Еврейлер 13 bob
1 Бир-бириңизди туўысқанларша сүйиўди даўам етиңлер.
2 Миймандослықты умытпаңлар. Өйткени айырымлар усылай ислеп, өзлери билмей, периштелерди қонақ қылған.
3 Қамақта болғанларды өзлериңиз олар менен бирге тутқын болғандай есте тутыңлар. Және де, азап шегип атырғанларды да өзлериңиз азап шегип атырғандай ядыңыздан шығармаңлар.
4 Ҳәммеңиз некеге ҳүрмет пенен қараңлар. Некеңиздиң төсеги гүна менен былғанбасын. Себеби Қудай бузықшылық ислегенлерди ҳәм неке ҳадаллығын бузғанларды ҳүким етеди.
5 Ақшаны сүйиўден аўлақ болып жасаңлар. Өзлериңизде барға қанаат етиңлер. Өйткени Қудай былай деген: «Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен, Ҳеш қашан қалдырмайман» .
6 Сонлықтан бизлер батырлық пенен былай деймиз: «Жаратқан Ийем маған жәрдем береди, мен қорқпайман, Адам маған не ислей алады?»
7 Сизлерге Қудайдың сөзин айтқан жетекшилериңизди еске түсириңлер. Олардың қалай жасағанына ҳәм өмириниң ақыры қандай болғанына қарап, олардың исениминен өрнек алыңлар.
8 Ийса Масих кеше, бүгин ҳәм мәңгиликке бирдей.
9 Ҳәр түрли жат тәлийматларға берилип, азғырылмаңлар. Кеўилдиң аўқатқа байланыслы қағыйдаларды орынлаў менен емес, ал Қудайдың мийрими менен беккемленгени жақсы. Бундай қағыйдаларды орынлаўшылар ҳеш қандай пайда көрмеди.
10 Бизлердиң қурбанлық шалынатуғын орнымыз бар. Оның үстинде Ийса Масих бизлер ушын қурбан болды. Мухаддес шатырда хызмет ететуғын яҳудий руўханийлериниң сол қурбанлықтан пайда көриўге ҳақысы жоқ.
11 Яҳудий бас руўханийи гүна ушын қурбанлыққа берилген маллардың қанын Ең мухаддес бөлмеге апарады. Ал шалынған маллардың денеси елаттың сыртында өртеп жибериледи.
12 Сол сыяқлы Ийса да Өз қаны менен адамларды мухаддес қылыў ушын, қала дәрўазасының сыртында азап шекти.
13 Олай болса, бизлер де Оның көрген хорлығын бөлисиўимиз ушын, елаттың сыртына шығып, Оған барайық.
14 Себеби бул жерде бизлердиң мәңгилик қаламыз жоқ. Бизлер келешекте аспаннан түсетуғын қаланы әрман етемиз.
15 Сонлықтан Ийса арқалы Қудайға үзликсиз мақтаўларымызды қурбанлық сыпатында усынайық. Яғный, Оның атына деген алғысларымыз аўзымыздан түспесин.
16 Жақсылық ислеўди ҳәм өзлериңизде болған нәрсени басқалар менен бөлисиўди умытпаңлар. Өйткени бундай қурбанлықлар Қудайға унайды.
17 Жетекшилериңиздиң сөзлерин тыңлаңлар ҳәм оларға бойсыныңлар. Себеби олар сизлер ушын Қудайға есап беретуғын адамлар болғанлықтан, жанларыңызды қараўыллайды. Олар бул хызметин қуўаныш пенен, налымай атқарыў ушын, оларға қулақ асыңлар. Болмаса, өзлериңиз зыян көресизлер.
18 Бизлер ушын дуўа етиңлер. Бизлер өзлеримиздиң пәк ҳүжданға ийе екенимизге ҳәм ҳәр тәреплеме ҳадал өмир сүриўди қәлейтуғынымызға исенемиз.
19 Әсиресе жаныңызға тез қайтып барыўым ушын дуўа етиўиңизди өтиниш етемен.
20 Өз қанын төгип, мәңгилик келисимди бекитиўи арқалы қойлардың уллы Шопаны болған Ийемиз Ийсаны тынышлық бериўши Қудай өлимнен тирилтти.
21 Усы Қудай Оның еркин орынлаўыңыз ушын, сизлерге ҳәр бир жақсы нәрсени жеткизсин. Өзине унайтуғын нәрсени Ол Ийса Масих арқалы бизлерде әмелге асырсын. Масихқа мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин.
22 Туўысқанларым, сизлерге өтиниш етемен, усы нәсият сөзлеримди қабыл етиңлер. Өйткени мен сизлерге қысқаша жаздым.
23 Туўысқанымыз Тимофейдиң азат етилгенин билиўиңизди қәлеймен. Ол жақын арада жаныма келсе, оның менен бирликте сизлерди көриўге бараман.
24 Жетекшилериңиздиң ҳәммесине ҳәм пүткил исениўшилерге сәлем айтыңлар. Италиядан келгенлер сизлерге сәлем айтып атыр.
25 Қудайдың мийрими ҳәммеңизге яр болсын!