Аян 3 bob

Сардис жәмәәтине (1-6), Филадельфия жәмәәтине (7-13), Лаодикия жәмәәтине (14-22).

1 – Сардис жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Қудайдың жети руўхына ҳәм жети жулдызына ийе болған былай дейди: «Сениң ислериңди билемен. Тири жәмәәт деген атың бар, бирақ сен өлисең.
2 Сергек бол! Еле өлмей қалған, енди өлейин деп атырғанларды беккемле. Себеби Қудайымның алдында сениң ислериңниң жеткиликсиз екенлигин көрдим.
3 Сонлықтан өзиң қабыл алып еситкен тәлийматыңды есиңе түсир. Оны тутынып, тәўбе ет! Егер сергек болмасаң, Мен уры сыяқлы күтилмегенде келемен, саған қашан келетуғынымды билмей қаласаң.
4 Бирақ Сардисте, сизлердиң араңызда, ипласланбаған айырым адамлар бар. Олар ақ кийим кийип, Мениң менен бирге жүреди. Өйткени олар усыған ылайықлы.
5 Жеңип шыққан усындай ақ кийим кийеди. Бундай адамның атын Өмир китабынан ҳеш қашан өширмеймен. Әкемниң ҳәм Оның периштелериниң алдында бул адамның атын ашық тән аламан.
6 Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин».
7 – Филадельфия жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Мухаддес ҳәм ҳақыйқат болған, Даўыттың гилтине ийе, Ол ашса ҳеш ким жаба алмайтуғын, жапса, ҳеш ким аша алмайтуғын былай дейди:
8 «Сениң ислериңди билемен. Мине, сениң алдыңа ҳеш ким жаба алмайтуғын ашық бир қапы қойдым. Күшиң аз болса да сөзимди орынлап, атымнан ўаз кешпедиң.
9 Қара, шайтанның жыйынынан болғанларды, өзлерин яҳудиймиз деп атап, бирақ яҳудий болмаған өтирикшилерди саған тапсыраман. Оларды саған келиўге ҳәм сениң аяғыңа бас урыўға мәжбүр етип, оларға Мениң сени сүйетуғынымды көрсетемен.
10 Сабырлылық пенен шыда деген буйрығымды орынлағаның ушын, жер жүзинде жасайтуғынларды сынаў мақсети менен пүткил дүнья жүзине келетуғын сынақ ўақтынан Мен де сени сақлайман.
11 Мен жылдам келемен. Тажыңды ҳеш ким алып қоймаўы ушын, өзиңде бар нәрсеге беккем бол.
12 Жеңип шыққанды Қудайымның Ибадатханасының сүтини қыламан. Сол адам ол жерден ҳеш қашан шықпайды. Оның үстине Қудайымның атын, Қудайымның қаласының атын, яғный аспаннан, Қудайдың жанынан түсетуғын жаңа Ерусалимниң атын ҳәм Өзимниң жаңа атымды жазаман.
13 Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин».
14 – Лаодикия жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Аўмийин, садық ҳәм ҳақыйқый гүўа, Қудайдың жаратқанларының Ҳүкимдары былай дейди:
15 «Сениң ислериңди билемен. Сен я суўық, я ыссы емессең. Қәне енди, я суўық, я ыссы болсаң!
16 Сен ыссы да, суўық та емес, ал жыллы болғаның ушын, сени аўзымнан қусып жиберемен.
17 Байман, байыдым, ҳеш нәрсеге мүтәж емеспен, дейсең. Бирақ өзиңниң бахытсыз, аянышлы, жарлы, соқыр ҳәм жалаңаш екенлигиңди билмейсең.
18 Сонлықтан Мениң саған айтатуғын мәсләҳәтим мынаў: бай болыўың ушын, Меннен отта тазаланған алтын, жалаңашлығыңның айыбы көринбеў ушын ақ кийимлер, көриўиң ушын көзлериңе сүртетуғын дәри сатып ал.
19 Мен сүйгенлеримниң ҳәммесин әшкара етип, тәрбиялайман. Сол себепли инталы болып, тәўбе ет.
20 Мине, Мен қапы алдында қағып турман. Егер ким де ким даўысымды еситип, қапыны ашса, оның үйине киремен. Мен оның менен, ол Мениң менен бирге аўқат жеймиз.
21 Мен жеңип шығып, Әкем менен бирге Оның тахтына отырғанымдай, жеңип шыққанға да Мениң менен бирге тахтыма отырыў ҳуқықын беремен.
22 Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин».


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.