Езекиел 46 bob

Күнделикли қурбанлықлар (13-15), Ҳүкимдардың пайы Ҳүкимдардың пайы (16-18), Ибадатхана асханасы (19-24).

1 «Қудай Ийе былай дейди: – Ишки ҳәўлиге алып киретуғын шығыс тәрептеги дәрўаза алты жумыс күни даўамында жабық турсын. Ал Шаббат күни ҳәм Жаңа ай байрамы күни ашылсын.
2 Ҳүкимдар сыртқы ҳәўлиден усы дәрўаза имаратының айўанына кирип, айўан есигинде турсын. Руўханий оның жандырылатуғын ҳәм татыўлық қурбанлықларын усынып атырғанда, ҳүкимдар айўан босағасында турып сыйынсын. Кейин келген жолы менен шығып кетсин. Бирақ дәрўаза кешке шекем ашық турсын.
3 Ҳәр Шаббат ҳәм Жаңа ай байрамы күни Израил халқы усы дәрўаза алдында турып, Жаратқан Ийеге сыйынсын.
4 Шаббат күни ҳүкимдар Жаратқан Ийеге минсиз алты тоқлы менен минсиз бир қошқарды жандырылатуғын қурбанлық ушын алып келсин.
5 Қошқарға қосып, ғәлле садақасы ушын бир эфа ун берсин. Ал тоқлылар менен бирге қәлеген муғдарда ун берсин. Ҳәр бир эфа унға бир ҳин муғдарда зәйтүн майын қосып берсин.
6 Жаңа ай байрамы күни минсиз бир буға, алты тоқлы ҳәм бир қошқар берсин.
7 Ғәлле садақасы ушын буғаға қосып бир эфа, қошқарға қосып бир эфа ун алып келсин. Ал тоқлылар менен бирге қәлеген муғдарда ғәлле садақасын берсин. Ҳәр бир эфа ун ушын бир ҳин зәйтүн майын қосып берсин.
8 Ҳүкимдар ишке киргенде, дәрўаза имаратының айўаны арқалы кирсин ҳәм сол жол менен қайтып шықсын.
9 Белгиленген байрамларда үлке халқы сыйыныў ушын Жаратқан Ийениң алдына келгенде, арқадағы дәрўазадан киргенлери қубладағы дәрўазадан, қубладағы дәрўазадан киргенлери арқадағы дәрўазадан шығып кетсин. Ҳәр бир адам кирген дәрўазасынан қайтып шықпай, қарама-қарсы дәрўазадан шығып кетиўи керек.
10 Ҳүкимдар олардың арасында болыўы керек. Халық киргенде кириўи, халық шыққанда шығыўы керек.
11 Үлкен байрамларда ҳәм белгиленген байрамларда қурбанлық қылынатуғын ҳәр бир буға ҳәм ҳәр бир қошқар менен бирге бир эфадан ғәлле садақасы бериледи. Тоқлылар менен бирге қәлеген муғдарда ғәлле садақасы бериледи. Ҳәр бир эфа ун менен бирге бир ҳин зәйтүн майы бериледи.
12 Ҳүкимдар Жаратқан Ийеге ықтыярлы түрде жандырылатуғын қурбанлық ямаса татыўлық қурбанлығын бермекши болса, оған шығысқа қараған дәрўаза ашылсын. Бул қурбанлықларды ол Шаббат күни беретуғын қурбанлықлардай етип усынсын. Кейин ол сыртқа шығып кетеди ҳәм дәрўаза жабылады».
13 «Ҳәр күни азанда бир жасар минсиз бир тоқлыны жандырылатуғын қурбанлық етип алып келип, оны Жаратқан Ийеге усының.
14 Оның менен бирге ҳәр күни азанда ғәлле садақасы ушын эфаның алтыдан бир бөлеги муғдарында сапалы ун ҳәм унға араластырыў ушын ҳинниң үштен бир бөлеги муғдарында зәйтүн майы берилсин. Ғәлле садақасының Жаратқан Ийеге усыныў қағыйдасы мәңгиге усындай болады.
15 Тоқлы, ғәлле ҳәм зәйтүн майы жандырылатуғын қурбанлық ушын ҳәр күни азанда үзликсиз түрде алып келинсин».
16 «Қудай Ийе былай дейди: Егер ҳүкимдар өз ийелигинен улларының бирине жер саўға қылса, бул жер оның әўладларына да мийрасқа өтип, олардың мийрасы болады.
17 Егер ҳүкимдар хызметшилериниң бирине жер саўға қылса, хызметши бул жерге Қутлы жылға дейин ғана ийелик қыла алады. Кейин жер ҳүкимдарға қайтарып бериледи. Ҳүкимдардың жери тек оның балаларына ғана мийрасқа өте алады.
18 Ҳүкимдардың халықты жерден қуўып шығарып, олардың жерин тартып алыўға ҳақысы жоқ. Ол тек өз жеринен балаларына мийрас ажыратыўы мүмкин. Халқымның ҳеш бири өз жеринен қуўып шығарылмасын».
19 Кейин адам мени дәрўаза жанындағы жол арқалы руўханийлерге арналған арқаға қарап турған мухаддес бөлмелерге алып келди. Сол жерден батыстағы ең шетки орынды көрсетти.
20 Ол былай деди: – Бул жерде руўханийлер айып ҳәм гүна қурбанлықларының гөшин писиреди ҳәм ғәлле садақасының нанын жабады. Халықтың мухаддес азық-аўқатларға тийип кетпеўи ушын, оларды сыртқы ҳәўлиге шығармаўы керек.
21 Кейин ол мени сыртқы ҳәўлиге шығарып, ҳәўлиниң төрт мүйешине алып барды. Ҳәр бир мүйеште қоршалған бир орын бар еди.
22 Ҳәўлиниң ҳәр бир мүйешинде өлшемлери бирдей болған, узынлығы қырық шығанақ, ени отыз шығанақ болған үсти жабық орынлар бар еди.
23 Олардың ҳәммеси дийўал менен айландырылған болып, дийўалдың иши бойлап ошақлар қурылған еди.
24 Адам маған былай деди: – Булар асханалар. Онда Ибадатхана хызметшилери халықтың алып келген қурбанлық гөшлерин писиреди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.