Ҳошеа 6 bob
1 Бул халық былай дейди: «Келиңлер, Жаратқан Ийеге қайтайық! Ол бизлерди тилкимлеп, майдалап таслады, Шыпаны да Өзи береди. Бизлерди жарадар қылды, Жараларымызды Өзи таңады.
2 Еки күнде бизлерди өмирге қайтарады, Үшинши күни аяққа турғызады, Оның дәргайында жасаймыз.
3 Келиңлер, Жаратқан Ийени билиўге умтылайық, Оны билиўге ғайрат салайық. Ол таң атыўындай сөзсиз келеди, Жерде суўғаратуғын жаўын сыяқлы, Аўа, бәҳәр жаўынындай бизлерге келеди».
4 Қудай былай дейди: «Саған не қылайын, ҳәй Эфрайым? Саған не қылайын, ҳәй Яҳуда? Сүйиспеншилигиңиз таңдағы думандай тез жоқ болады, Ерте азанғы шық сыяқлы парланып кетеди.
5 Соның ушын, сизлерди пайғамбарларым арқалы шаўып тасладым, Аўзымнан шыққан сөзлерим менен өлтирдим, Таң нурының шығатуғындай, Шығарған ҳүкимим сөзсиз жүзге асады.
6 Өйткени Мен қурбанлық емес, Мийрим-шәпәәтти қәлеймен, Жандырылатуғын қурбанлықларды емес, Мени, Қудайды танып, билиўиңизди қәлеймен.
7 Халқым Адам сыяқлы келисимди бузды, Аўа, ол жерде Маған опасызлық қылды.
8 Гилад – жаўызлардың қаласы, Көшелери қан излерине толы.
9 Қарақшылар буққыда жатып, қурбанын аңлыйды, Руўханийлер топары да оларға уқсайды. Шехем қаласына баратуғын жолда адам өлтиреди, Аўа, олар жеркенишли жынаятқа қол урады.
10 Мен Израилда қорқынышлы ҳәдийсени көрдим: Эфрайым бузықшылық қылды, Израил өзин ҳарамлады.
11 Ҳәй, Яҳуда, сениң де жаза күниң белгиленди. Мен халқымды және абаданшылыққа еристирмекши болғанымда,