Ҳошеа 5 bob

Израил ҳәм Яҳуданың ҳүким етилиўи (1-7), Израил менен Яҳуда арасындағы урыс (8-15).

1 Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәй, руўханийлер, еситиңлер! Ҳәй, Израил халқы, дыққат пенен тыңлаңлар! Қулақ салың, ҳәй патша шаңарағы! Сизлерге қарсы ҳүким шығарылды. Сизлер Миспада адамлар ушын дузақ, Табор таўында жайылған бир тор болдыңыз.
2 Сизлер терең баттыңыз Шиттимде, Бирақ Мен ҳәммеңизди жазалайман.
3 Эфрайым, сени жақсы билемен, Израилда да Мениң ушын жасырын нәрсе жоқ. Эфрайым, ҳәзир сен бузықшылық қылып кеттиң, Израил, сен өзиңди ҳарамладың.
4 Ислеген ислери Қудайына қайтыўына жол қоймайды, Себеби олардың ишинде бузықшылық руўхы бар, Олар Жаратқан Ийени танымады.
5 Израилдың менменлиги өзине қарсы гүўалық береди, Өз жынаяты себепли қулайды Израил, яғный Эфрайым, Яҳуда да оның менен бирге қулайды.
6 Қой ҳәм маллары менен Жаратқан Ийени излейди, Бирақ Оны таба алмайды, Өйткени Жаратқан Ийе оларды таслап кетти.
7 Олар Жаратқан Ийеге опасызлық етти, Некесиз балалар туўды. Жаңа ай байрамы олардың өзлерин, Және де, егинлерин жалмап жутады.
8 Гибада кәрнай, Рамада кәрнай шертиң, Бейт-Аўенде саўаш дабылын урың, Душпан изиңизден киятыр, ҳәй Бенямин!
9 Жаза күни Эфрайым қаңырап, босап қалады, Израил урыўларына жәриялағаным сөзсиз жүз береди.
10 Яҳуда басшылары жер шегарасының сызығын, Жылыстырғанларға уқсайды, Суў тасқынындай етип, ғәзебимди төгемен олардың үстине.
11 Ҳүким ўақтында Эфрайым азап шегип, езилди, Өйткени бийҳуда затларға ериўди абзал көрди.
12 Мен Эфрайымды күйе сыяқлы жеп, Яҳуда халқын қурт сыяқлы кемиремен.
13 Эфрайым өзиниң кесел екенин, Яҳуда өз жараларын көргенде, Эфрайым Ассирияға кетти, Уллы патшадан жәрдем сорап, елши жиберди, Бирақ ол шыпа бере алмайды сизлерге, Жараңызды тәўир қыла алмайды.
14 Өйткени Мен Эфрайымға арыслан сыяқлы, Яҳуда халқы ушын күшли бир арысландай боламан. Оларды Өзим тилкимлеп, майдалап таслайман, Сүйреп, Өзим алып кетемен. Оларды ҳеш ким қутқара алмайды.
15 Олар өз гүнасын мойынлаған ўақытқа дейин, Мен оларды таслап кетемен. Азап ишинде жүргенде, Мениң жүзимди излеп, олар Маған қайтады».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.