Нызамнын кайталаныуы 20 bob

Саўаш ҳаққында (1-20).

1 «Сизлер душпанларыңызға қарсы саўашқа шығыў ушын барғаныңызда, олардың атлары, саўаш арбалары ҳәм сизлерден гөре көп әскерлери бар екенин көрсеңиз, олардан қорқпаңлар. Өйткени сизлерди Мысырдан алып шыққан Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге яр болады.
2 Саўаш басламасыңыздан алдын руўханий келип, әскерлердиң алдына шығып, сөз сөйлеп,
3 оларға былай деп айтсын: „Ҳәй, израиллылар, қулақ салыңлар! Бүгин сизлер душпанларыңызға қарсы саўашқа баратырсыз. Руўхыңыз түспесин, қорқпаңлар. Қәўетерге түсип, олардан сескенбеңлер.
4 Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өзи сизлер менен бирге урысқа барады! Ол сизлер ушын душпанларыңызға қарсы урысып, сизлерге жеңис береди!“
5 Қадағалаўшылар әскерлерге былай деп айтсын: „Араңызда таза үй қурған ҳәм оған көшип барып, қолланыўға үлгермеген адам бар ма? Егер бар болса, үйине қайтсын. Ол урыста қайтыс болса, оның үйине басқа биреў көшип барып, жасайды.
6 Жүзимзар егип, оның мийўесинен татпаған адам бар ма? Егер бар болса, үйине қайтсын. Ол урыста қайтыс болса, оның жүзимин басқа биреў терип алады.
7 Бир қыз бенен атастырылып болып, үйленбеген адам бар ма? Егер бар болса, үйине қайтсын. Ол урыста қайтыс болса, сол қызға басқа биреў үйленип кетеди“.
8 Қадағалаўшылар және былай деп айтсын: „Араңызда қорқып, руўхы түскен адам бар ма? Бар болса, үйине қайтсын. Болмаса, туўысқанлары да оған уқсап қорқысып қалады“.
9 Қадағалаўшылар әскерлерге усы сөзлерди айтып болғаннан соң, әскербасылар әскерлердиң үстинен басшылық етсин.
10 Бир қалаға қарсы ҳүжим етиў ушын, оған жақынласқаныңызда, қала халқына тынышлық жолы менен тәслим болыўын усыныңлар.
11 Егер де олар усы тынышлық усынысыңызды қабыллап, дәрўазаларын сизлерге ашып берсе, онда қалада жасайтуғынлардың ҳәммеси ерксиз хызметшиге айланып, сизлер ушын жумыс ислейди.
12 Бирақ тынышлық усынысыңызды қала халқы қабылламай, сизлер менен урысыўды қәлесе, онда қаланы қоршап алыңлар.
13 Қудайыңыз Жаратқан Ийе қаланы сизлерге тәслим қылғанда, ол жерде жасап атырған барлық еркеклерди қылыш жүзинен өткизиңлер.
14 Ҳаялларды, балаларды, ҳайўанларды ҳәм қаладағы ҳәр бир нәрсени өзлериңизге олжа етип алыңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген душпаныңыздың мал-мүликлерин қолланыўыңызға болады.
15 Сизлер ийелеп алатуғын елиңизден узақта жайласқан қалаларға усылай ислеңлер.
16 Бирақ Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған жердеги қалаларда ҳеш бир тири жан қалдырмаңлар.
17 Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге буйырғанындай, хет, амор, қанан, периз, хиў ҳәм ебус халықларын пүткиллей қырып таслаңлар.
18 Болмаса, олар өзлериниң қудайларына табынып, ислейтуғын жеркенишли ислерин сизлерге үйретеди ҳәм сизлер де Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислейсиз.
19 Егер де бир қаланы қолға алыў ушын, узақ ўақыт қоршап турсаңыз, оның дөгерегиндеги мийўе ағашларды шаўып, жоқ қылмаңлар. Олардың мийўелерин жеўиңизге болады, бирақ шаўып тасламаңлар. Өйткени даладағы мийўе ағашлар қорғанның ишине қашып кететуғындай адам емес-ғо.
20 Тек ғана мийўе бермейтуғын тереклерди шаўып, жоқ қылыўыңызға болады. Қаланы қолға аламан дегенше, қамал қылатуғын үскенелер соғыў ушын, сол тереклерден пайдаланыўыңызға болады».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.