Еремия 48 bob
1 Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси Моаб туўралы былай дейди: – Небоның соры қурып, қарабақанаға айланады. Кирятайым масқара болып, басып алынады. Шерменде болып, қорғаны ўайран етиледи.
2 Моабтың даңқы сөнеди. Хешбонда душпанлары оған қарсы жоба дүзеди, «Келиң, бул миллетти қуртайық», – деседи. Мадмен қаласы, сениң сестиң өшеди, Қылыш сени қуўалайды.
3 Хоронайымнан дад-пәрияд еситиледи: «Уллы қырғыншылық ҳәм ўайраншылық».
4 Моаб қулады, Балалары шыңғырып жыламақта.
5 Өкирип жылаўы менен, Лухит бийиклигине көтериледи, Хоронайымға түсетуғын жолда, Қырғынның зарлы даўысын еситеди.
6 Қашыңлар, бас саўғалаңлар! Шөлдеги жыңғыл путасындай жан сақлаңлар.
7 Моаб, сен ислеген ислериң ушын, Байлығыңа үмит байлағаның ушын қолға алынасаң. Руўханийлери ҳәм ҳәмелдарлары менен, Кемош сүргин етиледи.
8 Жаратқан Ийениң айтқанындай, Ҳәр бир қаланы қырып таслаўшы келеди, Бирде бир қала аман қалмайды, Ойпатлық набыт болады, Тегислик жер менен жексен болады.
9 Моабқа қәбир тасын қойың, Оның қалалары шөлге айланады, Ол жерде ҳеш ким жасамайды.
10 Жаратқан Ийениң тапсырған исин, Немқурайды орынлағанға, Оның қылышын қан төгиўден тоқтатқанға нәлет жаўсын!
11 Моаб жаслығынан бийқәтерликте, Тындырылған шараптай тыныш жасады. Оны ыдыстан ыдысқа қуймады, Сүргинге алып кетпеди. Сонлықтан оның дәми сақланып қалған, Хош ийиси өзгермеген.
12 Бирақ оны ыдыстан ыдысқа өзгертетуғын адамларды жиберетуғын күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе. – Оны төгеди, ыдысларын босатады ҳәм гүзелерин шыл-пәрше етеди.
13 Израилдың өзлери исенген Бейт-Эл себепли уятқа қалғанындай, Моаб та Кемош себепли уятқа қалады.
14 Сизлер қалайынша: «Бизлер мәрт жаўынгерлермиз, Саўашқа таяр батырлармыз», – дейсиз.
15 Моаб ўайран қылынады, Қалалары басып алынады, Сайланды жигитлери қырып тасланады, – дейди, Аты Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Патша.
16 Моабқа қырғын жақынласпақта, Апат оған желдей ушып келмекте.
17 Айналасында жасайтуғынлар ол ушын жылаңлар, Оның атын билетуғынлар жоқлаў айтып: «Ўаҳ, қүдиретли ҳаса, Даңқлы таяқ қалай сынды?» – деңлер.
18 Қыз Дибон турғынлары! Салтанатлы орныңыздан түсип, Қурғақ жерде отырың. Моабты қырғын қылған сизлерге келип, Қорғанларыңызды ўайран қылады.
19 Ароер турғынлары! Жол жағасында турып, нәзер салың, Қашқан еркектен ҳәм қутылған ҳаялдан: «Не болды?» – деп сораң.
20 Моаб масқара болды, жоқ қылынды! Пәрияд етиң, өкирип жылаң! Моабтың ўайран болғанын, Арнон сайында жәрия етиң.
21 Тегисликтеги мына қалалар үстинен ҳүким шығарылды: Холон, Яҳаса, Мефаат,
22 Дибон, Небо, Бейт-Диблатайым,
23 Кирятайым, Бейт-Гамул, Бейт-Меон,
24 Керийот, Босра ҳәм Моабтың узақ ҳәм жақын ҳәр бир қаласы.
25 Моабтың шақы сынды, қолы кесилди, – дейди Жаратқан Ийе.
26 – Оны мәс болғанынша ишкизиң, Себеби ол Жаратқан Ийеге көкирек көтерди. Моаб өз қусығына өзи аўнап жатсын, Адамларға күлки болсын.
