Марк 2 bob

Ләң адамның шыпа табыўы (1-12), Лебийдиң шәкирт болыўы (13-17), Ораза ҳаққында сораў (18-22), Дем алыс күни ҳаққында сораў (23-28).

1 Бир неше күннен кейин, Ийса және Капарнаҳумға қайтып келгенде, адамлар Оның үйде екенин еситти.
2 Көп адам жыйналғанлықтан, есик алдында да орын қалмады. Ийса оларға Қудайдың сөзин айтты.
3 Сонда Оған төрт адам бир ләң адамды көтерип алып келди.
4 Бирақ адам көп болғанлықтан, Ийсаға жақынласа алмады. Сонлықтан олар Ийса болған үйдиң төбесин ашып, ләң адамды төсеги менен төменге түсирди.
5 Ийса олардың исенимин көрип, ләң адамға: – Балам, гүналарың кеширилди! – деди.
6 Сол жерде бир неше диний муғаллимлер отырған еди, олар ишлеринен:
7 «Ол неге Қудайға тил тийгизип тур? Гүналарды жалғыз Қудайдан басқа ким кешире алады?» – деп ойлады.
8 Ийса олардың не ойлағанын дәрриў билип: – Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар?
9 Ләң адамға нени айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса «Орныңнан турып, төсегиңди алып жүр», – деў ме?
10 Бирақ, Адам Улының жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деди де, ләң адамға:
11 – Саған айтаман: орныңнан тур да, төсегиңди алып, үйиңе бар! – деди.
12 Адам орнынан турды да, дәрриў төсегин алып, адамлардың көз алдында шығып кетти. Ҳәмме таң қалысты ҳәм Қудайды мақтап: – Бизлер ҳеш қашан бундай нәрсени көрген жоқпыз, – дести.
13 Ийса және теңиз жағасына барғанда, халық Оның қасына келди ҳәм Ол адамларға тәлим берди.
14 Ийса кетип баратырып, салық кеңсесинде отырған Алпейдиң улы Лебийди көрди де, оған: – Мениң изиме ер! – деди. Ол орнынан турып, Ийсаның изине ерди.
15 Ийса Лебийдиң үйинде дастурхан басында отырғанда, көп салықшылар менен гүнакарлар Ол ҳәм Оның шәкиртлери менен бирге аўқат жеди. Өйткени Оның изине ериўши бундай адамлар көп еди.
16 Парисейлер арасындағы диний муғаллимлер Оның гүнакарлар ҳәм салықшылар менен бирге ас ишип отырғанын көрип, Оның шәкиртлерине: – Ол неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ас ишип отыр? – деди.
17 Буны еситкен Ийса: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим, – деди.
18 Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутатуғын еди. Айырым адамлар Ийсаға келип: – Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутады, ал Сениң шәкиртлериң неге ораза тутпайды? – деп сорады.
19 Ийса оларға: – Тойға келгенлер күйеў олар менен бирге болған ўақытта ораза тута ала ма? Күйеў өзлери менен бирге болса, олар ораза тута алмайды.
20 Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, олар сонда, сол күнлери ораза тутады.
21 Ҳеш ким ески кийимге жаңа таўардан жамаў жамамайды. Олай етсе, жаңа жамаў ески кийимнен жыртылып қалып, жыртық бурынғысынан бетер болады.
22 Ҳеш ким жаңа шарапты ески меске қуймайды. Олай етсе, жаңа шарап ески мести жарып, шарап та ағып кетеди, мес те бузылады. Жаңа шарап жаңа меске қуйылыўы тийис, – деди.
23 Бир дем алыс күни Ийса бийдай атызының арасынан өтип баратырғанда, шәкиртлери жол бойы бийдайдың масақларын үзе баслады.
24 Парисейлер Ийсаға: – Қара, олар не ушын дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атыр, – деди.
25 Ийса оларға: – Өзи де, қасындағылар да аўқатқа мүтәж болып аш қалғанда, Даўыттың не ислегенин сизлер ҳеш оқымағансызлар ма?
26 Ол бас руўханий Абиятардың заманында Қудайдың Үйине кирип, тек руўханийлерге ғана жеўге болатуғын, Қудайға арналған нанларды өзи де жеген, қасындағыларға да берген емес пе? – деди.
27 Ол және: – Адам дем алыс күни ушын емес, ал дем алыс күни адам ушын жаратылған.
28 Сонлықтан Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.