Аян 14 bob
1 Соңынан қарап, Қозының Сион таўының үстинде турғанын көрдим. Қозы менен бирликте маңлайларында Қозының ҳәм Оның Әкесиниң аты жазылған бир жүз қырық төрт мың адам бар еди.
2 Аспаннан сарқырап аққан суўдың сестиндей, күшли гүлдирмама даўысындай бир сес еситтим. Мен еситкен бул сес тарлы әсбап шертиўшилердиң шығарған сестине уқсаған еди.
3 Усы бир жүз қырық төрт мың адам тахтың, төрт мақлуқтың ҳәм ақсақаллардың алдында жаңа бир қосық айтып турған еди. Гүналарының қуны өтелип, жер жүзинен сатып алынған усы адамлардан басқа ҳеш ким бул қосықты үйрене алмас еди.
4 Булар – Ийемизге садық қалып, бутларға табынбаған пәк адамлар еди. Қозы қаяққа барса, олар Оның изине ереди. Олар Қудайдың ҳәм Қозының туңғышлары болып, адамлар арасынан сатып алынғанлар.
5 Аўызларынан жалған сөз шықпаған олар – минсиз адамлар.
6 Буннан соң, мен аспанның ортасында ушып жүрген басқа бир периштени көрдим. Бул периште жер жүзинде жасаўшыларға: ҳәр бир миллет ҳәм урыўға, ҳәр бир тил ҳәм халыққа жәрияланатуғын мәңги Хош Хабарға ийе еди.
7 Ол бәлент даўыс пенен: «Қудайдан қорқыңлар! Оны алғыслаңлар! Оның ҳүким ететуғын ўақты келди. Аспанды, жерди, теңизди ҳәм суў булақларын Жаратқанға сыйыныңлар!» – деди.
8 Оның изинен киятырған екинши периште былай деди: «Қулады! Өз бузықшылығының күшли шарабын барлық миллетлерге ишкизип, оларды азғырған уллы Бабилон қулады!»
9 Екеўиниң изинен киятырған үшинши периште бәлент даўыс пенен былай деди: «Ким де ким биринши жыртқыш ҳайўанға ҳәм оның мүсинине табынып, маңлайына ямаса қолына оның тамғасын қабыл етсе,
10 ол Қудайдың қәҳәрли ғәзеп кесесинде таярланған Қудайдың ғәзебиниң күшли шарабынан ишеди. Мухаддес периштелердиң ҳәм Қозының алдында от ҳәм жанып турған күкирттен азап шегеди.
11 Оларға азап беретуғын оттың түтини шексиз бурқырап турады. Биринши жыртқыш ҳайўанға ҳәм оның мүсинине табынып, атының тамғасын қабыл еткенлер күни-түни тынышлық көрмейди.
12 Сол ўақытта Қудайдың буйрықларын орынлап, Ийсаға деген исенимине садық қалған мухаддеслердиң* сабырлығы керек болады».
13 Сонда аспаннан бир даўыс маған: «Мынаны жазып қой: буннан былай, Ийемизге садық қалып, жанын қыйғанлар қандай бахытлы!» – деди. «Аўа, олар мийнетлериниң рәҳәтин көреди. Себеби ислеген ислериниң жемиси олардан айырылмайды», – дейди Мухаддес Руўх.
14 Соңынан мен қарап, бир ақ бултты көрдим. Булттың үстинде басында алтын тажы, қолында өткир орағы бар, Адам Улына уқсаған Биреў отыр еди.
15 Ибадатханадан шыққан басқа бир периште булттың үстинде Отырғанға бәлент даўыс пенен бақырып: «Орағыңды салып, ор! Орыў ўақты келди. Өйткени жердиң зүрәәти писип жетилисти», – деди.
16 Булттың үстинде отырған орағын жерге силтеди ҳәм жердиң зүрәәти орылды.
17 Аспандағы Ибадатханадан басқа бир периште шықты. Оның да өткир орағы бар еди.
18 Ал от үстинен бийликке ийе басқа бир периште қурбанлық шалынатуғын орыннан шығып, өткир орақлыға бәлент даўыс пенен: «Өткир орағыңды иске сал! Жердеги жүзим ағашынан солқымларды жыйна. Себеби жүзим писти», – деди.
19 Периште орағын жерге силтеп, жердеги жүзимниң зүрәәтин жыйнап алды. Оны Қудайдың ғәзебиниң үлкен искенжесине ылақтырды.
20 Жүзим жемислери қаланың сыртындағы искенжеде сығылды. Искенжеден аққан қан үш жүз шақырым жерге дейин барды ҳәм атлардың жүўенлерине шекем көтерилди.