Римлилер 7 bob
1 Ҳәй, Мухаддес Нызамды билиўши туўысқанларым, мен сизлерге қарата айтып атырман: Мухаддес Нызамның адам үстинен тек тири ўақтында ғана бийлик жүргизетуғынын билмейсизлер ме?
2 Мысалы: күйеўи бар ҳаял күйеўиниң көзиниң тирисинде оған нызам бойынша байланған болады. Бирақ, күйеўи қайтыс болса, ҳаял неке нызамынан азат болады.
3 Солай етип, ҳаял күйеўиниң көзиниң тирисинде басқа бир еркек пенен жасаса, неке ҳадаллығын бузған болып есапланады. Бирақ, күйеўи өлсе, ҳаял нызам бойынша азат болады. Ол басқа бир еркекке турмысқа шықса да, неке ҳадаллығын бузған болмайды.
4 Сол сыяқлы, туўысқанларым, сизлер де Басқаға, яғный өлимнен қайта тирилген Масихқа тийисли болыўыңыз ушын, Масихтың денесиниң атанақ ағашта өлгени арқалы Мухаддес Нызам алдында өлгенсиз. Бул ҳәммемиздиң Қудайға хызмет етип, жемис бериўимиз ушын болды.
5 Өйткени бурын бизлер гүнакар тәбиятымызға бойсынып жасағанымызда, Мухаддес Нызам себепли пайда болған гүнакар қәлеўлер денемиздиң мүшелеринде ҳәрекет ететуғын еди. Соның нәтийжесинде, бизлер өлимге жетелеўши жемислер беретуғын едик.
6 Енди болса, бизлер бурын өзлеримизди байлап қойған Мухаддес Нызам ушын өлип, Мухаддес Нызамнан азат болдық. Солай етип, жазылған Мухаддес Нызам бойынша басқарылатуғын ески жол менен емес, ал Мухаддес Руўх басқаратуғын жаңа жол менен Қудайға хызмет етпектемиз.
7 Олай болса, не дейик? Мухаддес Нызам жаман болғаны ма? Ҳеш қашан! Бирақ, егер Мухаддес Нызам болмағанда, мен гүнаның не екенин билмеген болар едим. Егер Мухаддес Нызам: «Басқа биреўдиң нәрсесин күсеме» , – демегенде, мен күсеўдиң гүна екенин билмеген болар едим.
8 Деген менен, гүна усы буйрықтан пайдаланып, менде ҳәр түрли күсеўлерди пайда етти. Себеби Мухаддес Нызам болмаса, гүна өли болады.
9 Мен бир ўақытлары Мухаддес Нызамды билмей жасағанымда тири едим. Бирақ, Қудайдың буйрықларын билгенимнен соң, менде гүна тирилип, ҳәрекет ете баслады,
10 ал мен өлдим. Солай етип, өмирге ийе болыў ушын берилген бул буйрықлар мениң өлимиме себепши болды.
11 Өйткени гүна буйрықтан пайдаланып, мени алдады ҳәм усы буйрық арқалы мени өлтирди.
12 Солай болса да, Мухаддес Нызам – мухаддес, Қудайдың буйрықлары да мухаддес, ҳақ ҳәм жақсы.
13 Солай екен, жақсы нәрсе маған өлим алып келди ме? Ҳеш қашан! Гүна маған жақсы нәрсе арқалы өлим алып келди. Бул гүнаның гүна болып ашық билиниўи ушын болды. Солай етип, буйрық арқалы гүнаның қаншелли жаман екени белгили болады.
14 Бизлер Мухаддес Нызамның Қудайдан келгенин билемиз. Ал мен гүнаға қул болып сатылған, өткинши денеге ийе адамман.
15 Мен не ислеп атырғанымды өзим түсинбеймен. Себеби мен қәлеген нәрсемди емес, ал жек көретуғын нәрсемди ислеймен.
16 Егер мен қәлемеген нәрсемди ислеп атырғанымда исимниң жаман екенин мойынласам, онда Мухаддес Нызамның жақсы екенин мақуллаған боламан.
17 Олай болса, бул исти мениң өзим емес, ал ишимде жасайтуғын гүна ислеп атырған болады.
18 Мениң ишимде, яғный гүнакар тәбиятымда ҳеш бир жақсы нәрсениң жоқ екенин билемен. Ишимде жақсылық ислеўге қәлеў болса да, күшим жетпейди.
19 Өйткени өзим ислеўди қәлейтуғын жақсы исти емес, ал керисинше, ислеўди қәлемейтуғын жаман исти ислеймен.
20 Егер мен өзим қәлемейтуғын нәрсени ислесем, онда оны мениң өзим емес, ал ишимде жасайтуғын гүна ислеген болады
21 Солай етип, мен өзимде мынадай нызамның бар екенин билдим: мен жақсы нәрсени ислеўди қәлегенимде, ишимдеги жаманлық ҳәрекет етиўге таяр турады.
22 Мен руўхым менен Қудайдың Нызамын қуўанышлы түрде мақуллайман.
23 Бирақ, денемниң мүшелеринде басқа бир нызамды байқайман. Ол мениң сана-сезимимниң нызамына қарсы урысып, мени денемниң мүшелериндеги гүна нызамына тутқын етеди.
24 Ўаҳ, сорлы басым! Өлимге жетелеўши бул денеден мени ким қутқарады?
25 Ийемиз Ийса Масих арқалы тек жалғыз Қудай ғана қутқарады! Қудайға шүкирлер болсын! Солай етип, мен өз сана-сезимим менен Қудайдың Нызамына, ал гүнакар тәбиятым менен гүнаның нызамына хызмет етип атырман.