Римлилер 14 bob

Ҳәлсиз ҳәм күшли исеним (1-12), Туўысқаныңызды азғырыўға салмаңлар (13-23).

1 Исеними ҳәлсиз адамды оның пикирлери ҳаққында тартыспай қабыл етиңлер.
2 Мысалы: биреў ҳәмме нәрсени жеўге болады деп исенеди. Ал исеними ҳәлсиз болған тек палыз өнимлерин ғана жейди.
3 Ҳәмме нәрсени жейтуғын адам жемейтуғын адамды пәс көрмесин. Айырым нәрселерди жемейтуғын адам жейтуғын адамды ҳүким етпесин. Өйткени Қудай екеўин де қабыл еткен.
4 Басқаның хызметшисин ҳүким ететуғындай, сен кимсең? Хызметши өз хожайынының алдында турады ямаса жығылады. Ол аяққа турғызылады. Себеби оны аяққа турғызыўға Ийемиздиң қүдирети жетеди.
5 Және де, биреў бир күнди басқа күннен әҳмийетлирек деп санайды, ал басқа биреў ушын ҳәмме күн бирдей. Ҳәр бир адам өз көз қарасында толық исенимге ийе болсын.
6 үнлерди айрықша қылып белгилейтуғын оларды Ийемиз ушын белгилейди. Ал ҳәмме нәрсени жейтуғын адам Қудайға шүкирлик етип, оларды Ийемиз ушын жейди. Айырым нәрселерди жемейтуғын адам да Ийемиз ушын жемейди ҳәм Қудайға шүкирлик етеди.
7 Өйткени ҳеш биримиз тек өзимиз ушын жасамаймыз ҳәм ҳеш биримиз де тек өзимиз ушын өлмеймиз.
8 Жасасақ, Ийемиз ушын жасаймыз. Өлсек те, Ийемиз ушын өлемиз. Солай етип, жасасақ та, өлсек те Ийемизге тийислимиз.
9 Усы мақсетте Масих өлип, өлимнен қайта тирилди. Сонлықтан Ол өлилердиң де, тирилердиң де Ийеси болды.
10 Олай болса, сен неге туўысқаныңды ҳүким етесең? Неге туўысқаныңды пәс көресең? Ҳәммемиз де Қудайдың ҳүким гүрсиси алдында жуўап беремиз-ғо.
11 Мухаддес Жазыўда Ийемиз былай дейди: «Тирилигим ҳақы ант ишемен: Ҳәр бир адам Мениң алдымда дизе бүгеди. Ҳәр бир адам Мениң Қудай екенимди ашық тән алады» .
12 Солай етип, ҳәр бир адам өзи ушын өзи Қудай алдында жуўап береди.
13 Сонлықтан буннан былай, бир-биримизди ҳүким етпейик. Керисинше, туўысқаныңызды азғырыўға салмаўға ҳәм оның исенимине зыян келтирмеўге тырысыңлар.
14 Ийемиз Ийсаға тийисли бир адам сыпатында мынаны билемен ҳәм анық исенемен: ҳеш бир нәрсе өзлигинен ҳарам емес. Бирақ, бир нәрсени ҳарам деп есаплаған адам ушын сол нәрсе ҳарам болады.
15 Егер туўысқаның сен жейтуғын нәрсе себепли қапа болса, онда сен сүйиспеншилик пенен ис тутып атырған жоқсаң. Жейтуғын нәрсең менен оның исенимин набыт қылма! Себеби Масих бул адам ушын да өлген-ғо.
16 Сизлер жақсы деп есаплаған нәрсеге сөз келмесин.
17 Өйткени Қудайдың Патшалығы жейтуғын ҳәм ишетуғын нәрселерден ибарат емес, ал ҳақлық, тынышлық ҳәм Мухаддес Руўх беретуғын қуўаныштан ибарат.
18 Масихқа усы жол менен хызмет ететуғын адам Қудайға унайды ҳәм ол адамлардың мақтаўына ылайық.
19 Солай етип, өзлеримизди тынышлық алып келетуғын ҳәм өз ара руўхый күш беретуғын ислерге бағышлайық.
20 Жейтуғын нәрсе себепли, Қудайдың ислерин бузба! Жейтуғын ҳәмме нәрсе ҳадал. Бирақ, жейтуғын нәрсеси арқалы басқа адамды азғырыўға салған жаман ис қылған болады.
21 Гөш жеўиң, арақ-шарап ишиўиң ямаса басқа бир нәрсе ислеўиң туўысқаныңды азғырыўға салатуғын болса, онда бундай ислерди ислемегениң дурыс.
22 улар бойынша исенимиңди өзиң менен Қудайдың арасында сақла. Өзи дурыс деп есаплайтуғын исти ислегени ушын, өзин айыпламайтуғын адам қандай бахытлы!
23 Бирақ, екиленип жейтуғын адам ҳүким етиледи. Себеби ол буны исеним менен ислемеген болады. Ал исеним менен исленбеген ҳәр бир ис – гүна.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.