Римлилер 3 bob

Қудайдың садықлығы (1-8), Бирде бир ҳақ адам жоқ (9-20), Исеним менен ақланыў (21-31).

1 Олай болса, яҳудий болыўдың қандай да бир артықмашылығы бар ма? Я болмаса, сүннетлениўдиң пайдасы бар ма?
2 Әлбетте, бар. Яҳудий болыў – ҳәр тәреплеме артықмашылыққа ийе. Өйткени ең алды менен Қудайдың сөзлери оларға исенип тапсырылған.
3 Егер олардың айырымлары Қудайдың сөзлерине садықсыз болып шыққан болса не болыпты? Олардың садықсызлығы Қудайдың садықлығын бийкарлай ала ма?
4 Ҳеш қашан! Ҳәмме адамлар өтирикши болса да, Қудай ҳақ. Себеби Мухаддес Жазыўда Қудай ҳаққында былай делинген: «Ҳақ екениңди сөзлериң менен көрсетесең, Сени айыплағанда, жеңиске ерисесең» .
5 Бирақ, бизлердиң наҳақлығымыз Қудайдың ҳақлығын ашып көрсетсе, онда не деймиз? Қудай бизлерди ғәзеп пенен жазаласа, әдилсиз болғаны ма? (Мен буларды адамлардың ойы бойынша айтып атырман.)
6 Ҳеш қашан! Егер Қудай әдилсиз болса, Ол дүньяны ҳүким ете алар ма еди?
7 Деген менен, айырымлар былай деп сораў қойыўы мүмкин: «Егер мениң наҳақлығым Қудайдың ҳақлығының артып, Оның уллыланыўына хызмет етсе, сонда неге мен гүнакар болып ҳүким етилмектемен?»
8 Солай етип: «Жақсылық шықсын деп, жаманлық ислей берейик», – дейик пе? Базы адамлар бизлерге жала жаўып, усындай сөзлерди айтты демекте. Бундай адамлар Қудайдың жазасына ылайықлы.
9 Енди не деўге болады? Биз яҳудийлер басқа миллетлерден артықпыз ба? Әлбетте, яқ! Өйткени әлле қашан дәлиллегенимдей, яҳудий де, басқа миллет адамы да, яғный ҳәр бир адам гүнаның бийлиги астында.
10 Мухаддес Жазыўларда айтылғандай: «Ҳеш бир ҳақ адам жоқ, Бирде бири жоқ.
11 Саналы ҳеш бири жоқ. Қудайды излейтуғын ҳеш ким жоқ.
12 Ҳәмме жолдан адасқан, Барлығы жарамсыз болған. Жақсылық ислеўши ҳеш ким жоқ. Бирде бири жоқ».
13 «Олар сөзлери менен адамларды ашық гөрге тығар» . «Тиллери менен алдайды, Еринлеринде жылан зәҳәри» .
14 «Аўызлары толы нәлет-ғарғыс сөзлерге» .
15 «Аяқлары шаққан қан төгиўге.
16 Олар қәдем басқан жерге келер қыйралыў ҳәм бәле.
17 Билмес олар тынышлық жолын».
18 «Қудайдан қорқыў да жоқ кеўиллеринде».
19 Мухаддес Нызамда айтылғанлардың ҳәммеси Мухаддес Нызам астында болғанларға айтылғанын билемиз. Солай етип, ҳәр бир тил байланып, пүткил дүнья Қудайдың алдында есап береди.
20 Сонлықтан Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы ҳеш бир адам Қудайдың алдында ақлана алмайды. Керисинше, Мухаддес Нызам арқалы адам өзиниң гүнакар екенин билип алады.
21 Енди болса, Қудайдың адамды ақлайтуғын әдиллиги Мухаддес Нызамға байланыслы болмай-ақ ашық көрсетилди. Таўрат та, пайғамбарлардың Жазыўлары да бул ҳаққында гүўалық береди.
22 Қудайдың әдиллиги адамларды олардың Ийса Масихқа деген исеними арқалы ақлайды. Буны Ол исенетуғын ҳәр бир адам ушын ислейди. Себеби адамлар арасында ҳеш қандай айырмашылық жоқ.
23 Өйткени ҳәмме гүна ислеген ҳәм Қудайдың салтанатынан айырылған.
24 Бирақ, адамлар Қудайдың мийрими менен, Ийса Масихтың қаны* арқалы ешейин ақланады.
25 Масихқа деген исеним менен, Оның қаны арқалы гүналары кеширилсин деп, Қудай Масихты адамлар ушын қурбанлыққа бағышлады. Қудай бул арқалы Өз әдиллигин көрсетти. Себеби Қудай сабырлылық етип, бурыннан бери исленген гүналарды кеширди.
26 Және де, ҳәзирги ўақытта Ол әдиллигин дәлиллеп, Өзиниң ҳақ екенин ҳәм Ийсаға исенген ҳәр бир адамды ақлайтуғынын көрсетти.
27 Енди бизлер не менен мақтана аламыз? Ҳеш нәрсе менен. Қандай жол менен ақлана аламыз? Мухаддес Нызамды орынлаў жолы менен бе? Яқ, исеним менен.
28 Өйткени бизлер адамның Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы емес, ал исеним менен ақланатуғынын мойынлаймыз.
29 Расында да, Қудай тек яҳудийлердиң Қудайы ма? Ол басқа миллетлердиң де Қудайы емес пе? Әлбетте, Ол басқа миллетлердиң де Қудайы.
30 Себеби сүннетли яҳудийлерди де, сүннетсиз болған басқа миллетлерди де тек исеним менен ақлайтуғын Қудай – жалғыз.
31 Солай етип, бизлер: «Адамлар тек исеним менен ақланады», – деп, Мухаддес Нызамды бийкарлаймыз ба? Яқ, керисинше, Оны тастыйықлаймыз.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.