Санлар 10 bob

Гүмис кәрнайлар (1-10). Израиллылардың Синайдан кетиўи (11-36).

 
1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Гүмистен еки кәрнай шөккишлеп соқтыр, буларды жәмийетти жыйнаў ушын ҳәм ҳәр бир орданың жолға шығыўы ушын қолланасаң.
3 Еки кәрнай бирге шертилген ўақытта, барлық жәмийет сениң қасыңа, Ушырасыў шатырының алдына жыйналсын.
4 Тек ғана бир кәрнай шертилсе, онда көсемлер, яғный Израилдың тийре басшылары сениң жаныңа жыйналсын.
5 Кәрнай қысқа-қысқа етип шертилген ўақытта, шығыс тәрепте қоныс басқанлар жолға шықсын.
6 Екинши мәрте қысқа-қысқа етип шертилген ўақытта, қубла тәрепте қоныс басқанлар жолға шықсын. Кәрнайдың қысқа-қысқа етип шертилиўи урыўлардың жолға шығыўы кереклигин билдиреди.
7 Жәмийетти жыйнаў ушын кәрнайды узақ ўақыт әпиўайы даўыс пенен шерттир.
8 Кәрнайларды Харонның руўханий уллары шертсин. Бул сизлер ҳәм келешек әўладларыңыз ушын мәңги қағыйда болып қалсын.
9 Үлкеңизде сизлерге ҳүжим қылған душпанға қарсы саўашқа шыққаныңызда, кәрнай шертип, белги бериң. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийе болған Мен сизлерди еслеп, душпанларыңыздан қутқараман.
10 Шадлы күнлериңизде – байрамларыңызда, Жаңа ай байрамларыңызда, жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықлар бергениңизде кәрнай шертиң. Усылай етип, Қудайыңыз болған Мен сизлерди еслеймен. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
11 Израил халқы Мысырдан шыққаннан кейин екинши жылдың екинши айының жигирмаланшы күни булт буйрықлар қойылған шатырдан жоқары көтерилди.
12 Сонда израиллылар да Синай шөлинен жолға шығып, булт Паран шөлинде тоқтағанша көшип-қонып жүрди.
13 Олар Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрығы бойынша жолға биринши мәрте шықты.
14 Олар ҳәр сапары жолға шыққанда, ҳәр бир орда өз байрағы астында бир тәртипте жүретуғын еди. Биринши болып, Амминадаб улы Нахшон басшылығындағы Яҳуда ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында көшти баслап жүрди.
15 Иссахар урыўы бөлимине Суар улы Нетанел,
16 Зебулон урыўы бөлимине Хелон улы Элиаб басшылық қылатуғын еди.
17 Соннан кейин, Мухаддес шатыр жыйнастырылып, оны көтерип, алып жүретуғын Гершон урпағы менен Мерарий урпағы жолға шықты.
18 Олардан соң Шедеур улы Элисур басшылығындағы Рубен ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында жолға шықты.
19 Шимон урыўы бөлимине Суришаддай улы Шелумиел,
20 Гад урыўы бөлимине Деўел улы Элясаф басшылық қылатуғын еди.
21 Оннан кейин Қоҳат урпағы мухаддес буйымларды көтерип, жолға шықты. Олар белгиленген жерге жетип бараман дегенше, Мухаддес шатыр қурылып болыныўы тийис еди.
22 Аммиҳуд улы Элишама басшылығындағы Эфрайым ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында жолға шықты.
23 Менашше урыўы бөлимине Педасур улы Гамалиел,
24 Бенямин урыўы бөлимине Гидоний улы Абидан басшылық қылатуғын еди.
25 Көштиң ең ақырында Аммишаддай улы Ахиезер басшылығындағы Дан ордасы бөлимлери менен бирге өз ордасының байрағы астында жолға шықты. Олар Израил ордаларының артқы сақшылары еди.
26 Ашер урыўы бөлимине Охран улы Пагиел,
27 Нафталий урыўы бөлимине Энан улы Ахира басшылық қылатуғын еди.
28 Израиллылар бөлимлерге бөлинип, усы тәртипте жолға шығатуғын еди.
29 Муўса мидянлы қәйин атасы Реуелдиң баласы Хобабқа былай деди: – Жаратқан Ийениң: «Сизлерге беремен», – деген жерине баратырмыз. Сиз де бизлер менен бирге барың, сизге жақсы қатнаста боламыз. Өйткени Жаратқан Ийе Израилға жақсылық етиўди ўәде қылды.
30 Хобаб оған: – Яқ, бармайман. Өз елиме, ағайин-туўғанларымның жанына қайтаман, – деп жуўап берди.
31 Муўса оған былай деди: – Илтимас, бизлерди таслап кетпең. Себеби сиз шөлде қоныслайтуғын жерлерди билесиз. Бизлерге жол көрсетесиз.
32 Егер бизлер менен бирге барсаңыз, Жаратқан Ийениң ислейтуғын барлық жақсылықларын сиз бенен де бөлисемиз.
33 Израиллылар Жаратқан Ийениң таўынан шығып, үш күнлик жол жүрди. Қоныслайтуғын жерди табыў ушын Жаратқан Ийениң Келисим сандығы олардың алдында жүрип барды.
34 Қоныс басқан жерден жолға шыққанда, Жаратқан Ийениң булты күн бойы олардың үстинде болды.
35 Келисим сандығы жолға шыққанда, Муўса былай деп айтатуғын еди: «Тур, Жаратқан Ийе! Тарап кетсин душпанларың жән-жаққа, Сени жек көретуғынлар алдыңнан қашып кетсин!»
36 Келисим сандығы тоқтағанда болса, Муўса былай деп айтатуғын еди: «Қайт, мың-мыңлаған Израил халқының Жаратқан Ийеси!»


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.