Әкем“ дейсиз, Меннен ҳеш жүз бурмайсыз, деп ойлаған едим.
20 Бирақ ҳаялдың күйеўине опасызлық қылғаны сыяқлы, Израил халқы, сизлер де Маған опасызлық қылдыңыз! – дейди Жаратқан Ийе.
21 Жалаңаш төбелерден бир даўыс еситиледи, Бул Израил халқының аҳыў-наласы менен пәрияды. Өйткени олар жолдан шықты, Қудайы Жаратқан Ийени умытты.
22 Ҳәй, бийопа перзентлер, кери қайтыңлар, Мен сизлерди опасызлықтан емлеймен. Халық былай дейди: „Мине, Саған қайтып киятырмыз, Себеби Қудайымыз Жаратқан Ийе Сенсең.
23 Ырасында да, төбелерде табынып, Таўларда салған шаўқым-сүренлер жалған. Ҳақыйқатында, Қудайымыз, Жаратқан Ийе Израилды қутқарады.
24 Жаслығымыздан ата-бабаларымыздың мүлки болған, Майда ҳәм ири малларын, Ул ҳәм қызларын жеркенишли бут жалмап жутты.
25 Келиңлер, шерменделигимизди бүркенип, Масқарашылықты жамылып алайық. Себеби Қудайымыз Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислеп келдик, Ата-бабаларымыз да, бизлер де, Жаслығымыздан усы күнге дейин, Қудайымыз Жаратқан Ийениң даўысына қулақ салмадық.“»