Матта 13 bob
1 Сол күни Ийса үйден шығып, теңиздиң жағасына барып отырды.
2 Оның жанына жүдә көп халық жыйналғанлықтан, Ол қайыққа минип отырды, ал халық жағада турды.
3 Ол тымсаллар менен оларға көп нәрселерди айтып, былай деди: – Бир күни туқым себиўши туқым себиўге шығыпты.
4 Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, қуслар келип, оларды шоқып жеп қойыпты.
5 Гейбиреўлери топырағы аз болған таслаққа түсип, жер терең болмағанлықтан тез көгерип шығыпты.
6 Бирақ күн шыққаннан соң солып, тамырсыз болғанлықтан қуўрап қалыпты.
7 Гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Тикенлер өскеннен соң, оларды туншықтырып таслапты.
8 Ал басқалары өнимли жерге түсип, биреўи жүз еседен, биреўи алпыс еседен, биреўи отыз еседен зүрәәт берипти.
9 Қулағы бар жақсылап еситип алсын!
10 Ийсаның шәкиртлери қасына келип, Оннан: – Халыққа не ушын тымсаллар менен сөйлеп турсаң? – деп сорады.
11 Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Аспан Патшалығының сырларын билиў сизлерге берилген, бирақ оларға берилмеген.
12 Себеби кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оннан бары да тартып алынады.
13 Сонлықтан да оларға тымсаллар менен сөйлеп турман. Өйткени: «Олар қараса да көрмейди, Тыңласа да еситпейди ҳәм түсинбейди».
14 Ийшая пайғамбардың алдын ала олар ҳаққында айтқаны дурыс келди: «Тыңлап еситесизлер, бирақ түсинбейсизлер, Қарайсызлар, бирақ көрмейсизлер!
15 Себеби бул халықтың кеўли қайсар болып, Қулақлары питип қалған, олар көзлерин де жумып алған. Олай болмағанда, олардың көзлери көрер еди, Қулақлары еситер еди, кеўиллери түсинер еди. Олар Маған қайтып келсе, Мен оларға шыпа берер едим».
16 Бирақ, сизлердиң көрип турған көзлериңиз, еситип турған қулақларыңыз бахытлы!
17 Сизлерге шынын айтып турман: көплеген пайғамбарлар менен ҳақ адамлар сизлердиң көргенлериңизди көргиси келген еди, бирақ көрмеди. Еситкенлериңизди еситкиси келген еди, бирақ еситпеди.
18 – Енди сизлер туқым себиўши туўралы тымсалдың мәнисин тыңлаңлар.
19 Аспан Патшалығы туўралы айтылған сөзди еситкен, бирақ оны түсинбеген адамға шайтан келип, оның кеўлине себилген сөзди тартып әкетеди. Жол бойына себилген туқымның мәниси усы.
20 Ал таслаққа себилген туқым мынаны билдиреди: адам сөзди еситкен ўақытта-ақ, оны қуўаныш пенен қабыл алады.
21 Бирақ тамырсыз болғанлықтан, турақсызлық етеди. Сөз ушын азап шегиўге ямаса қуўдаланыўға туўра келгенде, тез исенимнен қайтады.
22 Тикенлер арасына себилген туқым мынаны билдиреди: адам сөзди еситеди, бирақ бул дүньяның тәшиўишлери ҳәм байлыққа алданыў сөзди туншықтырады. Сонлықтан ол зүрәәт бермейди.
23 Ал өнимли жерге себилген туқым мынаны билдиреди: адам сөзди еситип, оны түсинеди ҳәм биреўлери жүз еседен, биреўлери алпыс еседен, биреўлери отыз еседен зүрәәт береди.
24 Ийса басқа тымсал келтирип, оларға былай деди: – Аспан Патшалығы өзиниң егислик жерине жақсы туқым сепкен адамға уқсайды.
25 Түнде, адамлар уйықлаған ўақытта душпаны келип, оның бийдайының арасына ҳарам шөп егип кетипти.
26 Бийдай көгерип масақ шығарғанда, ҳарам шөп те пайда бола баслапты.
27 Сонда хызметшилери хожасына келип: «Хожайын! Сиз егислик жериңизге жақсы туқым сеппеген бе едиңиз? Онда ҳарам шөп қаяқтан пайда болды?» – депти.
28 Ол: «Буны душпан иследи», – депти. Сонда хызметшилери: «Бизлердиң барып, оларды суўырып таслаўымызды қәлейсиз бе?» – деп сорапты.
29 Ол: «Яқ, сизлер ҳарам шөплерди суўырғаныңызда, олар менен бирге бийдайды да суўырып алыўыңыз мүмкин
30 Орыў мәўсими жеткенше, екеўи қатар өсе берсин. Орыў мәўсиминде мен орақшыларға: „Дәслеп ҳарам шөпти жыйнаңлар ҳәм баўлап өртеңлер, ал бийдайды телегиме қуйыңлар“, – деймен», – депти.
