Римлилер 10 bob
1 Туўысқанларым! Мениң жүрегимдеги әрманым ҳәм Қудайдан жалбарынатуғын тилегим – бул халқым болған израиллылардың қутқарылыўы.
2 Олардың Қудайға инталы екенине өзим гүўаман. Бирақ, бул инта ҳақыйқый түсиникке тийкарланбаған.
3 Себеби олар Қудайдың ақлаў жолын түсинбей, ақланыўға Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ерисиўге тырысып, Қудайдың ақлаў жолын қабыл етпеди.
4 Масих Мухаддес Нызамның талапларын толық орынлағанлықтан, Оған исенген ҳәр бир адам Қудай алдында ақланады.
5 Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ақланыў ҳаққында Муўса мыналарды жазады: «Мухаддес Нызамдағы буйрықларды орынлаған адам олар арқалы жасайды» .
6 Ал исеним арқалы ақланыў ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Кеўлиңде: „Масихты жерге түсириў ушын ким аспанға шығады?“
7 ямаса: „Масихты өлимнен тирилтиў ушын ким түпсиз туңғыйыққа түседи?“ – деме».
8 Бирақ, Мухаддес Жазыў не демекте? «Қудайдың сөзи саған жақын, Ол сениң аўзыңда ҳәм жүрегиңде» . Бизлер жәриялап атырған исеним ҳаққында сөзлер – усылар болады.
9 Егер сен Ийсаны «Ийем» деп аўзың менен ашық тән алсаң ҳәм Қудайдың Оны өлимнен тирилткенине шын жүректен исенсең, қутқарыласаң.
10 Өйткени адам шын жүректен исенгени арқалы ақланады ҳәм исеними ҳаққында аўзы менен ашық тән алғаны арқалы қутқарылады.
11 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Оған исенген ҳеш бир адам уятқа қалмайды» .
12 Себеби яҳудий менен гректиң арасында айырмашылық жоқ. Олардың ҳәммесиниң Ийеси бир. Ол Өзин шақырғанлардың ҳәммесине сақый.
13 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ийемиздиң атын айтып шақырған ҳәр бир адам қутқарылады».
14 Бирақ, Қудайға исенбей турып, Оны қалай шақырыўға болады? Ол туўралы еситпей турып, Оған қалай исениўге болады? Қудай ҳаққында сөзди жәриялаўшы болмаса, қалай еситиўге болады?
15 Сөзди жәриялаўға жиберилмесе, оны қалай жәриялайды? Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Хош Хабарды жәриялаўшылардың аяқлары қандай әжайып!»
16 Деген менен, Хош Хабарға израиллылардың ҳәммеси де исене бермеди. Ийшая пайғамбардың айтқанындай: «Ийем! Бизлер айтқан хабарға ким исенди?»
17 Демек, исеним еситиў арқалы пайда болады, ал еситиў Масих ҳаққында сөздиң жәрияланыўы арқалы болады.
18 Бирақ, мениң сорайтуғыным мынаў: израиллылар еситпеди ме? Әлбетте, еситти. «Аспан денелериниң даўыслары пүткил жер жүзине, Сөзлери дүньяның төрт мүйешине жетип барды».
19 Мен және бир нәрсени сорамақшыман: Израил түсинбеди ме? Дәслеп Муўса арқалы Қудай былай деген еди: «Мен сизлерде халқым болмаған халық арқалы қызғаныш пайда етемен, Түсиниги аз болған халық арқалы ғәзебиңизди келтиремен» .
20 Соңынан Ийшая пайғамбар Қудайдың сөзлерин батырлық пенен айтып: «Мени излемегенлер тапты, Мени сорамағанларға Өзимди көрсеттим» , – деген еди.
21 Ал, Израил халқы ҳаққында Қудай былай дейди: «Сөзимди тыңламайтуғын қайсар бир халыққа, Күни бойы қушағымды ашып турдым».