1 Салоникалылар 2 bob

Павелдиң Салоникадағы хызмети (1-16), Павелдиң салоникалыларға деген сағынышы (17-20).

1 Туўысқанлар! Сизлерге болған сапарымыздың босқа кетпегенин өзлериңиз де билесиз.
2 Бирақ өзлериңизге мәлим, буннан алдын Филипте азап шегип, масқараланыўға дуўшар болған едик. Деген менен, күшли қарама-қарсылықларға қарамастан, Қудайдың Хош Хабарын сизлерге жәриялаў ушын, бизлер Қудайымыздан мәртлик алып туратуғын едик.
3 Өйткени бизлердиң ақыл-нәсиятымыз өтирик ямаса напәк нийет ҳәм ҳийлеге негизленбеген еди.
4 Керисинше, Қудай бизлерди минәсип көрип, бизлерге Хош Хабарды исенип тапсырды. Сонлықтан бизлер адамларға емес, ал кеўиллеримизди сынайтуғын Қудайға унаў ушын Хош Хабарды жәриялап жүрмиз.
5 Хабарыңыз бар, бизлер ҳеш қашан жағымпазлық сөзлери ямаса пайдакүнемлик нықабы менен келмедик. Қудай буған гүўа.
6 Және бизлер ҳеш кимнен: я сизлерден, я басқалардан ҳүрмет-мақтаў излеп жүрген жоқпыз.
7 Масихтың елшилери сыпатында сизлерге аўырманлық салыўымызға болар еди. Бирақ, балаларына ғамхор болған ана сыяқлы, сизлерге мүләйим болдық.
8 Сизлерди усылай жақсы көрип, сизлерге тек Қудайдың Хош Хабарын емес, ал өз жанларымызды бериўге де қайыл едик. Себеби сизлер бизлер ушын соншелли қәдирли едиңиз.
9 Туўысқанлар! Бизлердиң аўыр мийнетимиз ҳәм қыйыншылықларымыз ядыңызда. Ҳеш бириңизге аўырманлығымыз түспеўи ушын, күни-түни мийнет етип, сизлерге Қудайдың Хош Хабарын жәрияладық.
10 Сиз исениўшилердиң алдында қандай мухаддес, ҳақ ҳәм кемшиликсиз болып жасағанымызға сизлер де, Қудай да гүўа.
11 Хабарыңыз бар, бир әке өз балаларына қандай қатнас жасаса, бизлер де сизлердиң ҳәр бириңизге сондай қатнас жасадық.
12 Сизлерге ақыл-нәсият ҳәм жубаныш берип, Өз Патшалығына ҳәм салтанатына шақырған Қудайға ылайықлы жасаўды өтиниш еттик.
13 Бизлер Қудайға және бир нәрсе ушын үзликсиз шүкирлик етемиз. Өйткени сизлер Қудайдың сөзин бизлерден еситип қабыл еткениңизде, буны адамның сөзи сыпатында емес, ал Қудайдың сөзи сыпатында қабыл еттиңлер. Бул сөз ҳақыйқаттан Қудайдың сөзи болғанлықтан, сиз исениўшилерде ҳәрекет етпекте.
14 Себеби туўысқанлар, сизлер Масих Ийсаға тийисли болған Яҳудиядағы Қудайдың жәмәәтлерине еликлеўшилер болдыңлар. Олар яҳудийлерден қандай азап-ақырет көрген болса, сизлер де өз миллетиңизден сондай азап-ақырет көрдиңлер.
15 Ийемиз Ийсаны ҳәм пайғамбарларды өлтирген яҳудийлер бизлерди де қуўып шығарды ҳәм олар Қудайды нарийза қылып, пүткил адамларға душпанлық ислеп атыр.
16 Басқа миллетлердиң қутқарылыўы ушын, бизлердиң сөйлеўимизге олар тосқынлық жасап, ҳәр қашан өз гүналарының мөлшерин толтырып атыр. Бирақ олар ақырында Қудайдың ғәзебине ушырайды.
17 Туўысқанлар, сизлерден аз ўақытқа айра түсирилип, өзлеримиз алыста болсақ та, кеўиллеримиз сизлер менен бирге еди. Сизлерди жүдә сағынып, дийдар көрисиўге қатты тырыстық.
18 Сонлықтан сизлерге барғымыз келип, әсиресе мен, Павел, бир неше мәрте бармақшы болғанымда, шайтан бизлерге кесент етти.
19 Бизлердиң үмитимиз, қуўанышымыз ҳәм Ийемиз Ийса келгенде, Оның алдында кийетуғын мақтаў тажымыз не? Сизлер емессиз бе?
20 Аўа, мақтанышымыз ҳәм қуўанышымыз сизлерсиз.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.