Амос 2 bob

Яҳуданың жазаланыўы (4-5), Израилдың жазаланыўы (6-16).

1 Жаратқан Ийе былай дейди: «Моаб жынаят үстине жынаят иследи, Мен жазасыз қалдырмайман оларды. Олар Эдом патшасының сүйеклерин, Ҳәк күйдиргендей етип жағып жиберди.
2 Соның ушын, Моабқа от жаўдыраман, От жандырып, жоқ етеди Керийот қорған қаласын. Шаўқым, саўаш дабыллары ҳәм кәрнай сеслери астында, Моаб халқы қырылып кетеди.
3 Оның ҳүкимдарын жоқ қыламан, Ҳәмелдары менен бирге барлық хызметшилерин өлтиремен». Булар Жаратқан Ийениң сөзлери.
4 Жаратқан Ийе былай дейди: «Яҳуда жынаят үстине жынаят иследи, Жазасыз қалдырмайман оларды. Жаратқан Ийениң, Мениң нызамларымнан олар бас тартты, Қағыйдаларымды орынламады. Ата-бабалары сыяқлы жалған қудайларға ерип, Туўры жолдан азғырылды.
5 Соның ушын, Яҳудаға от жаўдыраман, От жандырып жоқ етеди Ерусалим қорған қаласын».
6 Жаратқан Ийе былай дейди: «Израил жынаят үстине жынаят иследи, Жазасыз қалдырмайман оларды. Айыпсыз адамды пулға сатты, Кәмбағалды бир жуп аяқ кийимге алмастырды.
7 Олар жарлының басын топыраққа былғап, аяқ асты қылды, Бийшараға жол бермей, шетке шығарып таслады, Әкеси менен баласы бир қыз бенен жатып, Мениң мухаддес атыма тил тийгизди.
8 Ҳәр бир қурбанлық орынның қасында, Гиреўге алған кийимлерди жайып, үстинде жатады. Жәрийма қылып төлеткен шарапты, Өзлериниң Қудайының үйинде ишеди.
9 Өз халқым ушын Мен амор халқын жоқ қылдым. Олар кедр ағашындай узын, Емен ағашындай беккем болса да, Шақаларындағы мийўелерин, Жердеги тамырларын қурттым.
10 Сизлерди Мысыр жеринен Мен алып шықтым, Амор халқының жерлерин ийелесин деп, Шөлде қырық жыл жетеледим.
11 Улларыңыздан пайғамбарлар, Жас жигитлериңизден Маған бағышланған нәзирлер тайынладым. Солай емес пе, Израил халқы?» Булар Жаратқан Ийениң сөзлери.
12 «Сизлер нәзирлерге шарап иштирдиңиз, Пайғамбарларға „Пайғамбаршылық қылмаң!“ Деп буйрық бердиңиз.
13 Аўыр жүк тийелген арба жерди езгениндей етип, Мен сизлерди еземен.
14 Сонда шаққанлар қашып қутыла алмайды, Күшлилердиң күш-қуўаты қалмайды, Жаўынгерлер өз жанын қутқара алмайды.
15 Садақшы өз орнында тура алмайды, Тез жуўыратуғынлар қаша алмайды, Атлы өз жанын қутқара алмайды.
16 Сол күни ең дәў жүрек жаўынгер де, Өз қурал-жарақларын таслап қашады». Булар Жаратқан Ийениң сөзлери.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.