31 Ийса оларға өзге бир тымсал келтирип, былай деди: – Аспан Патшалығы бир адамның өз егислик жерине еккен қышқыл туқымына уқсайды.
32 Ол туқымлардың ишиндеги ең кишкенеси болса да, өсип шыққаннан соң барлық шөплерден үлкейип, терек болады. Шақаларына аспан қуслары ушып келип, уя салады.
33 Ийса оларға басқа тымсал айтып: – Аспан Патшалығы бир ҳаялдың алып, барлық қамыр ашығанша, үш самар унға араластырған ашытқысына уқсайды, – деди.
34 Ийса булардың ҳәммесин халыққа тымсаллар менен айтты. Тымсалсыз оларға ҳеш нәрсе айтпады.
35 Солай етип, пайғамбардың алдын ала айтқан мына сөзлери орынланды: «Аўзымды тымсаллар айтыў ушын ашып, Дүнья жаратылғаннан бери жасырын болғанларды сөйлеймен».
36 Соңынан Ийса халықты қалдырып, үйге кирди. Шәкиртлери Оның қасына келип: – Егислик жердеги ҳарам шөп туўралы тымсалды бизлерге түсиндирип бер, – деди.
37 Ийса былай деп жуўап берди: – Жақсы туқым себиўши – Адам Улы.
38 Егислик жер – дүнья, жақсы туқымлар – Аспан Патшалығының балалары. Ал ҳарам шөплер – шайтанның балалары.
39 Ҳарам шөплерди сепкен душпан – шайтан. Орыў мәўсими – ақырзаман, орақшылар – периштелер болады.
40 Солай етип, ҳарам шөплерди қалай жыйнап алып, отқа жақса, бул дүньяның ақырында да сондай болады.
41 Адам Улы периштелерин жибереди, Оның Патшалығынан олар барлық азғырыўшылар менен нызамды бузыўшыларды жыйнап алады да,
42 жанып турған ошаққа таслайды: олар сол жерде жылап, пушайман жейди.
43 Сонда ҳақ адамлар өзлериниң Әкесиниң Патшалығында күн сыяқлы жарқырап турады. Қулағы бар жақсылап еситип алсын!
44 – Аспан Патшалығы егислик жерге жасырылған ғәзийнеге уқсайды. Оны биреў таўып алып, және жасырып қойыпты да, қуўанғанынан барлық мал-мүлкин сатып жиберип, сол егислик жерди сатып алыпты.
45 Және Аспан Патшалығы ҳасыл ҳинжилер излеп жүрген бир саўдагерге уқсайды.
46 Ол жүдә қымбат бир ҳинжини тапқанда, өзиниң барлық мал-мүлкин сатып жиберип, сол ҳинжини сатып алыпты.
47 – Және Аспан Патшалығы теңизге салынып, әлўан түрли балықлар түскен аўға уқсайды.
48 Толғаннан кейин, балықшылар оны жағаға сүйреп шығарыпты. Соңынан отырып, жақсыларын таңлап ыдысларға салып, ал жаманларын ылақтырып таслапты.
49 Ақырзаманда да солай болады: периштелер келип, жаман адамларды ҳақ адамлардан айырып алып,
50 жанып турған ошаққа таслайды. Олар сол жерде жылап, пушайман жейди.
51 Соннан соң, Ийса олардан: – Булардың ҳәммесин түсиндиңлер ме? – деп сорады. Олар: – Аўа, Ийем, түсиндик, – деди.
52 Ийса оларға: – Сонлықтан Аспан Патшалығынан үйренген ҳәр бир диний муғаллим өз ғәзийнесинен жаңаны да, гөнени де шығарыўшы үй ийесине уқсайды, – деди.
53 Ийса усы тымсалларды айтып болғаннан соң, сол жерден кетип қалды.
54 Өзи өскен қалаға келип, сол жердеги мәжилисханада халыққа тәлим бере баслады. Халық таң қалысып: – Ол бундай даналықты ҳәм кәрамат ислеў қүдиретин қаяқтан алған?
55 Ол – ағаш устасының баласы емес пе? Оның анасының аты Мәриям, инилериниң атлары Яқып, Юсуп, Симон, Яҳуда емес пе?
56 Оның ҳәмме қарындаслары да бизиң арамызда емес пе? Ал булардың ҳәммеси Онда қаяқтан пайда болды екен? – деди де,
57 Оны тән алмады. Сонда Ийса оларға: – Пайғамбардың барлық жерде қәдири бар, ол тек өз ўатаны менен үйинде ғана қәдирсиз, – деди.
58 Олар исенбегени себепли, Ийса ол жерде көп кәраматларды ислемеди.