Еремия 9 bob

1 – Қәнекей, басым суў толы қудық, Көзлерим көз жас шығатуғын булақ болса еди! Халқымның қаза тапқанлары ушын, Күни-түни жоқлаў айтып, жылар едим!
2 Қәнекей, шөлде мен ушын бир кәрўан сарай болса еди! Халқымды таслап, олардан узақласар едим! Себеби олардың ҳәммеси бузық, Опасызлар жыйындысы.
3 – Олар жалған ушын тиллерин оқ жай киби ийеди, Наҳақлықтың арқасынан олар жерде күшейип бармақта, Жаўызлық үстине жаўызлық қылмақта, Мени ҳасла танымайды, – дейди Жаратқан Ийе. –
4 Ҳәр бириңиз өз достыңыздан сақланың, Туўысқанларыңыздың бирде биреўине исенбең. Себеби ҳәр бир туўысқан жалғаншы, Ҳәр бир дос өсекши.
5 Ҳәр ким өз достысын алдайды, Ҳеш ким ҳақыйқатты сөйлемейди. Тиллерин жалған сөйлеўге үйреткен, Қылмыс ислеў менен өзлерин ҳарықтырды.
6 Сен, Еремия, өтирикшилер арасында жасап атырсаң, Өтирикшилиги себепли олар Мени таныўдан бас тартады, – дейди Жаратқан Ийе.
7 Сонлықтан Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: – Мен оларды отта еритип, сынақтан өткеремен. Халқымның жаман исине буннан басқа не қылайын?
8 Олардың тиллери өлтиретуғын оқ, Ҳийле менен сөйлейди, Досты менен көзабаға жақсы сөйлеседи, Бирақ ишинен оған дузақ қурады.
9 Булар ушын Мен оларды жазаламайын ба? – дейди Жаратқан Ийе, – Бундай миллеттен өш алмайын ба?
10 – Мен таўлар ушын жылап-сықлап, Даладағы жайлаўлар ушын жоқлаў айтаман. Олар күйип, шөлге айланды, Ҳеш ким ол жерден өтпейди, Маллардың даўысы да еситилмейди. Қуслар да, ҳайўанлар да ол жерден қашып кеткен.
11 – Мен Ерусалимди тас үйиндисине, Сағаллардың мәканына айландыраман. Яҳуда қалаларын шөлге айландырып, Адамсыз бос қалдыраман.
12 Буны түсиниўге кимниң даналығы жетеди? Бул жердиң не ушын қурып, ўайран болып, ҳеш ким жүрмейтуғын шөлге айланғанын бизге түсиндиретуғындай, Жаратқан Ийениң аўзынан шыққан сөзди ким алып, жәриялады?
13 Жаратқан Ийе былай дейди: – Олар Мениң өзлерине берген Нызамымды орынлаўдан бас тартты, даўысыма қулақ аспады ҳәм Нызамыма сай жасамады.
14 Керисинше, олар қайсарлық пенен өз жүрек қәлеўлерине берилип, ата-бабалары үйреткениндей, Баалларға ерди.
15 Соның ушын Әлемниң Жаратқан Ийеси Израилдың Қудайы былай дейди: – Мен бул халыққа ашшы жуўсан жегизип, зәҳәрли суў ишкиземен.
16 Мен оларды өзлери де, ата-бабалары да танымайтуғын миллетлердиң арасына тарқатып жиберемен. Олар толық қырылып болмағанша, изине қылыш саламан.
17 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: – Ойланып көриң! Жоқлаў айтып жылайтуғын ҳаялларды шақырың! Олардың ең шеберлерин алдыртың!
18 Жылдам келип, бизлер ушын жыласын, Көзимизден жас шығарып, Қабағымыздан суўдай ағызсын.
19 Сионнан жоқлаў айтып жылаған даўыс еситиледи: «Бизлер ўайран болдық! Қатты уятқа қалдық! Жеримизди тәрк еттик, Мәканымыз жер менен жексен болды».
20 Ҳәй, ҳаяллар, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң! Аўзынан шыққан сөзге қулақ салың! Қызларыңызға жылаўды, Олардың досларына жоқлаў жырын айтыўды үйретиң.
21 Көшелерде балаларды, Майданларда жасларды қырып таслаў ушын, Өлим әйнеклеримизге тырмасып, Қорған қалаларымызға кирди.
22 Оларға айт, Жаратқан Ийе былай дейди: – Адамның өли денелери, Ашық даладағы қый сыяқлы, Орақшылардан қалған масақ сыяқлы шашылып жатады. Оларды жыйнап алатуғын ҳеш ким болмайды.
23 Жаратқан Ийе былай дейди: – Дана адам даналығы менен, Күшли күши менен, Бай байлығы менен мақтанбасын.
24 Мақтанған адам Мени түсингени ҳәм танығаны менен, Жер жүзинде сүйиспеншилик, Әдалат ҳәм туўрылықты жүзеге асыратуғын, Жаратқан Ийе Мен екеним менен мақтансын. Булардан Мен рәҳәтленемен, – дейди Жаратқан Ийе.
25 Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – тек көзабаға сүннетленгенлердиң ҳәммесин жазалайман.
26 Мысырды, Яҳуданы, Эдомды, аммонларды, Моабты ҳәм шөлде жасап, тулымшақларын кесетуғынлардың ҳәммесин жазалайман. Өйткени бул миллетлердиң бәри сүннетсиз, пүткил Израил халқының да жүреги сүннетсиз.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.