Санлар 11 bob
1 Сол ўақытлары халық қатты налый баслады. Жаратқан Ийе буны еситип, ғәзепленди ҳәм оларға от жиберип, орданың шетлерин жағып жоқ қылып жиберди.
2 Сонда халық Муўсаға жалбарынды. Муўса Жаратқан Ийеге дуўа еткенде, от сөнди.
3 Жаратқан Ийениң жиберген оты олардың арасында жанғаны ушын, сол жер Табера деп аталды.
4 Израил халқының арасындағы басқа миллетлерден топланған тәртипсиз адамлар нәпсиқаўлыққа бериле баслады. Израиллылар да оларға қосылып, былай деп зарлай баслады: «Қәне енди, жеўге гөш болғанда ма еди!
5 Мысырда тегинге жеген балық, қыяр, ғарбыз, көк пияз, домалақ пияз ҳәм сарымсақлар еле ядымызда.
6 Енди болса, диңкемиз қурыған. Мына маннадан басқа жейтуғын ҳеш нәрсе көргенимиз жоқ».
7 Манна кинза туқымындай болып, реңи ақшыл сары еди.
8 Халық далаға шығып, оны жыйнап алатуғын еди ҳәм оны дигирманға тартып ямаса келиге түйетуғын еди. Оны қазанда қайнатып, гүлше нан писиретуғын еди. Буның дәми зәйтүн майы қосылған нанға уқсас еди.
9 Түнде ордаға шық түскенде, манна да бирге жаўатуғын еди.
10 Муўса халықтың, ҳәр бир тийредеги адамлардың өз шатырларының алдында турып, дад салып атырғанын еситти. Жаратқан Ийе буған қатты ғәзепленди. Муўса да буған қапа болған еди.
11 Сонда Муўса Жаратқан Ийеге былай деди: – Қулыңа не ушын бундай жаманлықты раўа көрдиң? Не ушын Өз мийримиңди меннен аяп, бул халықтың жүгин маған жүкледиң?
12 Пүткил бул халыққа жүкли болған мен бе едим? Оларды мен туўған ба едим? Болмаса, не себептен Сен маған: «Бала бағыўшының емизиўли баланы алып жүргениндей, оларды ата-бабаларына беремен деп ант ишкен жерге қолларыңда көтерип алып бар», – деп айтып атырсаң?
13 Бул халық маған: «Бизлерге жейтуғын гөш бер», – деп қоймай атыр. Олардың барлығына беретуғын гөшти қай жерден аламан?
14 Бул халықтың барлығын бир өзим жетелеп алып жүре алмайман, себеби олар мен ушын аўыр жүк болады.
15 Егер маған усылай ислемекши болсаң, онда мени өлтир. Егер де Сениң мийримиңе ерискен болсам, онда басыма түскен бул аўырманлықты көрмейин.
16 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Маған Израил ақсақалларынан жетпис адамды жыйнап бер. Олар өзиң басшы ҳәм қадағалаўшы деп тән алғанларыңнан болсын. Оларды Ушырасыў шатырына алып келип, өзиңниң қасыңа турғыз.
17 Мен төмен түсип, сениң менен сөйлесемен. Сениң үстиңдеги Руўхтан алып, оларға да беремен. Халықтың жүгин тек ғана сен көтермеўиң ушын, олар саған жәрдем береди.
18 Халыққа былай деп айт: «Ертеңги күн ушын өзлериңизди пәклең, гөш жейсизлер. Сизлердиң: „Қәне енди, жеўге гөш болғанда ма еди, Мысырда болған ўақтымызда жақсы еди“, – деп налып, дад салғаныңызды Жаратқан Ийе еситти. Енди гөш жеўиңиз ушын, Жаратқан Ийе сизлерге гөш береди.
19 Гөшти тек ғана бир күн, еки күн, бес күн, он күн ямаса жигирма күн емес,
20 ал бир ай даўамында алқымыңызға келгенше, кеўлиңиз айнығанша жейсизлер. Себеби сизлер араңызда болып атырған Жаратқан Ийеден жүз бурдыңлар. Оның алдында Мысырдан не ушын шығып кеттик, деп налып, жыладыңлар».
21 Сонда Муўса: – Қасымдағы бул халық алты жүз мың ер адамнан ибарат. Ал Сен: «Бул халыққа бир ай даўамында жеўи ушын гөш беремен», – деп атырсаң.
22 Барлық қой-ешки, сыйырлар сойылса да, теңиздеги барлық балықлар аўланса да, оларға жетер ме екен? – деди.
23 Жаратқан Ийе оған: – Мениң қолым келте ме? Саған айтқанларым орынланатуғынын ямаса орынланбайтуғынын өз көзиң менен көресең, – деди.
24 Соннан кейин, Муўса сыртқа шығып, Жаратқан Ийениң өзине айтқанларын халыққа жеткерди. Халықтың жетпис ақсақалын жыйнап, Мухаддес шатырдың дөгерегине жайластырды.
25 Сонда Жаратқан Ийе булт ишинде түсип, Муўса менен сөйлести ҳәм Муўсаның үстиндеги Руўхтан алып, жетпис ақсақалға берди. Олар Руўхты алған ўақытта, өзгеше аўҳалға түсти. Бирақ буннан соң, бул жағдай басқа тәкирарланбады.
26 Сайланған жетпис ақсақалдың ишинде болған Элдад пенен Медад деген еки адам ордада қалып, Мухаддес шатырға келмей қалған еди. Бирақ Руўх олардың үстине түсип келип, олар да ордада өзгеше аўҳалға түсе баслаған еди.
27 Буны көрген бир жас бала Муўсаға жуўырып келип: «Элдад пенен Медад ордада өзгеше аўҳалға түсип қалды», – деп хабар жеткерди.
28 Жас ўақтынан Муўсаға жәрдемши болып киятырған Нун улы Ешуа: – Мырзам Муўса, оларды тыйып қой! – деди.
29 Бирақ Муўса: – Сен мениң ушын қызғанып атырсаң ба? Қәне енди, Жаратқан Ийениң пүткил халқы пайғамбар болса, Жаратқан Ийе олардың үстине Өз Руўхын жиберсе еди! – деди.
30 Соннан соң, Муўса менен Израилдың ақсақаллары ордаға қайтып келди.
31 Жаратқан Ийе даўыл жиберди. Даўыл теңиз тәрептен бөденелерди ушырып әкелип, орданың ҳәр тәрепине үйип таслады. Бөденелер ордадан бир күнлик жол узақлыққа дейин, жерден еки шығанақ бийикликке түсип, ушып жүрген еди.
32 Сол күни халық күни менен, түни менен ҳәм ертеңине кешке дейин бөдене жыйнады. Олардың ҳеш бири он хомерден* аз жыйнамады. Бөденелерди кептириў ушын, оларды шатырларының дөгерегине жайып қойды.
33 Бирақ халық гөшти еле аўзына алып, жеўге үлгермей-ақ, Жаратқан Ийе ғәзепленип, оларды күшли бир оба менен жазалады.
34 Сонлықтан сол жер Киброт-Ҳаттааўа* аты берилди. Өйткени ол жерге нәпсин тыя алмаған адамлар жерленген еди.
35 Халық Киброт-Ҳаттааўадан Хасеротқа көшип, сол жерде қалды.



































