Римлилер 4 bob

Ибрайымның исеними ҳәм Қудайдың ўәдеси (1-25).

1 Ал енди бизлердиң, яғный яҳудийлердиң түп бабасы Ибрайым ҳаққында не деймиз? Ол неге еристи?
2 Егер ол ислеген саўап ислери себепли ақланған болса, мақтаныўға ҳақысы болар еди. Бирақ, Қудайдың алдында мақтана алмайды.
3 Өйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ибрайым Қудайға исенди ҳәм сол себептен Қудай оны ақланған деп санады» .
4 Мийнет еткенге төленген ҳақы сый емес, ал ис ҳақы болып есапланады.
5 Бирақ ким де ким өзиниң саўап ислерине емес, ал қудайсыз адамды да ақлайтуғын Қудайға исенсе, ол исеними себепли ақланған болып есапланады.
6 Минекей, саўап ислерине қарамай, Қудай тәрепинен ақланған деп есапланған адамның бахытлы екени ҳаққында Даўыт та былай деген:
7 «Наҳақ ислери кеширилип, Гүналары жуўылған адамлар қандай бахытлы!
8 Қудай гүнасын есапқа алмайтуғын адам қандай бахытлы!»
9 Бул бахыт тек сүннетлилер ушын берилген бе? Я болмаса, сүннетсизлер ушын да ма? Бизлер: «Ибрайым өз исеними себепли ақланған деп саналды», – деген едик.
10 Ол қашан ақланған деп саналды? Сүннетленгеннен кейин бе ямаса сүннетленбестен бурын ба? Сүннетленгеннен кейин емес, ал сүннетленбестен бурын.
11 Сүннетленбесинен бурын исеними менен ақланғанының белгиси ретинде Ибрайым сүннетлеў рәсимин қабыл етти. Солай етип, ол сүннетсиз болған басқа миллет адамларының да ақланған болып есапланыўы ушын, исенетуғын усындай адамлардың ҳәммесиниң руўхый бабасы болды.
12 Бабамыз Ибрайым сүннетли яҳудийлердиң де руўхый бабасы. Бул олардың тек сүннетленгени себепли емес, ал Ибрайымда сүннетленбесинен алдын болған исеним менен жасағаны себепли болды.
13 Себеби Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы емес, ал исеними арқалы ақланыўы ушын, Қудай Ибрайымға ҳәм оның урпақларына дүньяның мийрасхорлары болатуғынын ўәде етти.
14 Егер адамлар Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы мийрасхор болатуғын болса, онда исеним бийкар ҳәм ўәде де бос болар еди.
15 Өйткени Мухаддес Нызам Қудайдың ғәзебин келтиреди. Бирақ Мухаддес Нызам болмаған жерде нызамды бузыў да жоқ.
16 Усылай етип, Қудайдың ўәдеси тек исеним себепли бериледи.Ол тек Мухаддес Нызамға ийе болған яҳудий исениўшилерине ғана емес, ал Ибрайымның исенимине ийе болған басқа миллет исениўшилерине де, яғный Ибрайымның пүткил урпағына Қудайдың мийрими бойынша бериледи.
17 Мухаддес Жазыўда Қудайдың Ибрайымға: «Сени көп миллетлердиң бабасы қыламан» , – деп айтқанындай, Ибрайым өзи исенетуғын Қудайдың, яғный өлилерди тирилтетуғын ҳәм жоқтан бар пайда қылатуғын Қудайдың алдында ҳәммемиздиң бабамыз.
18 Ҳеш үмити қалмаған ўақытта да Ибрайым үмитин үзбей, Қудайға исенди. Сонлықтан «Сениң урпағың есап-сансыз болады» , – деп Қудайдың оған айтқанындай, ол көп миллетлердиң бабасы болды.
19 Жасы жүзге шамаласып, денесинде күш қалмағанын ҳәм ҳаялы Сараның да қурсағына бала питпейтуғынын ол билсе де, исенимин азайтпады.
20 Исенимсизлик етип, Қудайдың ўәдеси туўралы екиленбеди. Керисинше, исеними күшейип, Қудайды алғыслады.
21 Қудайдың Өз ўәдесин орынлайтуғын күшке ийе екенине ол толық исенди.
22 Әне, усы исеними себепли, Ибрайым ақланған деп саналды.
23 «Ақланған деп саналды», – деген сөзлер тек Ибрайымға емес,
24 ал бизлерге де тийисли етип жазылған. Бизлер де Ийемиз Ийсаны өлимнен тирилткен Қудайға деген исенимимиз бенен ақланған болып есапланамыз.
25 Ийемиз Ийса гүналарымыз ушын өлимге тапсырылып, Қудайдың алдында бизлердиң ақланыўымыз ушын қайта тирилди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.