Аян 7 bob

Мөрленген 144000 адам (1-8), Ақ кийим кийген көп адамлар (9-17).

1 Буннан соң, мен жер жүзиниң төрт мүйешинде турған төрт периштени көрдим. Олар жер бетине, теңизге ҳәм ҳәр бир терекке еспесин деп, жер жүзиниң төрт самалын услап турған еди.
2 Мен және шығыстан көтерилип киятырған, тири Қудайдың мөрине ийе басқа бир периштени көрдим. Ол жерге ҳәм теңизге зыян келтириў бийлиги берилген төрт периштеге бәлент даўыс пенен бақырып:
3 «Бизлер Қудайымыздың хызметшилериниң маңлайларына мөр баспағанымызша, жерге, теңизге ҳәм тереклерге зыян тийгизбеңлер!» – деди.
4 Сонда мен маңлайларына мөр басылғанлардың саны бир жүз қырық төрт мың екенин еситтим. Олар Израил халқының барлық урыўларынан еди.
5 Яҳуда урыўынан он еки мың, Рубен урыўынан он еки мың, Гад урыўынан он еки мың,
6 Ашер урыўынан он еки мың, Нафтали урыўынан он еки мың, Манасия урыўынан он еки мың,
7 Симон урыўынан он еки мың, Лебий урыўынан он еки мың, Исаҳар урыўынан он еки мың,
8 Зебулон урыўынан он еки мың, Юсуп урыўынан он еки мың, Бенамин урыўынан он еки мың адамға мөр басылды.
9 Буннан соң қарасам, ҳәр түрли миллеттен, ҳәр түрли урыўдан, ҳәр түрли халықтан ҳәм ҳәр түрли тилден болған, ҳеш ким санай алмайтуғын үлкен топар тахтың ҳәм Қозының алдында тур еди. Ҳәммеси ақ кийим кийген болып, қолларына хурма ағашының шақаларын услап турған еди.
10 Олар бәлент даўыс пенен: «Қутқарыў тахт үстинде отырған Қудайымыздың ҳәм Қозының қолында», – деп бақырып турған еди.
11 Барлық периштелер тахтың, ақсақаллардың ҳәм төрт мақлуқтың дөгерегинде турған еди. Олар тахтың алдында жерге жығылып, Қудайға табынып былай деди:
12 «Аўмийин. Алғыс, даңқ, даналық, Мақтаў, ҳүрмет, күш-қүдирет Мәңгиге Қудайымыздики болсын. Аўмийин».
13 Сонда ақсақаллардың бири меннен: – Ақ кийим кийген мына адамлар кимлер, олар қаяқтан келди? – деп сорады.
14 Буны сиз билесиз, мырзам, – дедим мен. Ол маған былай деди: – Булар – аўыр азапты басынан кеширгенлер. Кийимлерин Қозының қаны менен жуўып, аппақ қылғанлар.
15 Сонлықтан олар Қудайдың тахтының алдында турып, Оның Ибадатханасында күнитүни Оған хызмет етеди. Тахтта Отырған олар менен бирге болып, Өз панасында сақлайды.
16 Олар енди ҳеш қашан аш болмайды ҳәм шөллемейди, қуяш ямаса жәзийрама ыссы оларды күйдирмейди.
17 Өйткени тахтың ортасында болған Қозы олардың шопаны болып, тири суў булақларына алып барады. Қудай олардың барлық көз жасларын сүртип таслайды.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.