Бийлер 11 bob

1 Гиладлы Ифтах деген бир мәрт жаўынгер бар еди. Ол бир бузық ҳаялдың улы болып, әкесиниң аты Гилад еди.
2 Гиладтың өз ҳаялы да оған уллар туўып берди. Олар үлкейгенде Ифтахты қуўып, оған: «Әкемиздиң үйинен мийрас алмайсаң. Өйткени сен басқа бир ҳаялдың улысаң», – деди.
3 Ифтах туўысқанларынан қашып, Тоб журтына жайласып алды ҳәм дөгерегине жыйналған оңбаған адамлар оның менен бирге басқыншылық ете баслады.
4 Бир қанша ўақыт өткеннен кейин, аммон халқы израиллыларға урыс ашты.
5 Урыс ўақтында, Гилад ақсақаллары Ифтахты алып келиў ушын Тоб журтына кетти.
6 Олар Ифтахқа: – Жүр, бизлердиң сәркәрдамыз бол, аммонлар менен урысайық, – деди.
7 Ифтах оларға: – Мени жек көрип, әкемниң үйинен қуўған сизлер емес пе? Басыңызға ис түскенде, не ушын маған келдиңиз? – деп жуўап берди.
8 Гилад ақсақаллары оған: – Енди саған бас ийип келиўимиздиң себеби, сен бизлер менен бирге барып, аммонлар менен урыс. Сонда сен бизлерге, яғный Гилад халқына басшы боласаң, – деди.
9 Ифтах олардан: – Аммонлар менен урысыўға мени алып барсаңыз ҳәм Жаратқан Ийе оларды маған тәслим қылса, онда мен сизлердиң басшыңыз боламан, – деди.
10 Гилад ақсақаллары оған: – Жаратқан Ийе бизлерге гүўа болсын, анық айтқаныңдай болады, – деди.
11 Солай етип, Ифтах Гилад ақсақаллары менен бирге кетти. Халық оны өзлерине басшы ҳәм сәркәрда етип қойды. Ифтах айтқан барлық сөзлерин Миспада, Жаратқан Ийениң алдында тәкирарлады.
12 Соннан кейин, Ифтах аммон халқының патшасына елшилер жиберип: «Жеримизге урыс ашыўға келгендей, бизлердиң арамызда қандай келиспеўшилик болған еди?» – деди.
13 Аммон патшасы Ифтахтың елшилерине мына жуўапты айтып жиберди: «Израиллылар Мысырдан шыққаннан кейин, Арнон дәрьясынан баслап Яббоқ ҳәм Иордан дәрьяларына дейинги жерлеримди алып қойды. Енди бул жерлерди маған урыссыз қайтарып бер».
14 Ифтах аммон халқының патшасына және елшилер жиберип,
15 былай деди: «Ифтах былай деп атыр: „Израил Моаб жерлерин де, аммон халқының жерлерин де алмады.
16 Себеби Израил Мысырдан шыққан ўақытта шөл арқалы жүрип, Қамыс теңизине, кейин Қадешке келди.
17 Соңынан Израил Эдом патшасына елшилер жиберип, жерлери арқалы өтиўге рухсат сорады. Бирақ Эдом патшасы қулақ аспады. Израил Моаб патшасына да елшилер жиберди, бирақ ол да рухсат бермеди. Сонлықтан Израил Қадеште қалды.
18 Кейин Израил шөл жерлер менен жүрип, Эдом менен Моаб жерлериниң әтирапынан өтти. Олар Моаб жериниң шығыс тәрепине келип, Арнонның арғы тәрепине орналасты. Бирақ Моаб шегарасының ишине кирмеди. Өйткени Арнон моаблылардың шегарасы еди.
19 Соңынан Израил Хешбонда ҳүкимдарлық етип атырған аморлардың патшасы Сихонға елшилер жиберип: „Жеримизге барыў ушын сениң елиң арқалы өтиўимизге рухсат бер“, – деди.
20 Бирақ Сихон Израилдың жеринен кесип өтиўине исенбеди. Сонлықтан ол барлық әскерлерин жыйнап, Яҳасада орда қурды ҳәм Израилға урыс ашты.
