Римлилер 8 bob
1 Солай етип, Масих Ийсаға тийисли болғанларға қарсы енди ҳеш қандай ҳүким жоқ.
2 Себеби Масих Ийса арқалы өмир беретуғын Мухаддес Руўхтың нызамы мени гүнаның ҳәм өлимниң нызамынан азат қылды.
3 Адамның гүнакар тәбияты күшсиз болғанлықтан, адам Мухаддес Нызамды толық орынлай алмады. Сонлықтан Мухаддес Нызам адамды қутқара алмады, бирақ оны Қудайдың Өзи қутқарды: Қудай Өз Улын адам денесинде бул дүньяға жиберип, Оны гүналар ушын төленетуғын қурбанлық қылып бағышлады ҳәм бизлердиң гүналарымыз жүкленген Өз Улының денесин ҳүким етти.
4 Солай етип, Қудай буны гүнакар тәбиятымыздың емес, ал Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүретуғын бизлердиң өмиримизде Мухаддес Нызамның әдил талаплары орынлансын деп иследи.
5 Өйткени гүнакар тәбиятының жетелеўи менен жүретуғынлар өз гүнакар тәбиятының қәлейтуғын нәрселерин ойлайды, ал Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүретуғынлар Мухаддес Руўхтың қәлейтуғын нәрселерин ойлайды.
6 Гүнакар тәбият басқаратуғын ойпикирлер өлимге, ал Мухаддес Руўх басқаратуғын ой-пикирлер өмирге ҳәм тынышлыққа еристиреди.
7 Себеби гүнакар тәбият басқаратуғын ой-пикирге ийе адам – Қудайға душпан. Ол Қудайдың Нызамына бойсынбайды ҳәм бойсына алмайды да.
8 Ким де ким гүнакар тәбиятының жетелеўи менен жүрсе, ол Қудайға унай алмайды.
9 Бирақ, ишиңизде Қудайдың Руўхы жасап атырған болса, онда сизлерди гүнакар тәбиятыңыз емес, ал Мухаддес Руўх басқарып атырған болады. Ким де ким Масихтың Руўхына ийе болмаса, ол Масихқа тийисли емес.
10 Ал егер ишиңизде Масих жасап атырған болса, денеңиз гүна себепли өлетуғын болса да, руўхыңыз ақланғаныңыз себепли тири болады.
11 Ийсаны өлимнен қайта тирилткен Қудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырған болса, онда Масих Ийсаны өлимнен қайта тирилткен Қудай ишиңизде жасап атырған Өз Руўхы арқалы өлетуғын денеңизди де тирилтеди.
12 Солай етип, туўысқанларым, бизлер гүнакар тәбиятымызға бойсынып, оның жетелеўи менен жүриўге парызлы емеспиз.
13 Өйткени егер гүнакар тәбиятыңыздың жетелеўи менен жүрсеңиз, өлесиз. Ал гүнакар тәбиятыңыздың жаман ислеринен Мухаддес Руўхтың күши менен толық ўаз кешсеңиз, жасайсыз.
14 Қудайдың Руўхы менен басқарылатуғынлардың ҳәммеси – Қудайдың балалары.
15 Себеби сизлер өзлериңизди және қул етип, қорқыныш беретуғын руўхты емес, ал Қудайдың баласы қылған Мухаддес Руўхты қабыл еттиңиз. Усы Руўх арқалы Қудайды: «Әке, Әкежаным!» деп шақырасыз.
16 Мухаддес Руўхтың Өзи бизлердиң руўхымыз бенен бирликте Қудайдың балалары екенлигимиз ҳаққында гүўалық береди.
17 Егер бизлер Қудайдың балалары болсақ, онда мийрасқа ийе боламыз. Масих пенен бирге уллыланыў ушын, Оның менен бирге азап шексек, онда бизлер Масих пенен бирге мийрасқа шерик болған Қудайдың мийрасхорларымыз.
18 Мениң ойымша, ҳәзирги қыйыншылықлар келешекте бизлерге берилетуғын уллылыққа салыстырғанда ҳеш нәрсе емес.
19 Соның менен бирге, пүткил жаратылыс Қудайдың Өз балаларын ашық көрсететуғын күнди интизарлық пенен күтпекте.
