Даниел 7 bob
1 Бабилон патшасы Белшассардың патшалығының биринши жылында Даниел төсегинде жатып, түсинде аянлар көрди. Сонда ол түсин жазып,
2 былай деп баян қылды: «Түнде көрген аянда аспанның төрт тәрепинен ескен күшли самал уллы теңизди толқынландырып атырған екен.
3 Сол теңизден бирбирине уқсамайтуғын үлкен төрт жыртқыш мақлуқ шықты.
4 Бириншиси арысланға уқсайтуғын еди. Онда бүркиттиң қанатлары бар еди. Қандай да бир күштиң оның қанатларын жулып таслағанын ҳәм жерден көтерип, адамға уқсатып еки аяққа турғызып қойғанын көрдим. Сол мақлуққа адамның жүреги берилди.
5 Екинши мақлуқ артқы аяқлары менен турған айыўға уқсайтуғын еди. Ол аўзына үш қабырға сүйекти тислеп алған еди. Оған: „Қәне, тойғаныңша гөш же“, – деп айтылды.
6 Соңынан қапланға уқсаған басқа бир мақлуқты көрдим. Оның арқасында қустың төрт қанаты бар еди ҳәм ол төрт баслы еди. Оған ҳүкимдарлық етиў ҳуқықы берилген еди.
7 Соннан кейин, түр-түси қорқынышлы, айбатлы ҳәм жүдә күшли төртинши мақлуқты көрдим. Ол темир тислери менен барлығын шайнап, майдалап таслады. Ал қалдықларын болса, аяқлары менен басып езди. Ол алдынғы мақлуқларға уқсамайтуғын еди, оның он мүйизи бар еди.
8 Мен усы мақлуқтың мүйизлерин тамаша қылып турғанымда, олардың арасынан өсип шығып атырған және бир кишкене мүйиз көрдим. Оған орын босатыў ушын, алдынғы он мүйизден үшеўи түби менен қопарылып түсти. Жаңа өсип шыққан мүйизде адамның көзине уқсаған көзлери ҳәм менменлик пенен сөйлейтуғын аўзы бар еди».
9 «Мен тахтлардың орын-орынларына қойылып, әзелден бар болған өз орнына отырғанын көрдим. Оның кийими аппақ қардай, шашлары болса тап-таза мамықтай еди. Оның тахты жанып турған жалын, тахттың дөңгелеклери лаўлап турған от сыяқлы еди.
10 Оның алдынан отлы бир дәрья ағып шықты. Мың-мыңлағанлар оған хызмет етип, он мың – он мыңлағаны оның алдында турды. Ҳүким басланды, китаплар ашылды.
11 Менменлик пенен сөйлеп атырған сол кишкене мүйизге қарап турғанымда, сол төртинши мақлуқ көз алдымда өлтирилди ҳәм оның өлиги отқа тасланып, жоқ қылынды.
12 Басқа мақлуқлардан болса ҳүкимдарлық тартып алынды, бирақ белгили бир ўақытқа дейин жасаўына рухсат берилди.
13 Түнде көрген сол аянымда мен аспан бултларында киятырған адам баласына уқсаған биреўди көрдим. Ол әзелден бар болғанның алдына апарылды.
14 Оған бийлик, уллылық ҳәм ҳүкимдарлық берилди. Барлық халықлар, миллетлер ҳәм ҳәр бир тилдеги адамлар оған хызмет етти. Оның бийлиги таўысылмайтуғын, мәңги ҳүкимдарлық, патшалығы ҳеш қашан қуламайтуғын патшалықдур».
15 Даниел, яғный өзиме келсем, маған көринген бул аян руўхымды тынышсызландырып, мени таң қалдырды.
16 Мен сол жерде турғанлардың бирине жақынлап, булардың ҳәммесиниң ҳақыйқый мәнисин айтып бериўин сорадым. Ол маған аянның мәнисин ашып, былай деп түсиндирип берди:
17 «Бул төрт үлкен мақлуқ – жер жүзинде пайда болатуғын төрт патша.
18 Бирақ Қудай Тааланың мухаддеслери патшалықты қолға алып, олар шексиз, мәңги ҳүкимдарлық қылады».
19 Сонда төртинши мақлуқ туўралы шын мәнисин билиўди қәлеген едим, өйткени ол басқа мақлуқлардан айрықша ҳәм қатты қорқынышлы еди. Темир тислери ҳәм қола тырнақлары бар бул мақлуқ барлығын шайнап майдалап, қалғанларын болса басып езетуғын еди.
20 Оның басындағы он мүйиздиң ҳәм жаңа өсип шыққан мүйиздиң мәнисин билиўди қәледим. Сол мүйиз өсип шығып атырғанда, орнындағы үш мүйизди түсирип жиберген еди. Көзлери ҳәм менменлик пенен сөйлейтуғын аўзы бар бул мүйиз басқа мүйизлерге қарағанда көбирек күшке ийе болып көринетуғын еди.
21 Мен тамаша қылып турғанымда, сол мүйиз мухаддес адамлары менен саўаш жүргизип, оларды жеңип атырған еди.
22 Сонда Әзелден бар болған келип, Өзиниң мухаддеслери ушын әдил ҳүким шығарды. Қудайдың мухаддеслериниң патшалықты қолға алатуғын ўақты келген еди.
23 Сәўбетлесим даўам етип былай деп түсиндирип берди: «Төртинши мақлуқ – бул жер жүзинде ҳүкимдарлық қылатуғын төртинши патшалықтың тымсалы. Бул патшалық басқа патшалықлардан айрықша болады. Ол пүткил дүньяны шайнап, езип майдалап таслайды.
24 Мақлуқтың он мүйизи – патшалықты басқаратуғын он патша. Кейинирек жаңадан бир патша пайда болады. Бул патша алдынғы он патшадан айрықша болады ҳәм олардың арасынан үш патшаны тахттан түсирип таслайды.
25 Ол Қудай Таалаға қарсы сөзлерди айтып, Оның мухаддеслерин езеди. Мухаддес байрамлар ҳәм нызамларды өзгертиўге ҳәрекет етеди. Қудайдың мухаддеслери бир мүддет, еки мүддет ҳәм ярым мүддет даўамында сол патшаның зулымлығы астында болады.
26 Усы мүддет тамамланғанда, аспанда ҳүким жыйналысы басланады. Залым патша тахттан түсирилип, пүткиллей жоқ қылынады.
27 Қудай Тааланың мухаддеслерине болса патшалық, ҳүкимдарлық ҳәм аспан астындағы барлық салтанаттың уллылығы бериледи. Олардың патшалығы мәңги патшалық болады. Барлық ҳүкимдарлық оларға бойсынып, хызмет етеди».
28 Көрген, еситкенлерим усылардан ибарат еди. Мен, Даниел бул түсимнен сондай қатты қәўетерленип, жүзим солғын тартып кеткен еди. Деген менен, булардың ҳәммесин ишимде сақладым.