Марк 15 bob

Пилаттың Ийсаны тергеўи (1-5), Ийсаның өлимге ҳүким етилиўи (6-15), Әскерлердиң Ийсаны масқаралаўы (16-20), Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи (21-32), Ийсаның жан тапсырыўы (33-41), Ийсаның қәбирге қойылыўы (42-47).

1 Таң атыўдан бас руўханийлер, ақсақаллар, диний муғаллимлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес мәсләҳәтлесип алды да, Ийсаны байлап, римли ҳәким Пилатқа апарып тапсырды.
2 Пилат Оннан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди өзиң айттың, – деп жуўап берди.
3 Бас руўханийлер Оны көп нәрселерде айыплады.
4 Пилат және Ийсадан сорап: – Сен ҳеш жуўап бермейсең бе? Қара, олар Саған қаншама айып тағып атыр, – деди.
5 Бирақ Ийса ҳеш жуўап бермегенликтен, Пилат ҳайран қалды+
6 Ҳәр Қутқарылыў байрамында Пилат халық сораған бир тутқынды босатып беретуғын еди.
7 Сол ўақытта қамақта қозғалаң ўақтында өзиниң шериклери менен адам өлтирген Бараба деген бир адам бар еди.
8 Халық Пилатқа келип, әдеттегидей ислейтуғын исин олар ушын ислеп, бир тутқынды босатып бериўин сорай баслады.
9 Пилат олардан: – Яҳудийлердиң Патшасын босатып бериўимди қәлейсизлер ме? – деп сорады.
10 Себеби ол бас руўханийлердиң Ийсаны өзине күншиллик пенен услап бергенин билетуғын еди.
11 Бирақ бас руўханийлер халықты үгитлеп, Ийсаның орнына Барабаны босатып бериўди талап еттирди.
12 Пилат оларға және: – Олай болса, сизлер Яҳудийлердиң Патшасы деп атаған Адамға не ислейин? – деди.
13 Олар: – Оны атанақ ағашқа шегелет! – деп бақырысты.
14 Пилат олардан: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? – деп сорады. Бирақ олар қаттырақ бақырысып: – Оны атанақ ағашқа шегелет! – деди.
15 Сонда Пилат халықты қанаатландырыў ушын Барабаны босатып берди. Ал Ийсаны қамшылатқаннан соң, атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды.
16 Әскерлер Ийсаны ҳүкимет сарайының ишки ҳәўлисине алып барып, пүткил әскерлерди жыйнады.
17 Олар Ийсаға шым қызыл шапан кийгизди де, тикенли шыбықлардан таж өрип, басына салды.
18 Соңынан: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп бақырыса баслады.
19 Басына қамыс пенен урып, Оған түкирди де, алдында дизе бүгип, тәжим етти.
20 Масқаралап болғаннан соң, олар Ийсаның үстиндеги шым қызыл шапанды шешип алып, Оған Өз кийимин кийгизди де, атанақ ағашқа шегелеў ушын алып кетти.
21 Искендер ҳәм Руфустың әкеси, Симон деген киренели бир адам аўылдан киятырып, сол жерден өтип баратыр еди. Оны Ийсаның атанақ ағашын арқалап алып жүриўге мәжбүрледи.
22 Олар Ийсаны Голгота деп аталған, яғный «Бас сүйек орны» дегенди аңлататуғын жерге алып келди.
23 Оған мирра қосылған шарапты бергенде, Ол ишиўден бас тартты.
24 Ийсаны атанақ ағашқа шегелеп болғаннан соң, ким не алар екен деп шек тасласып, өз ара Оның кийимлерин бөлисти.
25 Олар Ийсаны атанақ ағашқа шегелегенде, саат азанғы тоғыз еди.
26 Оның бас бетинде айыбын көрсететуғын: «ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ» деген жазыў бар еди.
27 Ийса менен бирге еки қарақшыны да, биреўин оң, екиншисин сол тәрепине атанақ ағашқа шегеледи. [ 28 ]
28 Өтип баратырғанлар басларын шайқады ҳәм Оның үстинен күлип: – Ҳәй, Ибадатхананы бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклейжақ болған, Сен!
29 Өзиңди Өзиң қутқарып, атанақ ағаштан түсип көрши! – деди.
30 Бас руўханийлер менен диний муғаллимлер де Оны мазақ қылып, бир-бирине: – Бул басқаларды қутқарып, Өзин Өзи қутқара алмайды!
31 Израилдың Патшасы Масих ҳәзир атанақ ағаштан түссин, сонда бизлер көрип, Оған исенемиз, – дести. Ийса менен бирге атанақ ағашқа шегеленгенлер де Оны мазақ етти.
32 Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды.
33 Саат үште Ийса қатты даўыс пенен: – Елой, Елой! Лама сабахтани? – деп бақырды. Бул: «Қудайым, Қудайым! Неге Мени таслап кеттиң?» – дегенди аңлатады.
34 Сол жерде турғанлардың гейбиреўлери буны еситип: – Қараңлар, Ол Илиясты шақырып атыр, – дести.
35 Сонда бир адам жуўырып барып, сорғышты сирке суўына сиңдирди ҳәм оны бир таяққа қадады да, Оған ишиўге берип: – Тоқтай турың! Илияс келип, Оны түсирип алар ма екен, көрейик! – деди.
36 Ал Ийса қатты бақырды да, жан тапсырды.
37 Сол ўақытта Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан төменге дейин қақ айырылып, екиге бөлинди.
38 Ийсаның қарсысында турған жүзбасы Оның усылай жан тапсырғанын көрип: – Ҳақыйқаттан да, бул Адам – Қудайдың Улы екен, – деди.
39 Сол жерде узақтан қарап турған бир неше ҳаял бар еди. Олардың арасында: магдалалы Мәриям, кишкене Яқып пенен Иосестиң анасы Мәриям ҳәм Саломия болды.
40 Олар Ийсаға Галилада болған ўақтында ерип жүрип, Оған хызмет еткен еди. Ол жерде Ийса менен бирге Ерусалимге келген басқа көп ҳаяллар да бар еди.
41 Күн кеш болды. Бул күн таярлық күни, яғный шемби күнинен алдыңғы жума күни еди.
42 Сонда жоқарғы кеңестиң ҳүрметли ағзасы, Қудайдың Патшалығын күтиўши ариматиялы Юсуп келди. Ол батыллық пенен Пилаттың алдына кирди де, Ийсаның денесин сорады.
43 Пилат Ийсаның әлле қашан өлгенине ҳайран қалып, жүзбасыны шақыртып алды да: – Өлгенине көп ўақыт болды ма? – деп сорады.
44 Жүзбасыдан билип алғаннан соң, ол денени Юсупке берди.
45 Юсуп кепинлик таўар сатып алды. Ол Ийсаның денесин атанақ ағаштан түсирип алып, кепин менен орады да, жартаста ойылған қәбирге қойып, қәбирдиң аўзына бир тасты домалатып қойды.
46 Магдалалы Мәриям менен Иосестиң анасы Мәриям Ийсаның қай жерге қойылғанын көрди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.