20 Өйткени пүткил жаратылыс бул өткинши өмирге тутқын етилген. Бул олардың өзлериниң ерки менен емес, ал тутқын қылған Қудайдың ерки менен болған.
21 Олар өзлериниң бул набыт қылыўшы қуллықтан қутқарылатуғынынан ҳәм Қудайдың балаларының уллы азатлыққа ерисетуғынынан үмит етеди.
22 Бизлерге мәлим, пүткил жаратылыс ҳәзирге дейин бирликте толғақ азабын шеккендей азап шегип, нала етпекте.
23 Тек жаратылыс емес, ал Қудайдың биринши сыйы болған Мухаддес Руўхты алған бизлер де перзент болып асырап алыныўды, яғный денемиздиң қутқарылыўын интизарлық пенен күтип, ишимизден нала етпектемиз.
24 Себеби бизлер қутқарылғанымыз себепли үмитке ийемиз. Егер бизлер өзлеримиз үмит ететуғын нәрсени көрип турған болсақ, онда ол үмит емес. Көзге көринип турған нәрсени ким үмит етеди?
25 Бирақ, еле көрмегенимизге үмит етсек, оны сабырлылық пенен күтемиз.
26 Соның менен бирге, Мухаддес Руўх та ҳәлсиз болған бизлерге жәрдем береди. Өйткени бизлер қалай дуўа етиў кереклигин билмеймиз. Бирақ, Мухаддес Руўхтың Өзи сөз бенен айтып жеткизе алмайтуғын нала шегип, бизлер ушын Қудайдан өтиниш етеди.
27 Адамлардың кеўиллеринде не бар екенин билиўши Қудай Мухаддес Руўхтың ой-пикирлерин биледи. Себеби Мухаддес Руўх исениўшилер ушын Қудайдың ерки бойынша өтиниш етеди.
28 Қудай Өзин сүйетуғынларға, яғный Оның қәлеўи бойынша таңланғанларға ҳәмме нәрсени жақсылық қылып хызмет еттиретуғынын билемиз.
29 Өйткени Қудай Өзи бурыннан таңлаған адамларының Улына уқсаўы ушын оларды алдын ала белгиледи. Солай етип, Қудай Өз Улының көп туўысқанлар арасында туңғыш болыўы ушын усылай иследи.
30 Қудай Өзи алдын ала белгилеген адамларын шақырды, шақырған адамларын ақлады, ал ақлаған адамларын уллылыққа еристирди.
31 Олай болса, буған не деймиз? Егер Қудай бизлерди жақласа, бизлерге ким қарсы тура алады?
32 Қудай, ҳәтте, Өз Улын да аямай, Оны бизлердиң ҳәммемиз ушын қурбанлық қылып бағышлаған болса, Оның менен бирликте бизлерге ҳәмме нәрсени бермес пе екен?
33 Қудайдың таңлап алған адамлары болған бизлерди ким айыплай алады? Қудайдың Өзи бизлерди ақлайды-ғо.
34 Ким бизлерди ҳүким ете алады? Ҳеш ким! Себеби өлип, өлимнен қайта тирилген Масих Ийса Қудайдың оң жағында турып, бизлер ушын өтинбекте.
35 Масихтың сүйиспеншилигинен бизлерди ким айыра алады? Ҳеш ким. Қыйыншылық та, қайғы да, қуўдалаў да, ашлық та, жалаңашлық та, қәўип те, қылыш та айыра алмайды.
36 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Бизлер Сениң ушын ҳәр күни өлтирилмектемиз, Бизлерди шалынатуғын қойлар деп есаплайды».
37 Бирақ, булардың ҳәммесиниң үстинен бизлерди сүйетуғын Масих себепли үлкен жеңиске ерисемиз.
38 Өйткени мен исенемен: өлим де, өмир де, периштелер де, ҳәкимшиликлер де, ҳәзирги ҳәм келешек заман да, күшлер де,
39 бәлентлик те, тереңлик те, улыўма, жаратылған ҳеш бир нәрсе Қудайдың бизлерге Ийемиз Масих Ийса арқалы берген сүйиспеншилигинен бизлерди айыра алмайды.



































