Еремия 40 bob

Еремия Гедалияның қасында болады (1-6), Яҳуда ҳәкими Гедалия (7-16).

1 Бабилонияға сүргин етилген пүткил Ерусалим ҳәм Яҳуда тутқынлары менен бирге Еремия да шынжыр менен байланып, Рамаға алып барылды. Ол жерде сақшылар баслығы Набузарадан Еремияны таўып, оны босатты. Сонда Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти.
2 Сақшылар баслығы Еремияны қасына шақырып алып, оған былай деди: – Қудайың Жаратқан Ийе бул елге апатшылық жаўдыражағын айтқан екен.
3 Мине, оны жаўдырып, айтқанындай қылды. Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислегениңиз ҳәм Оған қулақ салмағаныңыз себепли болып отыр.
4 Бүгин мен сени қолыңдағы шынжырлардан азат етемен. Егер мениң менен Бабилонға кетиўди қәлесең, жүр, мен саған көзқулақ боламан. Егер кетиўди қәлемесең, онда қал. Мине, пүткил ел алдыңда жатыр! Қай жаққа кетиўди қәлесең, яки қай жаққа кетиўди нәзериңде туўры деп тапсаң, сол жерге кете бер.
5 Еремия жуўап берип үлгермей-ақ, Набузарадан сөзин даўам етти: – Бабилония патшасы тәрепинен Яҳуда қалаларына ҳәким етип қойылған Шафанның ақлығы Ахиқам улы Гедалияның жанына бар. Оның менен бирге халық арасында жасай бер. Ямаса қай жаққа кетиўди қәлесең, сол жаққа кет. Сақшылар баслығы оған азық-аўқат ҳәм саўғалар берип, босатып жиберди.
6 Еремия Миспадағы Ахиқамның улы Гедалияның жанына кетти. Миспаға барып, оның менен бирге елде қалған халықтың арасында жасад.
7 Далаларда бой тасалап қалған барлық әскербасылар ҳәм олардың адамлары Бабилония патшасының Ахиқам улы Гедалияны ҳәким қылып қойғанын ҳәм сүргинге алып кетилмеген жарлы еркеклерди, ҳаялларды ҳәм балаларды оған тапсырғанын еситти.
8 Сонда Натания улы Исмайыл, Қареах уллары Юханан менен Ионатан, нетофалы Танхумет улы Серая, нетофалы Эфай уллары, маахалы Езания ҳәм олардың әскерлери Миспаға Гедалияға келди.
9 Шафанның ақлығы Ахиқам улы Гедалия оларға ҳәм олардың әскерлерине ант ишип, былай деди: – Калдейлерге хызмет етиўден қорқпаң. Елге орналасып алып, Бабилония патшасына хызмет етиң, сонда абадан турмысқа ерисесиз.
10 Мен бул жерге келетуғын калдейлерге ўәкиллик қылыў ушын Миспада жасап қаламан. Сизлер шарап, жазғы мийўелер ҳәм зәйтүн майын жыйнап, сақлап қойыңлар да, өзлериңиз орналасып алған қалаларда жасай бериңлер.
11 Моабта, аммонлардың арасында, Эдомда ҳәм басқа еллерде жасап атырған яҳудийлердиң ҳәммеси Бабилония патшасы Яҳудада бир топар адамларды қалдырғанын, оларға Шафанның ақлығы Ахиқамның улы Гедалияны ҳәким қылып қойғанын еситти.
12 Олардың ҳәммеси сүргин қылынған жерлердиң бәринен Яҳуда жерине, Миспаға, Гедалияның алдына қайтып келди. Олар сол жерде көп мийўе жыйнап, мол шарап таярлады.
13 Қареах улы Юханан менен шөл даладағы әскербасылар Миспадағы Гедалияға келип,
14 оған: – Аммонлардың патшасы Баалистиң сизди өлтириў ушын Нетания улы Исмайылды жибергенинен хабарыңыз бар ма? – деди. Бирақ Ахиқам улы Гедалия буған исенбеди.
15 Кейин Қареах улы Юханан Миспада жасырын түрде Гедалияға: – Келиң, мен барып, Нетания улы Исмайылды өлтирейин, буны ҳеш ким билмейди. Не ушын сизди өлтириўине, жаныңызға жыйналғанлардың тарқап кетиўине ҳәм Яҳудада қалғанлардың набыт болыўына жол қойыўымыз керек? – деди.
16 Бирақ Ахиқам улы Гедалия Қареах улы Юхананға: – Булай ислеме, сен Исмайыл туўралы жалған айтып турсаң, – деди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.