Езекиел 40 bob

Таза Ибадатхана туўралы аян (1-4), Шығыс дәрўаза имараты (5-16), Сыртқы ҳәўли (17-19), Арқа дәрўаза (20-23), Қубла дәрўаза (24-27), Ишки ҳәўлиге киретуғын дәрўазалар (28-37), Қурбанлықты таярлайтуғын орынлар (38-43), Руўханийлердиң бөлмелери (44-47), Ибадатхана (48-49).

1 Сүргинде болған ўақтымыздың жигирма бесинши жылының биринши айының оныншы күни Ерусалимниң басып алынғанына он төрт жыл болған еди. Сол күни Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде болып, Жаратқан Ийе мени сол жерге алып барды.
2 Аянда Қудай мени Израил елине алып барып, бәлент бир таўдың үстине турғызып қойды. Ол жердиң қубла тәрепинде имаратлар болып, қалаға уқсап турған еди.
3 Мени сол жерге алып барды. Қарасам, дәрўаза алдында бир адам тур. Оның көриниси жылтыраған қоладай болып, қолында зығыр жип ҳәм өлшейтуғын таяқ бар еди.
4 Сол адам маған былай деди: – Инсан улы, көзлериң менен көр, қулақларың менен есит, көрсеткен нәрселеримниң ҳәммесине дыққат қой. Мениң саған көрсетиўим ушын сен бул жерге алып келиндиң. Көргенлериңниң ҳәммесин Израил халқына жеткер.
5 Қарасам, Ибадатхананың сырты айлана дийўал менен қоршалған екен. Сол адамның қолындағы өлшейтуғын таяқтың узынлығы алты шығанақ болып, ҳәр бир шығанақтың узынлығы әдеттеги өлшемнен төрт елиге артық еди. Ол дийўалды өлшеди, дийўалдың қалыңлығы да, бийиклиги де бир өлшеў таяғына тең болды.
6 Кейин ол шығысқа қарап турған дәрўазаға барып, текшелерден көтерилип, дәрўаза босағасын өлшеди. Босаға табалдырығының ени бир таяққа тең болып, бул биринши босаға еди.
7 Дәрўаза имаратының ишинде сақшылардың бөлмелери бар еди. Олардың узынлығы да, ени де бир таяққа тең болып, усы бөлмелерди ажыратып турған дийўаллардың қалыңлығы бес шығанақ еди. Дәлиз жолының ақырында Ибадатхана ҳәўлисине қараған айўан болып, усы айўанға шығатуғын табалдырықтың ени бир таяққа тең болды.
8 Соң ол айўанды иштен өлшеди, оның дәлизден тысқары узынлығы бир қамыс шықты.
9 Кейин ол айўанды сырттан өлшеди, оның узынлығы сегиз қамыс шықты. Айўан есигиниң еки қапталындағы сүтинге уқсаған шығыңқы дийўаллардың ҳәр қайсысының қалыңлығы еки шығанақтан еди. Бул айўан дәрўаза имаратының ишинде болып, Ибадатханаға қарап турған еди.
10 Шығыс дәрўаза имаратының ишиниң еки қапталында да үш-үштен бөлмелер болып, олардың ҳәммесиниң өлшеми де, олардың арасындағы дийўаллар да бирдей қалыңлықта еди.
11 Ол дәрўазаның кирер аўзын өлшеди, ол он шығанақ, ал дәлиздиң ени он үш шығанақ шықты.
12 Сақшылардың бөлмелериниң ҳәр қайсысының алдында ени бир шығанақтан болған пәскелтек пақса бар еди. Сақшылардың бөлмелериниң ени де, узынлығы да алты шығанақ еди.
13 Кейин дәрўаза имаратының төбесиниң енин, бир бөлмениң шетки дийўалынан қарама-қарсы турған бөлмениң шетки дийўалына шекемги аралықты өлшеди. Төбениң ени жигирма бес шығанақ шықты.
14 Кейин ол дәрўаза имаратының ҳәўли тәрепиндеги шығыңқы дийўалларын өлшеди. Олардың бийиклиги алпыс шығанақ шықты.
15 Дәрўаза имаратының кирер аўыздан шығар аўызға шекемги узынлығы елиў шығанақ еди.
