1 Патшалар 26 bob

Даўыттың Шаулдың жанын және сақлап қалыўы (1-25).

 

1 Зифлилер Гибаға, Шаулға келип: «Даўыт Ешимонға қарама-қарсы жайласқан Хахила төбешигинде жасырынып жүр», – деди.
2 Шаул Израилдың үш мың ағла әскерин алып, Зиф шөлине Даўытты излеў ушын шықты.
3 Олар Ешимонға қарама-қарсы жайласқан Хахила төбешигиндеги жол бойына орда қурды. Шөлде жүрген Даўыт Шаулдың өзин излеп, сол жерге келгенин билгенде,
4 тыңшылар жиберди. Солай етип, ол Шаулдың сол жерге келгенин анық билип алды.
5 Сонлықтан Даўыт Шаулдың орда қурған жерине барып, Шаул менен сәркәрда Нер улы Абнердиң қай жерде жатырғанын көрди. Шаул орданың ортасында, ал әскерлер оның әтирапында жатырған екен.
6 Сол ўақытта Даўыт хетт халқынан болған Ахимелехтен ҳәм Иоабтың әжағасы Серуяның улы Абишайдан: – Ким мениң менен бирге ордаға, Шаулдың жанына барады? – деп сорады. Абишай: – Сениң менен мен бараман, – деп жуўап берди.
7 Даўыт пенен Абишай сол күни кеште ордаға кирди. Шаул найзасын бас ушына жерге шаншып қойып, орданың ортасында уйықлап атырған еди. Абнер менен әскерлер де оның әтирапында уйықлап атырған еди.
8 Сонда Абишай Даўытқа: – Бүгин Қудай душпаныңды қолыңа тутып берди. Енди рухсат бер, оны найза менен бир урғанда жерге қадап қояйын. Екинши рет урыўыма ҳәжет қалмайды, – деди.
9 Бирақ Даўыт оған былай деди: – Яқ, оны өлтирме. Жаратқан Ийениң майлаған адамына қол көтерген адам жазасыз қалмайды.
10 Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: Шаулды Жаратқан Ийениң Өзи өлтиреди. Ол я өмири таўысылып өледи, я урыста өледи.
11 Бирақ Жаратқан Ийениң майлаған адамына қарсы қол көтериўден Жаратқан Ийениң Өзи сақласын! Оның бас ушындағы найзасы менен гүзесин алайық та, кетейик.
12 Солай етип, Даўыт Шаулдың бас ушындағы найзасы менен гүзесин алды да, сол жерден кетип қалды. Оларды ҳеш ким көрмеди. Болып өткен ўақыяны ҳеш ким билмеди, ҳеш ким оянбады да. Олардың ҳәммеси қатты уйықлап атырған еди. Өйткени Жаратқан Ийе оларға терең уйқы берген еди.
13 Даўыт арғы тәрепке өтип, узағырақтағы бир төбешикке шығып турды. Олардың арасы әдеўир қашық еди.
14 Даўыт әскерлерге ҳәм Нер улы Абнерге: – Ҳәй Абнер, маған жуўап бер, – деди. Абнер оған: – Бақырып, патшаның тынышын алатуғындай сен кимсең? – деди.
15 Даўыт оған былай деп жуўап берди: – Сен еркек емессең бе? Израилда саған тең келетуғыны бар ма? Солай екен, неге патшаңды қорғамадың? Себеби биреў оны өлтириў ушын ордаға кирди.
16 Сен өз хызметиңди жақсы орынламадың. Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: ҳәммеңиз өлимге ылайықлысыз. Өйткени тақсырыңызды, Жаратқан Ийениң майлаған адамын қорғамадыңыз. Қарап көр, патшаның бас ушындағы найзасы менен гүзеси қаяқта?
17 Даўыттың даўысын таныған Шаул: – Даўыт, улым, бул сениң даўысың ба? – деп сорады. Даўыт оған былай деп жуўап берди: – Аўа, тақсыр, мениң даўысым.
18 Тақсыр, қулыңызды неге қуўдалай бересиз? Мен не қылдым? Жазығым не?
19 Тақсыр! Қулыңыздың сөзине қулақ салсаңыз. Егер сизди маған қарсы қайраған Жаратқан Ийе болса, онда бир қурбанлық берип, Оны тынышландырың. Егер бул исти адамлар ислеген болса, олар Жаратқан Ийениң ғарғысына ушырасын. Өйткени олар: «Кет, басқа қудайларға хызмет ет», – деп, Жаратқан Ийениң жеринен, мениң үлесиме тийген жерден мени қуўып жиберди.
20 Қаным Жаратқан Ийеден узақ жерлерде төгилмесин. Израил патшасы таўларда кеклик аўлаған аңшы сыяқлы, бир бүргени аўлаўға шығыпты.
21 Сонда Шаул: – Гүна иследим. Даўыт, улым, изиңе қайт. Бүгин мениң жанымды қәдирли көргениң ушын, буннан былай, саған ҳеш бир жаманлық ислемеймен. Мен ақылсызлық пенен ис тутып, жүдә үлкен қәтеге жол қойдым, – деди.
22 Даўыт оған былай деди: – Мине, патшаның найзасы. Адамларыңыздан бири келип, оны алсын.
23 Жаратқан Ийе ҳәр бир адамның әдиллигине ҳәм садықлығына қарай сый береди. Бүгин Жаратқан Ийе сизди қолыма тутып берсе де, мен Жаратқан Ийениң майлаған адамына қол көтергим келмеди.
24 Бүгин сизиң өмириңиз маған қәдирли болғанындай, Жаратқан Ийе де мениң өмиримди қәдирли көрсин ҳәм мени ҳәр қандай бәледен қутқарсын.
25 Шаул Даўытқа: – Даўыт, улым, сени Жаратқан Ийе жарылқасын! Сен сөзсиз уллы ислер ислейсең ҳәм жеңиске ерисесең, – деди. Буннан кейин, Даўыт өз жолына түсти, ал Шаул болса, үйине қайтты.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.