Бийлер 3 bob
1 Кенаандағы урыслардың ҳеш бирине қатнаспаған барлық израиллыларды сынаў ушын ҳәм ҳеш саўаш тәжирийбеси болмаған жаңа әўладлардың саўаш тәлимин үйрениўи ушын,
2 Жаратқан Ийе қалдырған миллетлер мыналар еди:
3 филист халқының бес ҳүкимдары, барлық кенаанлылар, сидонлылар ҳәм Баал-Хермон таўынан Лебо-Хаматқа дейин созылған Лебанон таўларында жасайтуғын хиўлер.
4 Жаратқан Ийе Израил халқын сынаў ушын ҳәм Муўса арқалы ата-бабаларына берген буйрықларын олардың орынлайтуғынын ямаса орынламайтуғынын көриў ушын, бул миллетлерди олардың елинде қалдырған еди.
5 Солай етип, израиллылар кенаан, хетт, амор, периз, хиў ҳәм ебус халықларының арасында жасады.
6 Олар менен қыз алысып, қыз беристи ҳәм олардың қудайларына табынды.
7 Израил халқы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. Олар Қудайы Жаратқан Ийени умытып, Баал ҳәм Ашера бутларына табынды.
8 Сонлықтан Жаратқан Ийениң Израилға қәҳәри келип, оларды Арам-Наҳарайым патшасы Кушан-Ришатайымға тәслим қылды. Олар сегиз жыл Кушан-Ришатайымның қол астында болды.
9 Бирақ израиллылар Жаратқан Ийеге нала еткенде, Жаратқан Ийе оларға бир қутқарыўшы жиберди. Оларды қутқарған Калебтиң кишкене иниси Кеназдың улы Отниел еди.
10 Жаратқан Ийениң Руўхы Отниелдиң үстине түсип, ол Израилды басқарды. Отниел урысқа шыққанда, Жаратқан Ийе Арам патшасы Кушан-Ришатайымды оған тәслим қылды ҳәм Отниел Кушан- Ришатайымнан үстин келди.
11 Солай етип, ел Кеназ улы Отниелдиң өлимине дейин қырық жыл тынышлықта жасады.
12 Соннан кейин, израиллылар Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және ислей баслады. Соның ушын Жаратқан Ийе Моаб патшасы Эглонды израиллыларға қарсы туратуғындай етип күшке толтырды.
13 Патша Эглон аммон ҳәм амалек халықларын өзине бириктирип алып, Израилға ҳүжим жасады. Олар Израилды жеңилиске ушыратып, Пальма қаласын басып алды.
14 Солай етип, израиллылар он сегиз жыл Моаб патшасы Эглонның қол астында қалды.
15 Бирақ израиллылар Жаратқан Ийеге нала еткенде, Жаратқан Ийе олар ушын Эҳуд атлы бир қутқарыўшыны жиберди. Бенямин урыўынан болған Гераның улы Эҳуд солақай еди. Бир күни израиллылар Эҳуд арқалы Моаб патшасы Эглонға салықларын жиберди.
16 Эҳуд өзине узынлығы еки қарыс келетуғын, еки жүзи бар бир қанжар ислеп алды ҳәм қанжарды кийиминиң астына, оң санына байлап қойды.
17 Эҳуд салықты Моаб патшасы Эглонға апарып берди. Эглон жүдә семиз адам еди.
18 Эҳуд салықты бергеннен соң, салықты көтерип апарған адамларды қайтарып жиберди.
19 Ал өзи болса, Гилгалдың қасындағы тас бутлардың жанынан кейнине қайтып келди де, патшаға: – Тақсыр, мениң сизге айтатуғын бир сырым бар, – деди. Патша оған: – Үндеме, – деди де, қасындағы адамлардың ҳәммесин сыртқа шығарып жиберди.
20 Эҳуд жоқарыдағы салқын бөлмесинде жалғыз қалған патшаға жақынлап, оған: – Сизге Қудайдан бир хабар алып келдим, – дегенде, патша тахтынан турды.
21 Эҳуд шеп қолы менен оң санындағы қанжарды алды да, патшаның қарнына тықты.
22 Қанжар патшаның қарнына сабы менен қосыла кирип кетти. Эҳуд қанжарды суўырып алмағанлықтан, қанжар патшаның майлы қарнында қалып қойды.
23 Эҳуд айўанға шықты да, жоқарыдағы бөлмениң қапыларын жаўып, қулыплап кетти.
24 Ол шығып кеткеннен кейин, патшаның хызметшилери келип, жоқарыдағы бөлмениң қапысының илик турғанын көрди де, бир-бирине: «Патшамыз салқын бөлмеде дәрет сындырып атырған шығар», – дести.
25 Олар көп ўақыт күтсе де, патша бөлмениң қапысын ашпады. Сонлықтан олар гилтти алып, қапыны ашып қараса, мырзасының өлиги жерде жатыр екен.
26 Олар патшаны күтип турғанда, Эҳуд тас бутлардың жанынан өтип, Сеираға қашып кетти.
27 Эҳуд сол жерге жетип барды да, Эфрайымның таўлы үлкесине шығып, кәрнай шертти. Израиллылар оның менен бирге таўлардан төменге түсти. Эҳуд олардың алдында жол баслап жүрди.
28 Эҳуд оларға: – Изимнен жүриңлер, себеби Жаратқан Ийе душпаныңыз болған моаблыларды сизлерге тәслим етти, – деди. Эҳудтың изинен киятырған израиллылар Моабқа өтетуғын Иордан өткеллерин ийелеп, ҳеш кимди өткермеди.
29 Олар моаблылардың он мыңға шамалас қарыўлы ҳәм күшли адамын өлтирди. Моаблылардың ҳеш бири аман қалмады.
30 Сол күни моаблылар израиллылардың қол астына өтти. Ел сексен жыл парахатшылықта жасады.
31 Эҳудтан соң, Анат улы Шамгар бий болды. Шамгар филистлердиң алты жүз адамын өгиз айдайтуғын таяқ пенен өлтирип, ол да израиллыларды қутқарды.