27 Сен Израилдың үстинен күлмедиң бе? Ол туўралы сөз болса, бас шайқайтуғындай, Ол не урлық үстинде усланып па еди?
28 Моаб турғынлары! Қалаларыңызды таслап, Жартаслар арасында жасаң. Уясын үңгирдиң аўзына салған, Кептердей болың.
29 Бизлер Моабтың тәкаббирлиги, Оның аса менменлиги, Өркөкиреклиги менен бәлентпәрўазлығы, Мақтаншақлығы ҳәм паңпаңлығы туўралы еситтик.
30 Мен оның сурбетлигин билемен, – дейди Жаратқан Ийе, – Оның мақтанғанлары бос, ислери пуш.
31 Сол себепли Моаб ушын зарлап, Пүткил Моаб ушын жылайман, Кир-Херес халқы ушын жоқлаў айтаман.
32 Сибманың жүзимзарлары! Сениң ушын Язер ушын жылағанымнан да көбирек жылайман. Сениң шақаларың теңизден асып өтип, Язерге дейин созылды. Қырғын қылыўшы жазғы жемисиңе, Писип турған жүзимиңе ҳүжим етти.
33 Моабтың бағ-бақшаларынан, атызларынан, Шадлық ҳәм қуўаныш тартып алынды. Жүзим сығылатуғын шуқырлардан, Ағатуғын шарапқа шек қойдым. Онда енди қосық айтып жүзим басқыланбайды. Шаўқым-сүрен бола береди, Бирақ ол қуўаныш шаўқымы емес.
34 Олардың пәрияд етип бақырған даўысы, Хешбоннан Элале ҳәм Яҳасқа дейин, Соардан Хоронайымға ҳәм Эглат-Шелишияға дейин еситиледи. Ҳәттеки, Нимрим суўлары да қурып қалды.
35 Мен Моабтағы сыйыныў орынларында қурбанлық бергенди, Өз қудайларына түтетки түтеткенди, Жоқ қыламан, – дейди Жаратқан Ийе.
36 Сол себепли жүрегим сырнай киби, Моаб ушын сызлайды. Кир-Херес халқы ушын, Жүрегим сырнай киби ыңыранады. Себеби олар қолға киргизген байлығынан журдай болды.
37 Ҳәр бир адам шашын алдырып, сақалын қырқып, Қолларын тилип жарақатлап, Аза кийимин кийген.
38 Моабтың барлық үшеклери менен майданларында, Ғалаба жыласқан даўыслар еситиледи. Себеби Мен Моабты керексиз ыдыстай сындырып тасладым, – дейди Жаратқан Ийе.
39 Ўаҳ, Моаб қандай шыл-пәрше болды! Олар қатты бақырып жыламақта! Моаб шерменделиктен жүзин жасырмақта! Ол күлкиге қалып, Әтирапындағылар ушын қорқынышқа айланды.
40 Жаратқан Ийе былай дейди: – Қараң, қанатларын Моаб үстине жайып, Душпан бүркит киби ушып жүр.
41 Керийот қолға түседи, Қорған қалалар басып алынады. Сол күни Моаб жаўынгерлериниң жүреги, Толғатып атырған ҳаялдикиндей болады.
42 Моаб Жаратқан Ийеге қарсы бас көтергени ушын, Халықлар арасынан жоқ қылынады.
43 Моаб турғынлары! Сени қорқыныш, шуқыр ҳәм дузақ күтпекте, – дейди Жаратқан Ийе.
44 – Қорқыныштан қашқан шуқырға, Шуқырдан шыққан дузаққа түседи. Өйткени Мениң Моабты, Жазалайтуғын жылым келди, – дейди Жаратқан Ийе.
45 – Ҳалдан тайған қашқынлар, Хешбонның саясында тоқтайды. Бирақ Хешбон қаласынан от, Сихон патшаның қаласынан жалын шығып, Моаб елин жандырып, Қозғалаңшы халқын жалмайды.
46 Моаб, сорың қурысын! Қудай Кемоштың халқы набыт болды, Улларың сүргинге айдалды, Қызларың тутқынға алынды.
47 Бирақ ақырғы күнлерде Мен Моабтың, Абаданшылығын қайтарып беремен, – дейди Жаратқан Ийе. Моабтың жазасы усы жерде жуўмағына жетеди.