Марк 10 bob

1 Ийса сол жерди қалдырып, Яҳудия үлкесине ҳәм Иорданның арғы тәрепине кетти. Оның жанына және көп халық жыйналған еди ҳәм Ол тағы әдеттегидей оларға тәлим берди
2 Ийсаға айырым парисейлер келди ҳәм Оны сынап көрмекши болып: – Ер адамның ҳаялы менен ажырасыўы нызамға туўры келе ме? – деп сорады.
3 Ийса сораўға сораў менен жуўап берип: – Муўса сизлерге нени буйырған еди? – деди.
4 Олар: – Муўса ер адамның ҳаялына талақ хат жазып, ажырасыўына рухсат еткен, – деди.
5 Ийса оларға: – Сизлер тас баўыр болғанлықтан, ол усы буйрықты жазған еди.
6 «Бирақ жаратылыстың басында Қудай адамларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратқан».
7 «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады
8 ҳәм екеўи бир дене болады. Солай етип, олар енди еки емес, ал бир дене болады».
9 Сол себепли, Қудай қосқанларды адам ажыратпасын, – деди.
10 Үйде болғанда, Оннан шәкиртлери және усылар ҳаққында сорады.
11 Ийса оларға: – Ким де ким өз ҳаялы менен ажырасып, басқа ҳаял алса, ол ҳаялына болған неке ҳадаллығын бузған болады.
12 Ҳаял да өз күйеўи менен ажырасып, басқа еркекке турмысқа шықса, ол да неке ҳадаллығын бузған болады, – деди.
13 Қолын тийгизсин деп, адамлар Ийсаға балаларын алып келди. Ал шәкиртлери оларға кейиди.
14 Буны көргенде Ийса оларға ашыўланып: – Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер! Оларға тосқынлық жасамаңлар! Өйткени Қудай Патшалығы усындайлардики.
15 Шынын айтып турман: – Ким де ким Қудай Патшалығын бала сыяқлы қабыл етпесе, оған ҳеш кире алмайды, – деди.
16 Соңынан балаларды қушақлап, олардың үстине қолларын қойып, пәтиясын берди.
17 Ийса жолға шығып баратырғанда бир адам жуўырып келип, Оның алдында дизе бүкти де: – Ийгиликли Устаз! Мәңгилик өмирди алыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады.
18 Ийса оған: – Сен неге Мени ийгиликли деп атап атырсаң? Жалғыз Қудайдан басқа ҳеш ким ийгиликли емес.
19 Оның буйрықларын өзиң билесең-ғо: «Адам өлтирме, неке ҳадаллығын бузба, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, жалатайлық қылма, ата-анаңды ҳүрметле».
20 Ол Ийсаға: – Устаз! Мен булардың ҳәммесин бала ўақтымнан бери орынлап киятырман, – деди.
21 Ийса оған сүйиспеншилик пенен қарап: – Саған бир нәрсе жетиспейди. Барып барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға бер, сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди.
22 Бирақ жигит бул сөзлерди еситкенде түри өзгерип кетти. Ол қапа болып, кетип қалды. Себеби оның байлығы көп еди.
23 Ийса әтирапына қарап, шәкиртлерине: – Байлығы барларға Қудай Патшалығына кириў қандай қыйын! – деди.
24 Шәкиртлери бул сөзлерди еситип, таң қалысты. Бирақ Ийса оларға және: – Балаларым! Қудай Патшалығына кириў қандай қыйын!
25 Бай адамның Қудай Патшалығына кириўинен гөре, түйеге ийнениң көзинен өтиў аңсатырақ, – деди.
26 Олар қатты таң қалысып, бир-бирине: – Олай болса, ким қутқарыла алады? – деди.
27 Ийса оларға қарап: – Бул адамлардың қолынан келмейди, бирақ Қудайдың қолынан келеди. Өйткени Қудай ушын мүмкин емес нәрсе жоқ, – деди.
28 Сонда Петр сөз баслап, Оған: – Минекей, бизлер ҳәмме нәрсени таслап, Сениң изиңе ердик, – деди.
29 Ийса жуўап берип: – Шынын айтып турман: ким де ким Мен ҳәм Хош Хабар ушын я үйлерин, я аға-инилерин, я апа-қарындасларын, я ата-анасын, я балаларын, я жерлерин таслап шықса
30 ол ҳәзир, бул дүньяда қуўдаланыўлар менен бирликте жүз есе артығы менен үйлерин де, аға-инилерин де, апа-қарындасларын да, аналарын да, балаларын да, жерлерин де алады ҳәм келешекте мәңгилик өмирге ийе болады.
