Езекиел 38 bob

Гогқа қарсы пайғамбаршылық (1-23).

1 Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2 – Инсан улы, Магог жериндеги Мешех ҳәм Тубалдың уллы ҳүкимдары Гогқа жүзиңди қаратып, оған пайғамбаршылық қыл:
3 «Қудай Ийе былай дейди: Ҳәй, Мешех ҳәм Тубалдың уллы ҳүкимдары Гог, Мен саған қарсыман!
4 Мен сени басқа тәрепке бурып жиберип, жақларыңа қармақ саламан. Сени ҳәм пүткил ордаңды, атларыңды, атлыларыңды, безенип кийинип алып, үлкен ҳәм киши қалқан услаған үлкен топарыңды, қылыш пенен қуралланғанлардың ҳәммесин сүйреп шығараман.
5 Қалқан услап, дуўлыға кийген Персия, Хабашстан ҳәм Пут халықлары,
6 Гомердиң барлық әскерлери, арқадағы алыс журт Тогарма халқының пүткил ләшкерлери, сондай-ақ, көплеген халықлар сениң менен бирге болады.
7 Таяр тур! Жаныңа жыйналған пүткил аламан менен бирге таяр тур. Сен оларға жетекши боласаң.
8 Көп ўақыттан кейин, сен атланысқа шақырыласаң. Соңғы жылларда сен урыстан өзин тиклеп алған бир жерге ҳүжим қыласаң. Бул жердиң халқы көп миллетлерден шығып, узақ ўақыттан бери адамсыз қалған Израил таўларына жыйналған. Оның турғынлары миллетлер арасынан алып келинип, ҳәзир қәўипсиз жасап атыр.
9 Сен даўылдай көтерилесең. Сениң өзиң, ләшкерлериң ҳәм сениң менен болған көп халық елди қаплап алыў ушын, булттай болып келесиз.
10 Қудай Ийе былай дейди: Сол күни сен жаман қыялларға берилип, жаўыз жобалар дүзесең.
11 Сен былай дейсең: „Қорғансыз жерлерге бастырып барып, бийғам, тыныш жасап атырған халыққа ҳүжим қыламан. Олардың дийўалы да, тәмбиленетуғын қапысы да жоқ.
12 Бурын қаңырап бос жатқан, ҳәзир адам мәкан басқан қалаларда жасап атырған халықты талап, олжалайман. Шарўашылық ҳәм саўда менен шуғылланатуғын, миллетлердиң арасынан жыйналып, дүньяның орайында жасайтуғын бул халыққа қол саламан“.
13 Шеба, Дедан, Таршиш саўдагерлери ҳәм оның барлық жолбасшылары сеннен: „Сен талаў ушын келдиң бе? Талан-тараж қылыў, гүмис ҳәм алтын алып кетиў, мал ҳәм байлықты тартып алыў, мол олжалы болыў ушын ләшкер тартып келдиң бе?“ – деп сорайды».
14 Сонлықтан инсан улы, пайғамбаршылық қылып, Гогқа айт: «Қудай Ийе былай дейди: Сол күни халқым Израилдың қәўипсизликте жасап атырғанына сениң көзиң жетеди.
15 Сонда арқадағы алыс журтыңнан көп халықларды: атлыларды, уллы жыйынды ҳәм сансыз ләшкерлерди ертип келесең.
16 Сен жер жүзин қаплаған булт киби, халқым Израилға ҳүжим жасайсаң. Келешекте, ҳәй Гог, Мен сени Өз жериме жиберемен. Миллетлердиң көз алдында, сен арқалы мухаддеслигимди аян етип, миллетлерге Өзимди танытаман.
17 Қудай Ийе былай дейди: Әййемги дәўирлерде қулларым Израил пайғамбарлары арқалы айтқан адамым сен емессең бе? Сол ўақытлары олар Мениң сени израиллыларға қарсы жиберетуғыным туўралы жыллар бойы пайғамбаршылық етти.
18 Гогтың Израил жерине ҳүжим ететуғын күни, – дейди Қудай Ийе, – қәҳәрленип, ғәзебим лаўлайды.
19 Қызғаншақлығым менен ғәзеп отында жанып, сол күни Израил жеринде уллы жер силкиниў жүз беретуғынын жәриялайман.
20 Теңиздеги балықлар, көктеги қуслар, жабайы ҳайўанлар, барлық жер баўырлаўшылар, жер бетиндеги барлық адамлар Мениң алдымда титирейди. Таўлар астан-кестен болады, тик жарлар қулайды ҳәм барлық дийўаллар жер менен жексен болады.
21 Пүткил таўларымда Гогқа қарсы қылыш шақыраман, – дейди Қудай Ийе. – Ҳәр бир адамның қылышы өз туўысқанына қарсы болады.
22 Гогты иллет ҳәм қан төгиў менен жазалайман. Оның ҳәм ләшкерлериниң үстине, жанындағы көп халықлардың үстине ғарқ етиўши жаўын, таслы буршақ, от ҳәм күкирт жаўдыраман.
23 Солай етип, Мен уллылығымды ҳәм мухаддеслигимди көрсетемен ҳәм көп миллетлердиң көз алдында Өзимди аян етемен. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.