Римлилер 6 bob
1 Олай болса, не деймиз? Қудайдың мийрими көбейсин деп, гүна ислеўди даўам еттире берейик пе?
2 Ҳеш қашан! Бизлер гүна ушын өлгенбиз. Енди қалайынша, гүна ислеўди даўам еттирип жасай аламыз?
3 Бизлер Масих Ийса менен байланысқа ийе болып, суўға шомылдырылғанымызда ҳәммемиз де Оның өлимине шерик болып, суўға шомылдырылғанымызды билмейсизлер ме?
4 Масихқа исенип, суўға шомылдырылыў арқалы Оның менен бирликте өлип, көмилдик. Солай етип, Қудай Әкемиздиң қүдирети менен Масих өлимнен қайта тирилип, өмирге ерискендей, бизлер де жаңа өмирге ерисемиз.
5 Егер бизлер Масихтың өлимине шерик болып, Оның менен бирлескен болсақ, онда Оның қайта тирилиўине де шерик болып, Оның менен бирлесемиз.
6 Гүнакар тәбиятымыздың күшин жоқ қылып, ендигиден былай гүнаға қул болмаўымыз ушын, бизлердиң ески гүнакар өзлигимиздиң Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенин билемиз.
7 Өйткени өлген адам гүнаның бийлигинен азат.
8 Егер бизлер Масих пенен бирге өлген болсақ, Оның менен бирге жасайтуғынымызға да исенемиз.
9 Себеби Масихтың өлимнен тирилип, қайтып өлмейтуғынын ҳәм енди өлимниң Оның үстинен ҳүкимдарлық ете алмайтуғынын бизлер билемиз.
10 Масих гүнаны жоқ қылыў ушын биринши ҳәм соңғы мәрте өлди. Ал енди болса, Ол Қудай ушын жасап атыр.
11 Сонлықтан сизлер де өзлериңизди гүна ушын өли деп, ал Масих Ийса менен қатнаста болып, Қудай ушын тири деп есаплаңлар.
12 Солай етип, денеңиздиң жаман қәлеўлерине бойсынбаўыңыз ушын, гүнаның өткинши денеңизди басқарыўына жол қоймаңлар.
13 Денеңиздиң мүшелерин наҳақлықтың қуралы қылып, гүна ислеўге тапсырмаңлар. Керисинше, өлимнен қайта тирилгенлер сыпатында, өзлериңизди Қудайға бағышлаңлар. Денеңиздиң мүшелерин де ҳақлықтың қуралы қылып, Қудайға арнаңлар.
14 Сонда гүна сизлердиң үстиңизден ҳүкимдарлық етпейди. Өйткени сизлер нызамның бийлиги астында емес, ал Қудайдың мийриминиң бийлиги астында жасайсыз.
15 Олай болса, не дейик? Нызамның бийлиги астында емес, ал Қудайдың мийриминиң бийлиги астында жасап атырғанымыз себепли гүна ислей берейик пе? Ҳеш қашан!
16 Бойсынатуғын қуллар сыяқлы, өзлериңизди кимниң бийлигине тапсырып бойсынсаңыз, соның қулы болатуғыныңызды билмейсизлер ме? Сизлер я өлимге жетелеўши гүнаның, я ақланыўға жетелеўши бойсыныўшылықтың қулы боласызлар.
17 Бирақ, Қудайға шүкир! Бурын гүнаның қулы болған сизлер енди өзлериңизге тапсырылған тәлийматқа шын жүректен бойсындыңлар
18 ҳәм гүнаның бийлигинен азат болып, ҳақлықтың қуллары болдыңлар.
19 Түсиниўиңизге аңсат болыў ушын, әпиўайы сөзлер менен айтып атырман: бурын денеңиздиң мүшелерин ипласлыққа ҳәм наҳақ ислерди ислеў ушын наҳақлыққа қул қылып бағышлайтуғын едиңиз, ал енди мухаддес болыўыңыз ушын, оларды ҳақлыққа қул қылып бағышлаңлар.
20 Сизлер гүнаның қулы болғаныңызда, ҳақлықтың бийлигинен азат едиңлер.
21 Бурын ислеген ислериңизден ҳәзир өзлериңиз де уяласыз. Сол ўақытлары усы ислерден не арттырған едиңиз? Олардың ақыры өлим еди-ғо.
22 Бирақ енди болса, сизлер гүнаның бийлигинен азат етилип, Қудайдың қуллары болдыңлар. Сол себептен мухаддесликке ерисип, ақырында мәңгилик өмир аласыз.
23 Себеби гүнаның төлеми – өлим, ал Қудайдың сыйы – Ийемиз Масих Ийса арқалы берилетуғын мәңгилик өмир.