Езекиел 39 bob

Гогтың жеңилиске ушыраўы (1-29).

1 – Инсан улы, сен Гогқа қарсы пайғамбаршылық қылып, оған айт: «Қудай Ийе былай дейди: Ҳәй, Мешехтиң ҳәм Тубалдың уллы ҳүкимдары Гог, Мен саған қарсыман!
2 Сени басқа тәрепке бурып жиберемен, узақ арқадан алып шығып, Израил таўларына алып келемен.
3 Шеп қолыңдағы садағыңды ҳәм оң қолыңдағы оғыңды урып түсиремен.
4 Сен пүткил ләшкерлериң ҳәм жаныңдағы халықлар менен бирге Израил таўларында қулайсаң. Сени ҳәр түрли жыртқыш қусларға ҳәм жабайы ҳайўанларға жем қыламан.
5 Сен ашық майданда өлесең. Буны Мен айтып турман, – дейди Қудай Ийе.
6 – Мен Магог жерине ҳәм атаўларда қәўипсиз жасап атырғанларға от жиберемен. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
7 Мен Өзимниң мухаддес атымды халқым Израилға аян етемен. Буннан былай, мухаддес атыма тил тийгизиўине жол қоймайман. Сонда халықлар Израилдың Мухаддеси, Жаратқан Ийе Мен екенимди билип алады.
8 Мине, бул күн келеди ҳәм жүзеге асады, – дейди Қудай Ийе, – яғный сол Мен айтқан күн.
9 Израил қалаларының турғынлары сыртқа шығып, қуралжарақларды, үлкен ҳәм кишкене қалқанларды, оқ жай ҳәм оның оқларын, таяқ ҳәм найзаларды отқа жағады. Олар жети жыл отын болады.
10 Даладан отын тасыўға, тоғайдан отын шабыўға ҳәжет қалмай, қурал-жарақларды отын қылады. Израил халқы өзлерин тонағанларды тонайды, өзлеринен тартып алғанлардан тартып алады, – дейди Қудай Ийе.
11 – Сол күни Мен Израилдан, теңиздиң шығысындағы Жолаўшылар ойпатлығынан Гогқа қәбирстан ушын орын беремен. Ол өткен-кеткенлердиң жолын тосады. Ол жерге Гог пенен оның пүткил ләшкерлери жерленеди ҳәм ол жер „Гогтың сансыз ләшкерлериниң ойпатлығы“ деп аталады.
12 Елди тазалаў ушын, Израил халқы оларды жети ай бойы жерлейди.
13 Елдеги пүткил халық оларды жерлеўге қатнасады. Мен Өзимди даңққа еристирген күним, Израил халқы абырайға ийе болады, – дейди Қудай Ийе.
14 Усы жети ай өткенде, ҳәр күни елди гезип жүретуғын адамлар белгиленеди. Олар менен бирге елди тазалаў ушын көмиўсиз қалған өлилерди көметуғын адамлар да белгиленеди.
15 Елди гезип жүргенлер адам сүйегин көрип қалса, оның қасына белги қойып кетеди. Жерлеўшилер оны алып, Гогтың ләшкерлериниң ойпатлығына жерлейди.
16 Сол жерде Ҳамона деген қала да болады. Олар усылайынша елди тазалайды».
17 Инсан улы, сен болсаң, – дейди Қудай Ийе, – ҳәр түрли қусларға ҳәм барлық жабайы ҳайўанларға былай деп айт: «Мениң сизлер ушын соятуғын қурбанлығыма, Израил таўларындағы уллы қурбанлыққа жән-жақтан жыйналып келиңлер. Ол жерде гөш жеп, қан ишесиз.
18 Башан үлкесинде семиртилип бағылған қошқарлардың, тоқлылардың, текелердиң, буғалардың гөши ҳәм қаны сыяқлы, күшли адамлардың ҳәм дүнья ҳүкимдарларының гөшин жеп, қанын ишесиз.
19 Мениң сизлер ушын соятуғын қурбанлығымнан тойғанша гөштиң майын жеп, мәс болғанша қан ишесиз.
20 Мениң дастурханымнан атларға, атлыларға, күшли жаўынгерлерге ҳәм ҳәр қыйлы әскерлерге тоясыз, – дейди Қудай Ийе.
21 Мен миллетлер арасында уллылығымды аян етемен. Барлық халықлар Мениң шығарған ҳүкимимди ҳәм оларды қүдиретли қолым менен жазалағанымды көреди.
22 Сол күннен баслап, Израил халқы Мениң өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
23 Басқа халықлар Израил халқының Маған қыянет қылғаны себепли, өз жазығы ушын сүргин етип алып кетилгенин биледи. Мен олардан жүзимди жасырдым, оларды душпанлардың қолына бердим ҳәм ҳәммеси қылыштан қаза тапты.
24 Оларға өз напәклигине ҳәм нызамсызлығына жараса ис туттым ҳәм жүзимди олардан жасырдым.
25 Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Енди Мен Яқыпты бурынғы абаданшылығына еристиремен, пүткил Израил халқына реҳим қыламан ҳәм мухаддес атым ҳүрмети қызғанаман.
26 Оларға ҳеш ким қәўип туўдырмай, өз еллеринде қорқынышсыз жасап атырғанында, олар Маған қылған қыянетлери ушын уялады.
27 Оларды халықлар арасынан қайтарып, душпан жерлеринен жыйнап алғанымда, көп миллетлердиң көзиниң алдында олар арқалы Өз мухаддеслигимди аян етемен.
28 Мен оларды халықлар арасына тарқатып жиберген болсам да, кейин ол жерде олардың бирде биреўин қалдырмай өз жерине жыйнағанымда, олар Мениң өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
29 Мен Израил халқының үстине Руўхымды төгемен, енди ҳеш қашан жүзимди олардан жасырмайман, – дейди Қудай Ийе».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.