31 Бирақ, бириншилердиң көбиси соңғылар, соңғылардың көбиси бириншилер болады, – деди.
32 Олар Ерусалимге көтерилетуғын жолда баратырғанда, Ийса шәкиртлериниң алдында жүрди. Шәкиртлери таң қалысты, ал ерип киятырғанлар қорқынышта еди. Ийса он еки шәкиртин және шақырып алды да, Өзине не болатуғыны ҳаққында оларға айта баслап, былай деди:
33 – Минекей, бизлер Ерусалимге қарай көтерилип баратырмыз. Сол жерде Адам Улы бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлердиң қолына услап бериледи. Олар Оны өлимге ҳүким етип, басқа миллет адамларына тапсырады.
34 Олар Оны масқаралап, Оған түкиреди ҳәм қамшылап сабап, өлтиреди. Ал үш күннен кейин, Ол қайта тириледи.
35 Сонда Зебедейдиң уллары Яқып ҳәм Юхан Ийсаға келип: – Устаз! Бизлер не сорасақ та, соны Сениң бизлер ушын орынлаўыңды қәлеймиз, – деди.
36 Ийса олардан: – Мениң сизлер ушын не ислеўимди қәлейсизлер? – деп сорады.
37 Олар: – Өзиңниң салтанатлы патшалығыңда биреўимизди оң жағыңа, екиншимизди сол жағыңа отырғыз, – дести.
38 Ийса: – Сизлер не сорап турғаныңызды билмейсизлер. Сизлер Мен ишетуғын азап кесесинен ише аласызлар ма? Мениң шомылдырылатуғынымдай, шомылдырыла аласызлар ма? – деди.
39 Олар: – Аўа, аламыз, – деп жуўап берди. Ийса оларға: – Мен ишетуғын азап кесесинен сизлер де ишесизлер, Мениң шомылдырылатуғынымдай, сизлер де шомылдырыласызлар.
40 Бирақ Мениң оң жағым ямаса сол жағыма отырғызыў Мениң еркимде емес. Бул орынлар кимлерге арналған болса, солар отырады, – деди.
41 Қалған он шәкирт буны еситкенде, Яқып пенен Юханға ашыўланып қалды.
42 Сонда Ийса оларды қасына шақырып алып: – Басқа миллетлер арасында ҳүкимдарлары болып есапланғанлар халыққа зулымлық етип, басшылары үстемлик пенен басқаратуғынын сизлер билесизлер.
43 Бирақ, сизлердиң араңызда бундай болмасын. Араңызда ким уллы болғысы келсе, ол сизлерге хызметши болыўы шәрт.
44 Араңызда ким биринши болғысы келсе, ол ҳәммеге қул болыўы шәрт.
45 Себеби Адам Улы да Өзине хызмет еттириўге емес, ал Өзи хызмет етиўге ҳәм көплеген адамлардың қутқарылыўы ушын Өз жанын қурбан етиўге келди, – деди.
46 Олар Ерихоға келди. Ийса Өз шәкиртлери ҳәм көп халық пенен Ериходан шығып баратырғанда, жол бойында тиленшилик етип, Тимейдиң улы соқыр Бартимей отыр еди.
47 Ол Насыралы Ийсаның сол жерде екенин еситкенде: – Даўыттың Урпағы Ийса! Маған реҳим ете гөр! – деп бақыра баслады.
48 Көп адамлар үнин шығармаўын айтып, оған кейиди. Бирақ ол оннан да бетер қатты бақырып: – Даўыттың Урпағы! Маған реҳим ете гөр! – деди.
49 Ийса тоқтап: – Оны шақырың, – деди. Адамлар соқырды шақырып: – Жигерли бол, орныңнан тур! Ол сени шақырып атыр, – деди.
50 Ол шапанын шешти де, орнынан ушып турып, Ийсаға келди
51 Ийса оннан: – Мениң сен ушын не ислеўимди қәлейсең? – деп сорады. Соқыр адам Оған: – Устаз! Көзлерим көретуғын болсын, – деди.
52 Ийса оған: – Бар, исенимиң сени қутқарды, – деди. Сол ўақытта-ақ соқырдың көзи қайтадан көретуғын болды ҳәм ол Ийсаның изине ерип, жолға түсти.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.