16 Дәрўаза имаратының ишиниң еки тәрепинде жайласқан сақшылардың бөлмелери менен олардың арасындағы дийўалларда, сондай-ақ айўанның ишиниң ҳәр бир тәрепинде айна тәризли ойықлар бар еди. Айўанның ҳәўли тәрепиндеги шығыңқы дийўаллары пальма ағашының сүўретлери менен безелген еди.
17 Кейин ол мени сыртқы ҳәўлиге алып кирди. Ҳәўли әтирапында отыз бөлме ҳәм тас төселген жол бар еди.
18 Дәрўазалардың еки тәрепиндеги тас жолдың ени дәрўазалардың узынлығына тең еди. Бул тас жол ҳәўлидеги тас жолдан пәсирек еди.
19 Ол ҳәўлиниң енин, шығыстағы дәрўаза имаратының шығар аўзынан ишки ҳәўлиниң кирер аўзына шекемги аралықты өлшеди, ол жүз шығанақ шықты.
20 Ол сыртқы ҳәўлиниң арқаға қараған дәрўазасының узынлығы менен енин өлшеди.
21 Имараттың еки тәрепиндеги үш-үштен қурылған сақшылардың бөлмелери, олардың арасындағы дийўаллардың ҳәм айўанның өлшеми биринши дәрўаза имаратының өлшемлери менен бирдей еди. Имараттың узынлығы елиў шығанақ, ени жигирма бес шығанақ еди.
22 Дийўаллардағы айна тәризли ойықлардың, айўанның ҳәм пальма ағашының сүўретлериниң өлшемлери шығыс дәрўазасындағы менен бирдей еди. Дәрўазаға жети басқалдақлы текше арқалы көтерилетуғын еди. Ал бастырма имараттың ишки тәрепинде еди.
23 Арқа дәрўазасының алдында да шығыс дәрўазасының алдындағыдай қарама-қарсы турған ишки ҳәўлиниң дәрўаза имараты бар еди. Бул адам ишки дәрўаза имаратынан сыртқы дәрўаза имаратына шекемги аралықты өлшеди. Аралық жүз шығанақ шықты.
24 Ол мени қубла тәрепке алып барды. Ол жерде қублаға қараған дәрўаза имараты бар еди. Ол имараттың дийўалларын ҳәм айўанын өлшеди. Олардың өлшемлери басқалардики менен бирдей шықты.
25 Басқа дәрўаза имаратларында болғанындай, бул дәрўаза имаратының да, оның айўанының да ҳәмме тәрепинде айна тәризли ойықлар бар еди. Имараттың узынлығы елиў шығанақ, ени жигирма бес шығанақ болып шықты.
26 Оған жети басқалдақлы текше арқалы көтерилип, айўанға киретуғын еди. Имараттың ишки дийўаллары пальма ағашының сүўретлери менен безелген еди.
27 Ишки ҳәўлиниң де қублаға қараған дәрўазасы бар еди. Ол қубладағы сыртқы дәрўазадан усы дәрўазаға шекемги аралықты өлшеди. Аралық жүз шығанақ шықты.
28 Ол мени қубла дәрўаза арқалы Ибадатхананың ишки ҳәўлисине алып кирди де, қубладағы дәрўазаны өлшеди. Оның да өлшемлери басқалардики менен бирдей еди+
29 Сақшылардың бөлмелериниң, олар арасындағы дийўаллардың ҳәм айўанның өлшеми де басқа имаратлардағылар менен бирдей болып шықты. Дәрўаза имаратының ҳәм оның айўанының ҳәмме тәрепинде айна тәризли ойықлар бар еди. Дәрўаза имаратының узынлығы елиў шығанақ, ени жигирма бес шығанақ еди.
30 Ишки ҳәўлидеги дәрўаза имаратларының ҳәр бириниң айўанының узынлығы жигирма бес шығанақ, ени бес шығанақ еди.
31 Айўан сыртқы ҳәўлиге қарап турған болып, оның кирер аўзының еки қапталындағы шығыңқы дийўаллары пальма ағашының сүўретлери менен безелген еди. Дәрўазаға сегиз басқалдақлы текше арқалы көтерилетуғын еди.
