Езекиел 25 bob
1 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 – Инсан улы, жүзиңди аммонларға қаратып, оларға қарсы пайғамбаршылық қыл.
3 Оларға айт: «Қудай Ийениң сөзин тыңлаң! Қудай Ийе былай дейди: Мухаддес мәканым ҳарамланғанда, Израил жери ўайран қылынғанда ҳәм Яҳуда халқы тутқынға түскенде, „Ҳайҳай“ деп олардың үстинен күлгениңиз.
4 Сонлықтан Мен сизлерди шығыс халықларының ийелигине беремен. Олар елиңизге орда қурып, шатырларын тигеди, өнимлериңизди жеп, сүтиңизди ишеди.
5 Рабба қаласын түйелердиң өрисине, Аммон елин қойлардың қорасына айландыраман. Сонда сизлер Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз.
6 Қудай Ийе былай дейди: Сен қол шаппатлап, аяқ тапырлатып, Израил жерин жек көрип, бахытсызлығына шын жүректен қуўандың.
7 Сонлықтан Мен де саған қарсы қол көтерип, сени халықларға олжа қылып беремен. Сени халықлар арасынан жоқ қыламан, еллер арасынан қуртып, туқымқурт қыламан. Сонда сен Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласаң.
8 Қудай Ийе былай дейди: Моаб пенен Сеир: „Яҳуда халқының басқа халықлардан артықмашлығы жоқ“, – деп айтты.
9 Сонлықтан Моабтың қапталын елдиң мақтанышы болған Бейт-Ешимот, БаалМеон ҳәм Кирятайым қалаларынан баслап ашып таслайман.
10 Моабты аммон халқы менен бирге шығыс халықларының ийелигине беремен. Аммон халқы миллетлер арасында еске алынбайтуғын болады.
11 Мен Моаб үстинен ҳүким шығараман. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
12 Қудай Ийе былай дейди: Эдом қаслық пенен Яҳудадан өш алып, аўыр гүнаға қол урды.
13 Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Эдомға қарсы қолымды көтеремен, ондағы адамларды ҳәм ҳайўанларды жоқ қыламан, ал елди шөлге айландыраман. Теманнан Деданға шекемги халық қылыштан қырылады+.
14 Мен халқым Израилдың қолы менен Эдомнан өш аламан. Олар Эдомда Мениң қәҳәр-ғәзебим менен ҳәрекет етеди. Сонда эдом халқы Мениң өш алыўымның қандай екенин билип алады, – дейди Қудай Ийе.
15 Қудай Ийе былай дейди: Әййемнен душпанлығы болған филистлер яҳудалылардан өш алыўға ҳәрекет етти, жүрегиндеги жек көриўшилик себепли оларды жер менен жексен етип өш алды.
16 Сол себепли Қудай Ийе былай дейди: Мине, Мен филистлерге қарсы қолымды көтерип, керетлерди жоқ қыламан ҳәм олардың теңиз жағасында қалғанларын қырып жиберемен.
17 Ғәзеп пенен жазалап, олардан қатты өш аламан. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».