Марк 16 bob

Ийсаның қайта тирилиўи (1-8), Ийсаның магдалалы Мәриямға көриниўи (9-11), Ийсаның еки шәкиртине көриниўи (12-13), Ийсаның шәкиртлерине тапсырмасы (14-18), Ийсаның аспанға алыныўы (19-20).

1 Дем алыс күни өткеннен соң, магдалалы Мәриям, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм Саломия Ийсаның денесине жағыў ушын хош ийисли май сатып алды.
2 Олар ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни қуяш шығыўдан таң азанда қәбирге келди.
3 Өз ара: – Қәбирдиң аўзындағы тасты бизлерге ким домалатып берер екен? – деп сөйлести.
4 Бирақ басларын көтерип қарап, тастың домалатып тасланғанын көрди. Тас жүдә үлкен еди.
5 Қәбирдиң ишине кирген олар оң тәрепте отырған ақ кийимли бир жас жигитти көрип, қорқып кетти.
6 Жигит оларға: – Қорқпаңлар! Сизлер атанақ ағашқа шегеленген Насыралы Ийсаны излеп жүрсизлер-ғо. Ол қайта тирилди, Ол бул жерде жоқ. Мине, Оның қойылған жери.
7 Енди барып, Оның шәкиртлерине ҳәм Петрге: «Ол сизлерден бурын Галилада болады. Өзиниң айтқанындай, Оны сол жерде көресизлер», – деп айтыңлар, – деди.
8 Ҳаяллар қатты қорқысып ҳәм қалтырасып, қәбирден шығып қашып кетти. Қорққанлықтан, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтпады.
9 Ийса ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни ерте таңда қайта тирилип, биринши болып магдалалы Мәриямға көринди. Ийса бурын оннан жети жинди қуўып шығарған еди.
10 Мәриям барып, буны Ийса менен бирге болғанларға хабарлады. Олар жылап, қайғырып отырған еди.
11 Бирақ олар Ийсаның тири екенин ҳәм Мәриямның Оны көргенин еситсе де, исенбеди.
12 Соңынан Ийса аўылға баратырған олардың екеўине басқаша түрде көринди.
13 Олар қайтып келип, басқа шәкиртлерге хабарлағанда, оларға да исенбеди.
14 Соңынан Ийса аўқатланып отырған он бир шәкиртине көринип, оларды исенбеўшиликте ҳәм қайсарлықта айыплады. Өйткени олар Оның тирилгенин көргенлерге исенбеген еди.
15 Ийса оларға былай деди: – Пүткил дүнья бойлап жүриңлер ҳәм барлық адамларға Хош Хабарды жәриялаңлар.
16 Ким де ким исенип шомылдырылса, қутқарылады, ал ким де ким исенбесе, ҳүким етиледи.
17 Исенгенлер менен мынадай кәраматлы белгилер бирге болады: Мениң атым менен жинлерди қуўып шығарып, жаңа тиллерде сөйлейди.
18 Қоллары менен жыланларды услап алса да ҳәм уўлы зат ишсе де, оларға зыян келмейди. Аўырыўлардың үстилерине қолларын қойғанда, олар шыпа табады.
19 Ийемиз Ийса оларға усыларды айтып болғаннан соң, аспанға алынды ҳәм Қудайдың оң тәрепине отырды.
20 Ал шәкиртлери барып, ҳәмме жерде Хош Хабарды жәриялап жүрди. Ийемиз олар менен бирге ислеп, Өз сөзин кәраматлы белгилер арқалы тастыйықлайтуғын еди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.