32 Ол шығыс дәрўазасының имараты арқалы мени ишки ҳәўлиге алып кирди ҳәм оны өлшеди. Ол да басқалардай болып шықты.
33 Сақшылар бөлмелери, олар арасындағы дийўаллары ҳәм айўанның өлшемлери басқалары менен бирдей еди. Имараттың да, оның айўанының да ҳәмме тәрепинде айна тәризли ойықлар бар еди. Дәрўаза имаратының узынлығы елиў шығанақ, ени жигирма бес шығанақ еди.
34 Айўан сыртқы ҳәўлиге қарап турған болып, оның шығыңқы дийўаллары пальма ағашының сүўретлери менен безелген еди. Дәрўазаға сегиз басқалдақлы текше арқалы көтерилетуғын еди.
35 Кейин ол мени арқа дәрўазаға алып келип, дәрўаза имаратын өлшеди. Оның өлшемлери басқа имаратлардың өлшемлери менен бирдей еди.
36 Сақшылар бөлмелери, олардың арасындағы дийўаллары ҳәм айўанның өлшеми басқалардики менен бирдей еди. Имараттың ишиниң ҳәмме тәрепинде айнала айна тәризли ойықлар бар еди. Имараттың узынлығы елиў шығанақ, ени жигирма бес шығанақ еди.
37 Айўан сыртқы ҳәўлиге қарап турған болып, оның шығыңқы дийўаллары пальма ағашының сүўретлери менен безелген еди. Дәрўазаға сегиз басқалдақлы текше арқалы көтерилетуғын еди.
38 Ишки дәрўазаның айўанының қапталында, бөлек бир бөлмели жай бар еди. Жандырылатуғын қурбанлықлар усы жерде жуўылатуғын еди.
39 Жандырылатуғын қурбанлықты, гүна ҳәм айып қурбанлығын сойыў ушын дәрўаза айўанының ишинде, еки қапталда екеў-екеўден төрт стол турды.
40 Айўанның сыртында болса, еки тәрепте еки столдан төрт стол болып, олар арқа дәрўазаға киретуғын текшеден көринип турды.
41 Солай етип, дәрўазаның ишки ҳәм сыртқы тәреплеринде қурбанлықларды сойыўға арналған сегиз стол бар еди.
42 Жандырылатуғын қурбанлықлар ушын жонылған тастан қурылған және төрт стол бар еди. Ҳәр бир столдың узынлығы ҳәм ени бир ярым шығанақ, бийиклиги бир шығанақ еди. Жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм басқа қурбанлықларды сойыў ушын арналған қурал-жарақлар оның үстинде турды.
43 Айўанның дийўалларына ҳәр бири төрт ели болған илмеклер қағылған еди. Қурбанлық гөши болса столлар үстине қойылатуғын еди.
44 Ишки дәрўазаның сыртында, ишки ҳәўлиде еки бөлме бар еди. Булардың биреўи арқадағы дәрўазаның жанында болып, қублаға қараған, екиншиси шығыс дәрўазаның жанында болып, арқаға қараған еди.
45 Адам маған былай деди: – Қублаға қарап турған бөлме Ибадатханада хызмет етип атырған руўханийлерге арналған.
46 Ал арқаға қарап турған бөлме қурбанлық орында хызмет етип атырған руўханийлерге арналған. Булар Садоқтың урпақлары болып, оларға Лебий урыўы арасынан Жаратқан Ийеге хызмет етиў ушын, Оған жақынласыўға рухсат етилген еди.
47 Кейин ол ишки ҳәўлини өлшеди. Ол төрт мүйешли болып, узынлығы да, ени де жүз шығанақ шықты. Қурбанлық орын Ибадатхананың алдында еди.
48 Ол мени Ибадатхананың айўанына алып келип, оның босағасының еки тәрепиндеги сүтинге уқсаған шығыңқы дийўалларын өлшеди. Дийўаллардың қалыңлығы бес шығанақ, ени үш шығанақ шықты.
49 Айўанның өзиниң узынлығы жигирма шығанақ, ени он еки шығанақ еди. Айўанға он басқалдақлы текше арқалы көтерилетуғын еди. Айўанның кирер аўзының еки тәрепинде еки сүтин бар еди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.