Езекиел 18 bob
1 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 «Не ушын сизлер Израилда: „Әкелери қышқыл жүзим жейди, балаларының тиси қамасады“, – деген нақылды қолланасыз?
3 Мен, Қудай Ийе тирилигим ҳақы ант ишемен: бул нақылды Израилда енди айтпайтуғын боласыз.
4 Билип қойың: ҳәр бир тири жан Маған тийисли. Әкениң де, баланың да жаны Меники. Тек гүна қылған адам өледи.
5 Ҳақ адам әдалатлы ҳәм туўры болған нәрсени ислейди.
6 Ол төбешиклердеги бутларға арналған қурбанлық мәресимине қатнаспайды, Израил халқының бутларына көз салмайды, басқаның ҳаялын ҳарамламайды ҳәм етек кири келген ўақтында ҳаялға жақынламайды.
7 Ҳеш кимге зулым қылмайды, гиреўге алған затын қайтарып береди, таланшылық қылмайды, аш адамға нан, жалаңашқа кийим береди.
8 Өсим ушын қарыз бермейди, үстеме алмайды, наҳақлықтан қолын тыяды, еки адам арасындағы даўды әдиллик пенен шешеди.
9 Ол Мениң қағыйдаларыма әмел қылады, нызамларымды шын жүректен орынлайды. Бундай адам – ҳақ адам, ол сөзсиз жасайды, – дейди Қудай Ийе.
10 – Бирақ усы ҳақ адамның қан төгип жүрген, бир қарақшы баласы болып, ол усы надурыс нәрселерден бирин ислесе,
11 яғный әкеси ислемеген исти қылып, төбешиклердеги бутларға арналған қурбанлық мәресимине қатнасса, басқаның ҳаялын ҳарамласа,
12 жарлы ҳәм кәмбағалға зулым қылса, таланшылық қылса, гиреўге алған затын қайтарып бермесе, бутларға табынса, жеркенишли ислерди ислесе,
13 өсим ушын қарыз берип, үстеме алса, онда ол аман қалар ма екен? Ол аман қалмайды. Бундай жеркенишли ислерге қол урған адам сөзсиз өлтирилиўи тийис. Өлимине өзи себепши болады.
14 Егер бундай адамның перзенти болса ҳәм ол әкеси ислеген барлық гүналарды көре тура, әкесине еликлемесе,
15 яғный төбешиклердеги бутларға арналған қурбанлық мәресимине қатнаспаса, Израил халқының бутларына көз салмаса, жақынының ҳаялын ҳарамламаса,
16 ҳеш кимге зулым қылмаса, қарыздардан гиреў талап қылмаса, таланшылық қылмаса, ашқа нан, кийимсизге кийим берсе,
17 кәмбағалды жәбирлемесе, өсим ҳәм үстеме алмаса, Мениң нызамларыма бойсынып, қағыйдаларыма әмел қылса, онда ол әкесиниң гүнасы ушын өлмейди, ол жасайды.
18 Ал әкеси өз гүнасы ушын өледи. Себеби ол зулымлық қылды, туўысқанын талады, өз халқы арасында жарамас ислерди иследи.
19 Сизлер: „Не ушын перзент әкениң гүнасы ушын жуўап бермейди?“, – деп айтасыз. Себеби перзент әдил ҳәм туўры ислерди иследи. Мениң барлық қағыйдаларыма муқыятлы түрде әмел қылды. Ол сөзсиз жасайды.
20 Тек гүна қылған адам өледи. Перзент әкениң, әке болса, перзенттиң гүнасы ушын жуўапкер емес. Ҳақ адам ҳақлығының, наҳақ адам өз наҳақлығының жуўабын алады.
21 Егер наҳақ адам ислеген барлық гүналары ушын тәўбе қылып, Мениң барлық қағыйдаларыма әмел қылса, әдил ҳәм туўры ислерди ислесе, ол жасайды, өлмейди.
22 Ол қандай қылмыс ислемесин, ҳеш бири еске алынбайды, ол ислеген әдил ислери себепли жасайды.
23 Мен наҳақ адамның өлимин қәлеймен бе? – дейди Қудай Ийе, – Мен оның жаман жолдан қайтыўын ҳәм жасаўын қәлемеймен бе?
24 Егер ҳақ адам өз ҳақлығынан тайып, наҳақ ис тутса, жаўызлар киби барлық жеркенишли ислерди ислесе, ол жасай ма? Ол ислеген ҳәмме әдалатлы ислер еске алынбайды, ал өзи ислеген қыянети ҳәм гүнасы ушын өледи.
25 Сизлер: „Ийениң жолы туўры емес“, – дейсизлер. Тыңлаң, Израил халқы! Мен тутқан жол натуўры ма? Сизлердиң жолыңыз натуўры емес пе?
26 Егер ҳақ адам ҳақлығынан тайып, натуўры ислер ислесе ҳәм усы себепли өлсе, онда ол өзи ислеген гүнасы ушын өледи.
27 Егер наҳақ адам өз наҳақлығынан қайтып, әдил ҳәм туўры ислерди қылса, ол өз өмирин сақлап қалады.
28 Ол өзи ислеген барлық қылмысларына көз жиберип, олар ушын тәўбе қылғаны себепли жасайды, өлмейди.
29 Сондай болса да, Израил халқы: „Ийениң жолы туўры емес“, – дейди. Мениң жолым натуўры ма, Израил халқы? Натуўры жол сизлердики емес пе?
30 Буның ушын, Израил халқы, сизлердиң ҳәр бириңизди өз жолларыңызға бола ҳүким етемен, – дейди Қудай Ийе. – Тәўбе қылың, барлық гүналарыңыздан қайтың, қылмысларыңыз сизлерди набыт қылмасын.
31 Ислеген барлық гүналарыңыздан жүз бурып, өзлериңизге жаңа жүрек ҳәм жаңа руўх алың. Израил халқы, сизлерге өлиўдиң не кереги бар?
32 Мен ҳеш кимниң өлимин қәлемеймен, – дейди Қудай Ийе. – Жаман жолдан қайтың ҳәм жасаң!»