Езекиел 9 bob
1 Кейин мен Жаратқан Ийениң бәлент даўыс пенен: – Қаланы жазалаў ушын тайынланғанлар, ҳәр бириңиз қуралларыңызды алып берман келиң! – деп бақырғанын еситтим.
2 Мен арқаға қарап турған жоқарғы дәрўаза тәрептен киятырған алты еркекти көрдим. Олардың ҳәр бириниң қолында қырғын қылыўшы қурал бар еди. Олардың жанында зығырдан кийим кийген, белине жазыў қуралларын асып алған биреў бар еди. Олар ишке кирип, қола қурбанлық орынның қасында турды.
3 Керублар үстиндеги Израилдың Қудайының салтанаты өз орнынан көтерилип, Ибадатхананың босағасына барды. Жаратқан Ийе зығыр кийим кийип, белине жазыў қуралларын асып алған адамды шақырып,
4 оған: – Ерусалим қаласын айланып шық ҳәм қалада исленип атырған жеркенишли ислерден нала шегип, зарлап атырғанлардың маңлайына белги қой, – деди.
5 Басқа алты адамға Оның былай дегенин еситтим: – Оның изинен қаланы айланып, адамларды қырып таслаң, аямаң, реҳим етпең.
6 Ғаррыларды, жигит ҳәм қызларды, балаларды ҳәм ҳаялларды қырып таслаң. Бирақ маңлайында белгиси барларға тиймең. Мениң Мухаддес мәканымнан баслаң. Олар Ибадатхана алдында турған ақсақаллардан баслады.
7 Қудай алты адамға: – Ҳәўлилерди өли денелерге толтырып, Ибадатхананы ҳарамлаң. Қәне, баслаңлар! – деди. Олар барып, қаладағыларды қыра баслады.
8 Олар адамларды өлтиргенде, жалғыз өзим қалған мен ет бетимнен жерге жығылып, пәрияд етип: – Аҳ, Қудай Ийе! Ғәзебиңди Ерусалимге шашып, Израилда тири қалғанлардың ҳәммесин қырып жибермекшимисең? – дедим.
9 Ол маған былай деп жуўап берди: – Израил ҳәм Яҳуданың гүнасы жүдә аўыр, ел қанға, қала әдалатсызлыққа толған. Адамлар: «Жаратқан Ийе елди тәрк етти, Жаратқан Ийе көрмейди», – дейди.
10 Мен де оларды аямайман, реҳим де етпеймен. Тутқан жолларына жараса жазасын беремен.
11 Сол арада зығыр кийим кийип, белине жазыў қуралларын асқан адам қайтып келип: – Мен буйырғаныңдай қылдым, – деп хабарлады.