1 Коринфлилер 8 bob

Бутларға берилген қурбанлықтың гөши ҳаққында (1-13).

1 Енди бутларға берилген қурбанлықтың гөшине тоқтайық. Дурыс, ҳәммемиз де билимли екенлигимизди билемиз. Деген менен, билим адамды менмен қылады, ал сүйиспеншилик адамды жигерлендиреди.
2 Адам бир нәрсени билемен деп ойласа, ол еле билиўи керек нәрсени билмегени болады.
3 Бирақ, Қудайды сүйген адамды Қудай биледи.
4 Ал, бутларға берилген қурбанлық гөшин жеўге келсек, хабарымыз бар, бут дүньяда негизинде ҳеш қандай әҳмийетке ийе емес ҳәм жалғыз Қудайдан басқа қудай жоқ.
5 Адамлардың ойы бойынша жерде де, аспанда да «қудай» деп аталатуғынлар бар. Олар шынында да, көп «қудайлар» ҳәм «ийелер» бар деп есаплайды.
6 Бирақ, бизлер ушын тек жалғыз ғана Қудай Әкемиз бар. Ол ҳәмме нәрсениң тийкары ҳәм бизлер Ол ушын жасап атырмыз. Және де, бизлердиң тек жалғыз ғана Ийемиз – Ийса Масих бар. Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылған, бизлер де Ол себепли жасап атырмыз.
7 Деген менен, исениўшилердиң ҳәммеси де усындай билимге ийе емес. Олардың айырымлары бул гөшти жегенде, өзлериниң бурынғы бутпаразлық әдети бойынша, елеге дейин оны бутқа берилген қурбанлықтың гөши деп есаплайды. Сонлықтан олардың ҳүжданы қыйналып, өзлерин ипласландық деп ойлайды.
8 Аўқат бизлерди Қудайға жақынластырмайды: бизлер жемесек те, ҳеш нәрсе жойтпаймыз, жесек те, ҳеш нәрсе арттырмаймыз.
9 Бирақ, абайлы болыңлар, бул азатлығыңыз исеними ҳәлсизлердиң азғырылыўына себеп болмасын.
10 Егер исеними ҳәлсиз болған адам алдында айтылған билимге ийе болған сениң буттың ибадатханасында аўқат жеп отырғаныңды көрсе, оның да бутларға берилген қурбанлықтың гөшин жеўге қәлеўи туўылмай ма?
11 Солай етип, сениң билимиң себепли, бул исеними ҳәлсиз туўысқаның набыт болады. Бирақ, Масих ол ушын да қурбан болған-ғо.
12 Сизлер усы тәризде туўысқанларыңызға қарсы гүна ислеўиңиз арқалы ҳәм олардың қыйналып атырған ҳүжданын азапқа түсириўиңиз арқалы Масихқа қарсы гүна ислеген боласызлар.
13 Сонлықтан мениң жеп атырған нәрсем туўысқанымның азғырылыўына себеп болатуғын болса, мен туўысқанымды азғырмаў ушын, ҳеш қашан гөш жемеймен.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.