Юхан 21 bob

Ийсаның Галилада жети шәкиртине көриниўи (1-14), Ийсаның Петр менен сөйлесиўи (15-25).

1 Буннан соң, Ийса Тиберия теңизиниң жағасында шәкиртлерине және көринди. Бул былай болды:
2 Симон Петр, Егиз деп аталған Томас, Галиланың Кана қаласынан болған Натаниел, Зебедейдиң уллары ҳәм Ийсаның шәкиртлеринен және екеўи бирге еди.
3 Симон Петр оларға: – Мен балық аўлаўға кетип баратырман, – деди. – Бизлер де сениң менен бирге барамыз, – деди олар. Олар барып, қайыққа минди. Бирақ сол түни ҳеш нәрсе тута алмады.
4 Таң атқанда, теңиздиң жағасында Ийса турған еди. Бирақ шәкиртлери Оның Ийса екенин билмеди.
5 Ийса олардан: – Ҳәй, дослар, балығыңыз жоқ па? – деп сорады. – Жоқ, – деп жуўап берди олар.
6 – Аўыңызды қайықтың оң жағына салыңлар, сонда тутасызлар, – деди Ийса. Олар аў салып, көп балық тутқанлықтан, аўды тартып шығара алмады.
7 Ийсаның сүйикли шәкирти Петрге: – Бул Ийемиз! – деди. «Бул Ийемиз» дегенди еситкеннен, Симон Петр жалаңаш болғанлықтан кийимин кийип, өзин теңизге атты.
8 Ал басқа шәкиртлер балық толы аўды сүйреп, қайық пенен келди. Өйткени олар жағадан шама менен тек жүз метр узақлықта еди.
9 Олар жағаға шыққанда, ол жерде жағылып атырған көмирди ҳәм қоздың үстине қойылған балық пенен нанды көрди.
10 Ийса оларға: – Ҳәзир тутқан балықларыңыздан алып келиңлер, – деди.
11 Симон Петр қайыққа минип, балыққа толы аўды жағаға тартып шығарды. Аўда бир жүз елиў үш ири балық бар еди. Балықлар соншелли көп болса да, аў жыртылмады.
12 Ийса оларға: – Келиңлер, азанғы аўқатты жеңлер, – деди. Шәкиртлериниң ҳеш қайсысы Оннан: «Сен кимсең?» – деп сораўға батына алмады. Себеби Оның Ийемиз екенин билетуғын еди.
13 Ийса жақынырақ келди де, нанды алып, оларға берди. Балықлар менен де усылай иследи.
14 Солай етип, бул Ийсаның өлимнен тирилгенинен соң, шәкиртлерине үшинши мәрте көриниўи еди.
15 Азанғы аўқатты жеп болғаннан соң, Ийса Симон Петрден: – Юнус улы Симон, Мени олардан да көбирек сүйесең бе? – деп сорады. – Аўа, Ийем. Сени жақсы көретуғынымды билесең-ғо, – деди Оған Петр. Ийса оған: – Қозыларымды отлат, – деди.
16 Ийса екинши мәрте оннан: – Юнус улы Симон, Мени сүйесең бе? – деп сорады. Петр Оған: – Аўа, Ийем. Сени жақсы көретуғынымды билесең-ғо, – деди. Ийса оған: – Қойларымды бақ, – деди.
17 Үшинши мәрте Ийса оннан: – Юнус улы Симон, Мени жақсы көресең бе? – деп сорады. Петр Оның өзинен үш мәрте: «Мени жақсы көресең бе?» – деп сорағанына қапа болды. – Ийем, Сен ҳәммесин билесең, Сени сүйетуғынымды да билесең, – деди Петр. Ийса оған былай деди: – Қозыларымды отлат.
18 Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: жас ўақтыңда белбеўиңди өзиң байлап, қәлеген жериңе баратуғын едиң. Бирақ қартайғаныңда қолларыңды созып турасаң ҳәм басқа биреў белбеўиңди байлап, сени қәлемеген жериңе алып барады.
19 Ийса буны Петрдиң қандай өлим менен Қудайды уллылайтуғынын билдириў ушын айтқан еди. Усыны айтып болып: – Изиме ер, – деди.
20 Петр артына бурылып, Ийсаның сүйикли шәкиртиниң излерине ерип киятырғанын көрди. Бул – кешки аўқат ўақтында Ийсаның көкирегине сүйенип жатып: «Ийем, Саған ким сатқынлық ислейди?» – деп сораған шәкирт еди.
21 Петр оны көрип, Ийсадан: – Ийем, оған не болады? – деп сорады.
22 Ийса оған: – Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не? Сен Мениң изиме ер, – деди.
23 Солай етип, туўысқанлар арасында: «Бул шәкирт өлмейди», – деген сөз тарқалды. Бирақ Ийса Петрге: «Ол өлмейди», – деген жоқ. Ал: «Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не?» – деген еди.
24 Булардың ҳәммеси ҳаққында гүўалық берип, усыларды жазған сол шәкирт. Бизлер оның гүўалығының ҳақыйқат екенин билемиз.
25 Ийса ислеген басқа да көп ислер бар. Егер олар бирме-бир жазылғанда, жазылған китаплар дүньяға сыймас еди, деп ойлайман.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.