21 Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе Сихонды ҳәм оның пүткил халқын израиллыларға тәслим қылды. Израиллылар аморларды жеңип, олар жасаған жерлердиң ҳәммесин қолға киргизди.
22 Олар Арноннан Яббоқ дәрьясына, шөлден Иордан дәрьясына дейин созылған пүткил Амор жерлерин ийелеп алды.
23 Енди Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе аморларды Өз халқы болған Израилдың алдынан қуўғаннан кейин, оларды қайтарып алыўға сениң қандай ҳақың бар?
24 Қудайың болған Кемош саған бир жер берсе, ол жерге ийелик етпес пе едиң? Бизлер де Қудайымыз Жаратқан Ийениң өзлеримизге берген жерлерине ийелик етемиз.
25 Сен Моаб патшасы Сиппор улы Балақтан үстемсең бе? Ол қашан израиллылар менен тартысып, қашан олар менен урысыўға шықты?
26 Израиллылар үш жүз жылдан берли Хешбон менен Ароерде ҳәм олардың әтирапындағы аўылларда, және де, Арнон жағасындағы барлық қалаларда жасап киятыр. Усы ўақытқа дейин бул жерлерди не ушын алмадыңлар?
27 Мен сениң алдыңда айыплы емеспен. Бирақ сен маған қарсы урысқа шығып, наҳақлық қылып атырсаң. Жаратқан Ийе – Қазы, Оның Өзи бүгин израиллыларға ҳәм аммонларға қазылық етсин“».
28 Бирақ Ифтахтың айтып жиберген бул сөзлерине Аммон патшасы қулақ салмады.
29 Сонда Жаратқан Ийениң Руўхы Ифтахтың үстине түсти. Ифтах Гилад ҳәм Менашшеден, соңынан Гиладтағы Миспадан өтип, аммонларға қарай кетти.
30 Ол Жаратқан Ийениң алдында ўәде берип былай деди: «Егер аммонларды маған тәслим қылсаң,
31 оларды жеңип, саў-саламат қайтқанымда, мени күтип алыў ушын үйимниң есигинен биринши болып ким шықса, оны Жаратқан Ийеге бағышлап, жандырылатуғын қурбанлық етип беремен».
32 Соннан кейин, Ифтах аммонлар менен урысыўға кетти. Жаратқан Ийе оларды Ифтахқа тәслим қылды.
33 Ифтах Ароерден Миннитке шекемги жигирма қаланы ҳәм Абел-Керамимге шекемги қалаларды ўайран етип, аммонларды үлкен жеңилиске ушыратты. Солай етип, аммонлар израиллыларға бағынышлы болды.
34 Ифтах Миспаға, өз үйине қайтқанда, оның қызы дәп шертип, ойынға түсип, оны күтип алыўға шықты. Бул қыз оның жалғыз перзенти болып, оннан басқа я улы, я қызы жоқ еди.
35 Ифтах қызын көргенде, кийимлерин жыртып: – Ўаҳ, қызым, жүрегимди қан етип, мени бахтықара қылдың-ғо! Өйткени мен Жаратқан Ийеге берген ўәдемди буза алмайман, – деди.
36 Қыз әкесине: – Аға, сен Жаратқан Ийеге ант иштиң. Жаратқан Ийе душпанларың болған аммонлардан сениң ушын өш алған екен, енди сен де аўзыңнан не шыққан болса, маған соны исле, – деди.
37 Соңынан қыз әкесине және: – Бир тилегим бар: маған еки ай мәўлет бер, досларым менен таўға шығып, маған турмысқа шығыў несип етпегенине жылайын, – деди.
38 Әкеси қызына: – Яқшы, бара ғой, – деп еки айға рухсат берди. Қыз дослары менен бирге таўға шығып, турмысқа шығыў несип етпегенине жылады.
39 Еки айдан соң, қыз әкесиниң жанына қайтты. Әкеси берген ўәдесин орынлады. Қызға еркектиң қолы тиймеген еди. Соннан кейин, Израилда мынадай бир дәстүр пайда болды:
40 Израил халқының қызлары ҳәр жылы таўға шығып, гиладлы Ифтахтың қызы ушын төрт күн аза тутатуғын болды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.