Санлар 20 bob
1 Биринши айда Израил халқының пүткил жәмийети Зин шөлине жетип барып, Қадешке орналасты. Мәриям сол жерде қайтыс болып, жерленди.
2 Ол жерде халық ушын ишетуғын суў жоқ еди. Сол себепли олар Муўса менен Харонға қарсы жыйналып,
3 Муўса менен даўласып, былай деди: – Туўысқанларымыз Жаратқан Ийениң алдында өлген ўақытта, бизлер де олар менен бирге өлип кеткенимиз жақсы еди!
4 Жаратқан Ийениң жәмийетин бул шөлге не ушын алып келдиң? Бизлер ҳайўанларымыз бенен бирге өлиўимиз ушын ба?
5 Не ушын бизлерди усы жаман жерге алып келиў ушын Мысырдан алып шықтың? Бул жердиң егислиги де, әнжири де, жүзими де, анары да жоқ. Ҳәттеки, ишетуғын суўы да жоқ!
6 Муўса менен Харон жәмийеттиң алдынан кетип, Ушырасыў шатырының алдына барды да, ол жерде ет бетинен жерге жығылды. Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты оларға көринди.
7 Жаратқан Ийе Муўсаға: – Таяғыңды ал. Әжағаң Харон менен бирге жәмийетти бир жерге жыйнаң. Кейин жәмийеттиң көз алдында суў атлығып шығыўы ушын, жартасқа буйрық бериң. Сонда сен жартастан суў шығарып, оларға да, ҳайўанларына да суў бересең, – деди
8 .
9 Муўса өзине берилген буйрық бойынша Жаратқан Ийениң дәргайындағы таяқты алып,
10 Харон менен бирге жәмийетти жартастың алдына жыйнады. Муўса оларға: – Ҳәй, көтерилисшилер, маған қулақ салыңлар! Мына жартастан сизлерге суў шығарып берейик пе? – деди.
11 Соннан кейин, Муўса қолындағы таяғын көтерип, жартасқа еки мәрте урды. Сонда жартастан суў атлығып шықты ҳәм пүткил жәмийет те, ҳайўанлары да оннан суў ишти.
12 Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди: – Израиллылардың көз алдында Мениң мухаддеслигиме ҳүрмет көрсетпей, Маған исенбедиңлер. Соның ушын, Мен бул жәмийетке беретуғын елге оларды сизлер алып бармайсызлар.
13 Израил халқы Жаратқан Ийеге қарсы шығып, даўласқан сол жер Мериба суўлары деп аталды. Усы жерде Жаратқан Ийе оларға Өз мухаддеслигин көрсетти.
14 Муўса Қадештен Эдом патшасына елшилер арқалы мынадай хабар жиберди: «Туўысқаның болған Израил халқы былай деп айтып атыр: Басымызға түскен барлық қыйыншылықлардан хабарың бар.
15 Ата- бабаларымыз Мысыр жерине барып қоныс басты ҳәм сол жерде узақ ўақыт даўамында жасадық. Мысырлылар ата-бабаларымызға да, бизлерге де зулымлық қылды.
16 Бирақ бизлер Жаратқан Ийеге жалбарынғанымызда, Ол периштесин жиберип, бизлерди Мысырдан алып шықты. Мине, енди бизлер сениң шегараңа жақын жердеги Қадеш қаласында турыппыз.
17 Бизлерге елиң арқалы өтип кетиўимизге рухсат берсеңиз. Сизлердиң егин атызларыңызға, жүзим бағларыңызға кирмеймиз ҳәм қудықларыңыздан суў ишпеймиз. Елиңиз арқалы өткенде, оңға да, шепке де бурылмай, тек ғана Патша жолы деген үлкен жолдан жүрип, жолымызды даўам етемиз».
18 Бирақ Эдом патшасы: «Елим арқалы өтпейсизлер! Болмаса, сизлерге қарсы қылыш көтеремиз», – деп жуўап берди.
19 Сонда израиллылар оған: «Бизлер үлкен жолдан жүрип, өтип кетемиз. Егер бизлер ямаса ҳайўанларымыз суўыңнан ишсек, оның ҳақысын төлеймиз. Бизлер тек бары-жоғы елиңиз арқалы өтип кетемиз», – деп илтимас қылды.
20 Деген менен, Эдом патшасы оларға және: «Өтпейсизлер!» – деп жуўап берди. Соннан кейин, эдомлылар израиллыларға қарсы жүрис қылыў ушын, көп санлы ҳәм күшли ләшкерлери менен жолға шықты.
21 Эдом патшасы елинен өтиўине рухсат бермегеннен соң, израиллылар артқа бурылып, айланып өтиў ушын, оннан узақласты.
22 Пүткил Израил жәмийети Қадештен шығып, Ҳор таўына келди.
23 Жаратқан Ийе Эдом шегарасындағы Ҳор таўында Муўса менен Харонға былай деди:
24 – Харон өлип, өз ата-бабаларына қосылады. Ол Мен Израил халқына беретуғын елге кирмейди. Өйткени екеўиңиз Мериба суўлары жанында Мениң буйрығыма қарсы шықтыңлар.
25 Енди сен Харон менен оның улы Элазарды Ҳор таўына алып шық.
26 Харонның руўханийлик кийимлерин шешип алып, оларды улы Элазарға кийгиз. Харон ол жерде өлип, ата- бабаларына қосылады.
27 Муўса Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылды. Олар үшеўи де пүткил жәмийеттиң көз алдында Ҳор таўына көтерилди.
28 Муўса Харонның руўханийлик кийимлерин үстинен шешип алды да, оларды улы Элазарға кийгизди. Харон сол жерде, таўдың жоқарысында өлди. Кейин, Муўса менен Элазар таўдан түсти.
29 Пүткил Израил жәмийети Харонның өлгенин билгенде, ол ушын отыз күн аза тутты.



































