Езекиел 32 bob
1 Сүргинде болған ўақтымыздың он екинши жылының он екинши айының биринши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 – Инсан улы, Мысыр патшасы фараон ушын былай деп жоқлаў айт: «Сен өзиңди халықлар арасындағы арыслан деп билесең, Бирақ өзиң теңиздеги айдарҳаға уқсайсаң. Дәрьяларыңа бой таслайсаң, Аяқларың менен суўларды басқылайсаң, Тармақларын ылайтасаң.
3 Қудай Ийе былай дейди: Үстиңе торымды таслайман. Көплеген халықлар жыйналып, Торым менен сени тартып шығарады.
4 Сени жерге ылақтыраман, Ашық майданға таслайман. Аспандағы барлық қусларды үстиңе қондыраман, Жер бетиндеги барлық жабайы ҳайўанлар саған тояды.
5 Гөшиңди таўларға жайып таслайман, Ойпатлықларды өлигиңе толтыраман.
6 Жерди таўларға дейин аққан қаныңа қандыраман, Сай-салаларды етиңе толтыраман.
7 Сени гүмдан қылғанымнан кейин, көклерди жаўаман, Ондағы жулдызларды түнертемен, Қуяш жүзин булт пенен қаплайман, Ай да сәўле шашыўын тоқтатады.
8 Аспандағы барлық жақтылық шырақларын, Үстиңде қараңғы қыламан, Жериңди зулмат пенен қаплайман, – дейди Қудай Ийе.
9 – Жер бойлап, сен танымайтуғын халықлар арасында, Сениң қулағаныңды жәриялап, Көп халықлардың жүрегине ғулғыла саламан.
10 Көп халықларды саған ҳайран қалдыраман, Алдында қылыш ойнатқанымда, Олардың патшалары сен себепли қалтырап қорқады. Сен қулаған күни, Ҳәр бири өз жаны ушын ҳәр сәтте титирейди.
11 Қудай Ийе былай дейди: Бабилония патшасының қылышы саған дүбейди.
12 Миллетлердиң ең жаўызы болған, Күшли әскерлердиң қылышы менен, Сениң көп санлы халқыңды қыраман. Олар Мысырдың менменлигин аяқ асты қылып, Сансыз халқын қырып жояды.
13 Мол суўлар жанында бағылып атырған, Пүткил малларын жоқ қыламан, Буннан былай, адам аяғы да, Ҳайўан туяғы да бул суўларды басқыламайды.
14 Сонда суўларды тындыраман, Дәрьяларын майдай болып ағатуғын қыламан, – дейди Қудай Ийе.
15 – Мысыр жерин қаңыратып, бос қалдырғанымда, Оны ҳәмме нәрсесинен журдай еткенимде, Онда жасайтуғынларды қырып таслағанымда, Олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
16 Мине бул, миллетлердиң қызлары айтатуғын жоқлаў. Мысыр ҳәм оның көп санлы халқы туўралы усы жоқлаўды айтады, – дейди Қудай Ийе».
17 Сүргинде болған ўақтымыздың он екинши жылы, айдың он бесинши күни маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
18 – Инсан улы, Мысырдың көп санлы халқы ушын қайғырып жыла. Оларды ҳәм күшли миллетлердиң қызларын гөрге киргенлер менен бирге жер астындағы дүньяға жибер.
19 Оларға былай деп айт: «Сен өзиңди басқалардан унамлыман деп ойлайсаң ба? Түсип, сүннетсизлер менен бирге жат».
20 Олар қылыштан қаза тапқанлардың арасында жан тапсырады. Қылыш берилди. Мысырды ҳәм оның көп санлы халқын қырып таслаң.
21 Өлилер мәканындағы ең күшли сәркәрдалар Мысыр ҳәм оның аўқамласлары туўралы: «Қылыштан өткерилген сүннетсизлер жер астына түсирилди, олар сол жерде жатырыпты», – дейди.
22 Ассирия ҳәм оның пүткил әскерлери сол жерде жатыр. Қылыштан қаза тапқан әскерлериниң қәбирлери әтирапын қоршап алған.
23 Олардың қәбирлери туңғыйықтың ең түбинде, әскерлери оның әтирапында. Тирилер әлеминде қәўип туўдырғанлардың ҳәммеси қылыштан өткерилип өлтирилди.
24 Элам да сол жерде, көп санлы халқы да оның қәбириниң әтирапында. Олардың ҳәммеси қылыштан қаза тапқан. Тирилердиң әлемине қәўип салған бул сүннетсизлер жер астындағы дүньяға түсти. Олар туңғыйыққа түскенлер менен бирге иснатқа қалды.
25 Эламға ҳәм оның көп санлы халқына өлтирилгенлер арасынан орын берилди. Адамлары оның дөгерегине қойылды. Олардың ҳәммеси сүннетсиз болып, қылыштан өткерилген еди. Олар тирилер әлеминде қәўип салған еди, енди туңғыйыққа түскенлер менен бирге иснатқа қалды. Олар қаза тапқанлардың арасына орналасты.
26 Мешех пенен Тубал да сол жерде көп санлы халқы менен бирге жатыр. Адамларының қәбирлери олардың әтирапында. Бул сүннетсизлер де тирилер әлеминде қәўип туўдырғаны ушын қылыштан қаза тапқан.
27 Олар өлилер мәканына қурал-жарақлары менен кирген, қылышлары басына қойылған, сүннет етилмеген батырлар менен бирге жатпайды. Мешех пенен Тубалдың гүналары сүйеклерине орналасып алған. Өйткени олар батырлар киби тирилер әлеминде қәўип туўдырды.
28 Фараон, сен де тас-талқан қылынып, қылыштан қаза тапқанлар менен бирге сүннетсизлер арасында жатасаң.
29 Эдом да өз патшалары ҳәм барлық ҳүкимдарлары менен бирге ол жерде. Күшлилигине қарамастан, олардың ҳәммеси қылыштан қаза тапқанлар менен бирге қойылған. Олар сүннетсизлер ҳәм туңғыйыққа түскенлер менен бирге жатыр.
30 Арқа тәрептиң барлық басшылары менен сидонлылар да сол жерде. Олар күшли болып, қәўип салғанына қарамастан, қаза тапқанлар менен бирге шерменделик пенен ол жерге кирди. Бул сүннетсизлер қылыштан қаза тапқанлар менен бирге жатыр ҳәм туңғыйыққа түскенлер менен бирге иснатқа қалды.
31 Фараон ҳәм оның барлық әскерлери буларды көрип, өзлериниң қылыштан қаза тапқан сансыз халқы ушын тәселле табады, – дейди Қудай Ийе.
32 Мен оларға тирилер әлемине қорқыныш салыўға жол берген болсам да, фараон ҳәм оның сансыз халқы қылыштан қаза тапқанлар менен бирге сүннетсизлердиң арасында жатады, – дейди Қудай Ийе.