1 Патшалар 19 bob

Шаулдың Даўытты өлтириўге ҳәрекет етиўи (1-24).

1 Шаул улы Ионатанға ҳәм барлық хызметшилерине Даўытты өлтириўди буйырды. Бирақ Шаулдың улы Ионатан Даўытты жүдә жақсы көретуғын еди.
2 Ол Даўытқа хабар жиберип: «Әкем Шаул сени өлтирмекши. Ертең азанда сақ бол. Бир жерге жасырынып, сол жерде отыр.
3 Ал мен сен жасырынған атызға барып, әкемниң жанында тураман ҳәм оның менен сен туўралы сөйлесемен. Бир нәрсе билсем, саған айтаман», – деди.
4 Ионатан әкеси Шаулға Даўытты мақтап былай деди: – Патшам, өз қулың Даўытқа қарсы гүна ислеме. Себеби ол саған қарсы ҳеш қандай гүна ислемеди ҳәм ҳәр бир иси арқалы саған үлкен пайда келтирди.
5 Ол жанын қәўип астына қойып, филистти өлтирди. Жаратқан Ийе пүткил Израилды жеңиске еристирди. Сен де буны көрип қуўандың. Солай екен, неге Даўытты себепсиз өлтирип, жазықсыз бир адамға наҳақлық ислеп атырсаң?
6 Шаул Ионатанның сөзлерине қулақ салып: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен, Даўыт өлтирилмейди, – деди.
7 Ионатан Даўытты шақырып, оған ҳәммесин айтып берди. Соңынан Даўытты Шаулдың қасына әкелди. Даўыт та алдынғыдай патшаның хызметине кирди.
8 Саўаш және ҳәўиж алды. Даўыт филистлерге қарсы урысқа шығып, оларға күшли соққы берди. Филистлер Даўыттың алдына түсип қашты.
9 Бир күни Шаул найзасын қолына алып, үйинде отырған еди. Даўыт та лира шертип отырған еди. Сол ўақытта Жаратқан Ийе жиберген жаман руўх Шаулды бийлеп алды.
10 Шаул найзасы менен Даўытты дийўалға қадамақшы болды. Бирақ Даўыт және қашып қалып, Шаулдың найзасы дийўалға қадалды. Сол түни Даўыт қашып қутылды.
11 Даўытты гүзетип, ертеңине азанда өлтириў ушын, Шаул Даўыттың үйине хызметшилерин жиберди. Бирақ ҳаялы Михал Даўытқа: «Егер бүгин түнде қашып қутылмасаң, азанда сени өлтиреди», – деди.
12 Соңынан ол Даўытты терезеден төменге түсирип жиберди. Солай етип, Даўыт қашып қутылды.
13 Михал үй бутын алып, оны төсекке жатқызды да, үстине көрпе жапты. Ал бас бетине ешки жүнинен исленген көпшик қойды.
14 Шаул жиберген хызметшилер Даўытты тутып алып кетиўге келгенде, Михал оларға: «Даўыт аўырып атыр», – деди.
15 Даўытты көрип келиў ушын Шаул хызметшилерин және жиберип атырып: «Оны төсеги менен усы жерге алып келиңлер, өлтирейин», – деп буйырды.
16 Шаулдың хызметшилери үйге киргенде, төсекте басына ешки жүнинен көпшик қойылған буттың жатырғанын көрди.
17 Шаул Михалдан: – Неге мени алдап, душпанымды қашырып жибердиң? – деп сорады. Михал оған: – Даўыт маған: «Егер мени босатып жибермесең, өзиңди өлтиремен», – деди, – деп жуўап берди.
18 Қашып қутылған Даўыт Рамада жасап атырған Самуелге барды ҳәм Шаулдың өзине ислеген барлық ислери туўралы айтып берди. Соңынан Даўыт Самуел менен бирге Найотқа барып, сол жерде қалды.
19 Даўыттың Раманың Найот деген жеринде екенлиги ҳаққында хабар Шаулға жетип барды.
20 Сонда Шаул Даўытты услап келиў ушын хызметшилерин сол жерге жиберди. Олар Самуелдиң басшылығындағы бир пайғамбарлар топарының пайғамбаршылық етип жүргенин көрди. Сол ўақытта Қудайдың Руўхы Шаулдың хызметшилерине де түсип, олар да пайғамбаршылық ете баслады.
21 Шаул болып өткен ўақыяны еситкенде, басқа хызметшилерди жиберди. Олар да пайғамбаршылық ете баслады. Шаулдың үшинши рет жиберген хызметшилери де пайғамбаршылық ете баслады.
22 Ақыры Шаулдың өзи Рама қаласына қарай жолға шықты. Ол Сехудағы үлкен суў сақлағышқа жеткенде: – Самуел менен Даўыт қай жерде? – деп сорады. Бир адам оған: – Раманың Найот деген жеринде, – деп жуўап берди.
23 Шаул Рамадағы Найотқа баратырғанда, оған да Қудайдың Руўхы түсти. Ол Найотқа барғанша, жол бойы пайғамбаршылық етти.
24 Ол кийимлерин шешип таслап, Самуелдиң алдында пайғамбаршылық етти. Шаул пүткил күни ҳәм түни бойы жалаңаш жатты. Сонлықтан да, халықтың: «Шаул да пайғамбарлар арасында ма?» – деген сөзи усыннан қалған.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.