Ҳошеа 10 bob

1 Израил жайылып өскен жүзим ағашына мегзейди, Мол мийўесин берди, Бирақ мийўеси көбейген сайын, Бутқа арнап көп қурбанлық орын қурды. Ели гүллеп жаснаған сайын, кийели тасларды безеди.
2 Иши қара бул халық енди айыбы ушын жазасын алады, Жаратқан Ийе бутқа арналған қурбанлық орынларын қулатады, Кийели тасларын сындырып таслайды.
3 Соннан соң олар былай дейди: «Бизлердиң патшамыз жоқ, Өйткени Жаратқан Ийеден қорқпадық. Патшамыз болғаны менен, Не келер еди оның қолынан?»
4 Олар айтып атыр мәниссиз сөзлерди, Жалған ант ишип, келисим дүзип атыр. Соның ушын, атыздың қарықларындағы зәҳәрли шөп сыяқлы, Әдилсизлик көбейип бармақта.
5 Самарияда жасайтуғынлар, Бейт-Аўендеги қашар бутынан қәўетер алар, Халқы оның ушын жас төгер. Буттың руўханийлери де дад салар, Себеби буттың салтанаты алып тасланады.
6 Бут сый ретинде уллы патшаға, Ассирияға алып кетиледи, Эфрайым шерменде болады, Израил өз жобасы себепли уятқа қалады.
7 Суўдағы ығып кеткен таяқ сыяқлы, Самария патшасы жоқ болып кетеди.
8 Израилдың гүнасына себеп болған, Аўендеги сыйыныў орынлары жоқ қылынады. Қурбанлық орынларды жантақ ҳәм шеңгеллер басады. Сонда адамлар таўларға: «Бизлерди жерлең!» Төбешиклерге: «Үстимизге қулаң!» деп жалынады.
9 Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәй, Израил, сен Гибада болған күннен баслап гүна иследиң, 0 Сол жерде өзгерместен қалдың. Гибадағы жынаятшыларға қарсы саўаш болмады ма?
10 Мен қәлеген ўақтымда жазаңды беремен, Саған қарсы халықларды бирлестиремен. Еки жынаятың ушын, Душпанлар саған кисен салады.
11 Эфрайым түйек айдаўды жақсы көретуғын, Үйретилген қашарға уқсайды. Бирақ мойынтырық тағаман, Эфрайымның сулыў мойнына, Эфрайымды ертлеймен. Яҳудаға қос айдатаман, Яқыпқа мала бастыраман.
12 Ҳәй, Израил, өзиңиз ушын әдиллик егиң, Сүйиспеншилик жемисин орып алың. Өзлериңиз ушын сүрилмеген жериңизди сүриң, Себеби Жаратқан Ийениң алдына келетуғын ўақтыңыз болды, Ол келген ўақытта, Үстиңизге әдалатлықты жаўындай жаўдырсын.
13 Бирақ сизлер жаўызлық егип, Әдилсизликти орып алдыңыз, Жалғанның мийўесинен жедиңиз, Өйткени тутқан өз жолыңызға сүйенип, Батыр жаўынгерлериңизге исендиңиз.
14 Соның ушын, халқыңыздың басына саўаш апаты дөнип тур, Қулайды сениң барлық қорғанларың. Шалманның саўаш күнинде Бейт-Арбелди қулатқанындай, Ҳаяллар балалары менен бирге жерге урып өлтирилди.
15 Ҳәй Бейт-Эл, жаўызлықларыңның көплиги ушын, Усы күнлер басыңа түседи. Таң атқанда, Израил патшасы набыт болады».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.