Бийлер 8 bob
1 Эфрайым урыўының адамлары Гидеонға: – Мидянлылар менен урысыўға кеткениңде, бизлерди шақырмадың. Бизлерге не ушын бундай қылдың? – деп оны қатты айыплады.
2 Гидеон оларға былай деп жуўап берди: – Сизлердиң ислеген исиңиздиң қасында меники не болыпты? Эфрайымның териминен қалған жүзимлер Абиезердиң пүткил жүзим өнимлеринен жақсырақ емес пе?
3 Қудай Мидян басшылары болған Ореб ҳәм Зеебти сизлерге тәслим қылды. Сизлерге тең келетуғындай, мен не ислей алдым? Гидеонның бул сөзлери олардың ғәзебин қайтарды.
4 Гидеон ҳәм оның жанындағы үш жүз адам Иордан дәрьясына келип, дәрьяны кесип өтти. Олар шаршаса да, мидянлыларды қуўыўды даўам етти.
5 Ол Суккотқа келгенде, қала халқына: – Мениң изимнен киятырған адамларыма нан бериңлер, олар ҳалдан тайған. Мен Мидян патшалары Зебах ҳәм Салмуннаның изинен қуўып баратырман, – деди.
6 Суккот басшылары оған: – Сениң әскерлериңе нан бергендей, сен Зебах ҳәм Салмуннаны тутқынға алып па едиң? – деди.
7 Гидеон оларға: – Болады, усы сөзиңиз ушын, Жаратқан Ийе Зебах пенен Салмуннаны маған тәслим еткенде, мен денелериңизди шөл тикенлери ҳәм шеңгеллери менен тилким-тилким қыламан, – деди.
8 Гидеон ол жерден Пену-Элге кетти ҳәм оның халқынан да тап солай деп илтимас қылды. Бирақ Пену-Эл халқы да Суккот халқының берген жуўабын берди.
9 Гидеон оларға: – Саў-саламат изиме қайтқанымда, бул минараны қулатаман, – деди.
10 Сол ўақытта Зебах пенен Салмунна он бес мыңға шамалас аман қалған шығыс халықларының әскерлери менен бирликте Қарқорда еди. Қуралланған бир жүз жигирма мың әскер өлген еди.
11 Гидеон Нобах ҳәм Иогбоҳаның шығыс тәрепиндеги кәрўан жолы менен барып, аңсыз турған душпан ордасына ҳүжим жасады.
12 Зебах пенен Салмунна қашып кетти, ал Гидеон олардың изинен қуўды. Ол Мидянның еки патшасы болған усы Зебах пенен Салмуннаны қолға алып, олардың барлық әскерлерин албыратып таслады.
13 Иоаш улы Гидеон урыстан Херес төбешиги бойлап қайтты.
14 Жолда Гидеон Суккоттың бир жас жигитин услап алып, оны сораўға тутты. Жас жигит оған Суккоттың жетпис жети басшысы менен ақсақалларының атларын жазып берди.
15 Гидеон Суккот халқына барып, оларға былай деди: – Сизлер маған: «Сениң ҳалдан тайған адамларыңа нан беретуғындай, сен Зебах пенен Салмуннаны тутқынға алып па едиң?» – деп мени масқаралаған едиңиз. Минекей, Зебах пенен Салмунна!
16 Соңынан Гидеон қала ақсақалларын топлап, Суккот халқын шөл тикенлери ҳәм шеңгеллери менен жазалады.
17 Кейин Пену-Эл минарасын қулатып, қала халқын өлтирди.
18 Соңынан Гидеон Зебах пенен Салмуннадан: – Таборда өлтиргенлериңиз қандай адамлар еди? – деп сорады. Олар Гидеонға: – Олар саған усаған еди, ҳәммеси патша улларына мегзес еди, – деп жуўап берди.
19 Гидеон оларға: – Олар мениң туўысқанларым, анамның уллары еди. Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен, егер сизлер оларды аман қалдырғаныңызда, мен де сизлерди өлтирмес едим, – деди.
20 Соннан кейин, Гидеон туңғыш улы Етерге: – Қәне, оларды өлтир, – деди. Деген менен, еле жас болған Етер қорқып, қылышын көтермеди.
21 Сонда Зебах пенен Салмунна Гидеонға: – Бизлерди өзиң өлтир. Еркектиң исин тек еркек ислей алады, – деди. Солай етип, Гидеон барып, Зебах пенен Салмуннаны өлтирди ҳәм түйелериниң мойнындағы ярым ай көринисиндеги безениў буйымларын алды.
22 Израиллылар Гидеонға: – Сен, улың ҳәм ақлығың бизлерге басшылық етиң. Себеби бизлерди мидянлылардың қолынан сен қутқардың, – деди.
23 Бирақ Гидеон оларға: – Мен де, улым да сизлерге басшылық қылмаймыз. Сизлерге Жаратқан Ийе басшылық қылады, – деп жуўап берди.
24 Соңынан Гидеон даўам етип: – Сизлерден бир тилегим бар: маған ҳәр бириңиз олжаларыңыздан бир алтын сырғадан бериңлер, – деди. Душпанлар исмайыллылар болғанлықтан, алтын сырға тағатуғын еди.
25 Израиллылар: – Жан деп беремиз, – деп, жерге бир жайыў жайды да, олжаларынан бир сырғадан жайыўдың үстине таслады.
26 Ай көринисиндеги безениў буйымларын, түймелерди, Мидян патшаларының шым қызыл шапанларын ҳәм түйелердиң мойнындағы алтын шынжырларды есапламағанда, Гидеонның алған алтын сырғаларының аўырлығы бир мың жети жүз шекел шықты.
27 Гидеон олардан бир эфод ислетип, оны өз қаласы болған Офраға жайластырды. Пүткил израиллылар усы эфодқа табынып, Жаратқан Ийеге опасызлық қылды. Солай етип, бул бут Гидеон ҳәм оның шаңарағы ушын бир дузақ болды.
28 Израиллылардан жеңилген мидянлылар оларға бир мәрте де қарсы көтерилмеди. Ел Гидеон дәўиринде қырық жыл парахатшылықта жасады.
29 Иоаш улы Еруббаал қайтып келип, өз үйинде жасаўды даўам етти.
30 Оның жетпис улы бар еди, себеби оның ҳаяллары көп болды.
31 Гидеонның Шехемде бир тоқалы бар еди. Сол тоқалы да бир ул туўып берип, оның атын Абимелех қойды.
32 Иоаш улы Гидеон мазмунлы узақ өмир сүрип, қайтыс болды. Ол Абиезер урпақларының Офра қаласындағы әкеси Иоаштың қәбирине жерленди.
33 Гидеон өлгеннен кейин, израиллылар Жаратқан Ийеге және опасызлық қылып, Баал мүсинлерине табынды. Олар Баал-Беритти өзлерине қудай етип қойды.
34 Өзлерин әтирапындағы душпанларынан қутқарған Қудайы Жаратқан Ийени умытты.
35 Және де, олар Израилға сонша жақсылықлар қылған Еруббаалдың, яғный Гидеонның шаңарағына да жақсы қатнаста болмады.