Аян 21 bob

Жаңа аспан ҳәм жаңа жер (1-8), Жаңа Ерусалим (9-27).

1 Буннан соң, мен жаңа аспан менен жаңа жерди көрдим. Себеби бурынғы аспан ҳәм бурынғы жер жоқ болып кеткен еди. Енди теңиз де жоқ еди.
2 Және мен аспаннан, Қудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала – жаңа Ерусалимди көрдим. Ол өз күйеўи ушын таярланып безенген келин сыяқлы еди.
3 Сонда тахттан шыққан бир бәлент даўыстың былай дегенин еситтим: «Мине, Қудайдың мәканы адамлар арасында. Қудай да олардың арасында жасайды. Олар Қудайдың халқы болады, Қудайдың Өзи де олардың Қудайы болып, олар менен бирге жасайды.
4 Қудай олардың барлық көз жасларын сүртип таслайды. Енди өлим де, қайғы да, жылаў да, азап та болмайды. Өйткени бурынғылар өтип кетти».
5 Тахтта Отырған: – Енди ҳәммесин жаңалайман, – деди. Ол және маған: – Мынаны жаз: себеби бул сөзлер исенимли ҳәм ҳақыйқат, – деди.
6 Соңынан Ол маған былай деди: – Орынланды. Мен – Альфа ҳәм Омегаман, биринши ҳәм соңғыман. Шөллеген адамға өмир суўының булақларынан ешейин суў беремен.
7 Жеңип шыққан усыларды мийрас етип алады. Мен оның Қудайы боламан, ол Маған перзент болады.
8 Бирақ қорқақлар, исенбейтуғынлар, ҳарамылар, адам өлтириўшилер, бузықлар, сыйқыршылар, бутпаразлар ҳәм барлық өтирикшилердиң орны – күкирт жанған от көли болады. Бул – екинши өлим.
9 Соңынан ақырғы жети бәлеге толы жети кесеси бар жети периштениң бири жаныма келип: – Берман кел. Мен саған Қозының қалыңлығын көрсетемен. Ол Қозының болажақ келиншеги, – деди.
10 Периште мени Мухаддес Руўхтың басқарыўында үлкен ҳәм бийик бир таўға көтерди. Ол жерден маған аспаннан, Қудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала Ерусалимди көрсетти.
11 Қала Қудайдың салтанатына ийе еди. Ол ҳасыл тас сыяқлы, кристаллдай мөлдир яспис тасы сыяқлы жарқырап тур еди.
12 Қаланың үлкен ҳәм бийик дийўаллары болып, он еки дәрўазасы бар еди. Дәрўазаларды он еки периште қараўыллайтуғын еди. Дәрўазаларға Израилдың он еки урыўының атлары жазылған еди.
13 Шығыста үш дәрўаза, арқада үш дәрўаза, қублада үш дәрўаза, батыста үш дәрўаза бар еди.
14 Қаланың дийўаллары он еки тийкар тасқа ийе болып, оларда Қозының он еки елшисиниң атлары жазылған еди.
15 Мениң менен сөйлескен периштениң қолында қаланы ҳәм қаланың дәрўазалары менен дийўалларын өлшеў ушын, өлшейтуғын алтын таяқ бар еди.
16 Қала төрт мүйеш тәризинде болып, узынлығы менен ени бирдей еди. Периште қаланы өлшейтуғын таяқ пенен өлшегенде, узынлығы, ени ҳәм бийиклиги бирдей болып, ҳәр бир тәрепи еки мың еки жүз шақырым болып шықты.
17 Периште дийўалларды да өлшеп шықты. Адамның өлшеми бойынша, дийўаллардың бийиклиги алпыс бес метр болып шықты.
18 Дийўаллар яспис тасынан, ал қала мөлдир шийше сыяқлы, сап алтыннан салынған еди.
19 Қала дийўалларының тийкар таслары ҳәр түрли ҳасыл таслар менен безелген еди. Биринши тийкар тасы яспис, екиншиси көк сапфир, үшиншиси халкидон, төртиншиси жасыл зумрат,
20 бесиншиси ала сардоникс, алтыншысы сардолик, жетиншиси сары яқыт, сегизиншиси көк зумрат, тоғызыншысы сары топаз, оныншысы сары зумрат, он бириншиси көк яқыт, он екиншиси қызғылт көк аметист.
21 Он еки дәрўаза он еки ҳинжи, яғный ҳәр бир дәрўаза бир ҳинжиден соғылған еди. Қаланың көшеси мөлдир шийше сыяқлы сап алтыннан еди.
22 Мен қалада Ибадатхана көрмедим. Өйткени ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз ҳәм Қозы қаланың Ибадатханасы еди.
23 Қаланы жақтыландырыў ушын қуяштың ямаса айдың кереги жоқ еди. Себеби Қудайдың салтанаты оны жақтыландырып туратуғын еди. Ал Қозы оның шырасы еди.
24 Миллетлер қаланың жақтысында жүреди. Дүнья патшалары өз даңқ-салтанатын ол жерге алып келеди.
25 Қаланың дәрўазалары ҳәр қашан ашық турады, өйткени ол жерде ҳеш қашан түн болмайды.
26 Адамлар өз миллетиниң даңқсалтанатын ҳәм абырайын ол жерге алып келеди.
27 Оған ҳеш қандай ҳарам нәрсе, жеркенишли ҳәм жалған ислер ислеген ҳеш ким ҳеш қашан кирмейди. Тек атлары Қозының Өмир китабында жазылғанлар ғана киреди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.